МЕРЕКЕСИ КӨП ЕЛДИҢ, БЕРЕКЕСИ БОЛМАЙДЫ!

RA-img

Ким менен сорасып қалсаң да «Шақырықтан киятырман, той-мереке көбейип баса-бас болып тур» дейди, аўыр гүрсинип. Дурыс, той – Қудайдың ғәзийнеси. Бирақ қандай той ҳақыйқый есапланады?


Әўлийе уламалардан сорағанда; "Ең жақсы жол Ата-бабаң жүрген жол ҳәм солардың салт-дәстүри менен жүриў" деген. Енди таллап көрейик, ата-бабаларымыз, жай той, қырық жыллық той, елиў жыллық той, жетпис жыллық той, оқыўға кирген той, ел қәде той,  папки той бергенбе? Яқ, бабаларымыз үйленген той менен қыз узатыў тойын ғана кең түрде белгилеп тойлаған. Мине ҳақыйқый тойлар усы ғана.

«Той көп болғаны жақсы, не деп отырсаң?» дегенлерде ушырасады. Бирақ, бул ысырапкершилик пенен бирге бәсеке ямаса мақтаншақлық емес пе екен... Бизиң бабаларымыз да өз күши билими менен  Бухара, Хийўа қалаларындағы медреселерге оқыўға түскен. Ол ўақытлары әжелеримиз балларымыз оқыўға кирди деп жети шелпек таратып, Аллаға шүкир етип балам аман-есен оқыўды питкерип келсин, елине ҳадал хызмет етсин деп тилек тилеп отырған. Қатты қуўанғанлары өз жақын туўысқанлары менен бир ешкини шалып жеп өзли-өзи әңгимелесип тарқасқан.

Ел күнде той-мерекеден қолы тиймей соны уўайымлап жүре берсе, елди ойлайтуғын ерлерди ким тәрбиялайды.

"Көп қыдырған гезбе болады,

Көп сөйлеген езбе болады"

дейди және дана халқымыз. Биз көп қыдырып гезбе болып мерекелерде өсек айтатуғын езбе болып баратырған жоқпыз ба?  Биз өсек айтып отырсақ, бизди тыңлап отырған балалардан дана шығарма екен...

"Жаман адам тыррыйса елге сыймас,

Aлабуға тыррыйса көлге сыймас"

дегендей бала оқыўға кирди, өзим медаль алдым деп көрингенди шақырып той берип атырғанымыз мақтаншақлық емеспе екен? Балаң оқыўға кирсе өзиниң пайдасы, өзиниң күн көриси емес пе, оның елге не пайдасы бар? Өзиң атақ алған болсаң, соған ылайық кишипейил бол. Жақсы болсаң халықтың өзи жыйып-терип той бермей ме?!

"Суў сағасыз болмас,

Ел ағасыз болмас"

дегендей, «– Ҳәй тоқтаңлар, қаяқтағыны шығарып жүрсизлер бул бетиңизден қайтыңлар» деп ақыл айтатуғын ел ағаларының көбиси сол тойларды өзлери тойлап жүр. Оның ертеңги жуўабы қалай болар екен деген ой ақылына келмес сирә!

Биз мазза деп той-мерекеден қарын тойдырып, ысырапкершилик пенен бирге шайтан суўдың жетегинде жүрмиз. Биз усылай тойлап жүргенде қамшының сабындай болған аз өмиримиздиң өтип кеткенин де билмей қаламыз. Ойланатуғын ўақтымыз келди, заманласлар.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар