Гельминтлер адамнын ең қәўипли душпаны болып, ҳәзирги күнде 200 ден артық түрлери ушырасады.
Гельминтлердиң көпшилик түрлери адамның асқазан-ишек жолларында паразитлик етеди. Асқазан-ишек жолында паразитлик етиўши қуртлардың узынлығы түрине қарап 6 мм.ден 4-6 метр, ҳәттеки оннан да узын болыўы мүмкин.
Қуртлардың айырым түрлери адамның баўырында, өт қалта, өкпе, мий ямаса булшық ет тоқымаларында паразитлик етип жасайды, олар жыллар даўамында үлкейип, буўын ҳәм тоқымалардың искерлигиниң бузылыўына алып келеди.
Гельминтлер организм ушын зәрүр болған витамин, белок, углевод ҳәм кальций, йод сыяқлы басқа керекли элементлерди өзлестирип алады. Соның ушын да қурт пенен кеселленген адам ҳәлсиз, реңсиз болып, организмниң өсиўи ҳәм раўажланыўы ушын зәрүр азықлық затлар ҳәм элементлердиң жетиспеўшилиги нәтийжесинде балалар физикалық өсиўден арқада қалады, сана-сезими пәсейеди. Билимлерин өзлестириў, еслеп қалыўы қыйынласады. Организмниң гүресиўшеңлиги (иммунитети) пәсейип, ҳәр түрли жуқпалы кеселликлерге бейимлилиги асады. Сүйеклер мортласып, омыртқа бағанасы қыйсайыў киби жағдайларға, сондай-ақ, териде ақ дақлар пайда болыўына алып келиўи мүмкин.
Гельминтлер тири организм есапланады. Олар өмири даўамында ажырататуғын шығындылары ҳәм олардың өлиўи нәтийжесинде пайда болатуғын қалдық өнимлер қанға сорылып, бир тәрептен адам организмин зәҳәрлесе, екинши тәрептен аллергиялық тәсир көрсетеди.
Гельминтлер түрине қарап инсан организминде бирнеше ҳәптеден 40 жылға шекем, базыда оннан да узақ жасаўы мүмкин.
Егер бала:
– аўқатланыўдан тысқары, азып кетсе;
– реңлери ағарып, иләнәзик болып қалса;
– ашыўшақ болса, өжетленсе;
– уйқылағанда тислерин қышырлатса ҳәм аўызынан көп сүлек ақса;
– қарны аўырса, кеўили айныса, тез де шыпакерге мүрәжат етиў зәрүр.
Кеселликтен қутылыў ушын, әлбетте қайсы қурт кеселлигин жуқтырғанлығын анықлаў ҳәм емлеўди туўры алып барыў жүдә зәрүр. Бир адамда бир ўақыттың өзинде бирнеше қурт болыўы мүмкин.
Гельминтлер қандай жоллар менен жуғады?
Қурт кеселлиги саў адамға, қурт кеселлиги менен зыянланған наўқаслардан жуғады. Наўқастың дәрети менен қуртлар сыртқы орталыққа ажыралады. Қуртлардың көпшилик бөлими асқазан-ишек жолы арқалы, «патас қоллар» менен аўқатланғанда, қайнатылмаған суўды ишкенде, мийўе ҳәм палыз өнимлерин жуўмай жеў ақыбетинде жуғады. Кеселликти жуқтырыўда шыбынлар үлкен рол ойнайды.
Айырым қурт кеселликлери, кеселликке шатылған шарўа малларының гөшин ямаса баўырын жеў ақыбетинде өтиўи мүмкин. Ийт ямаса пышық сыяқлы үй ҳайўанлары кеселликти тарқатыўшы дерек есапланады.
Қурт кеселлигинен сақланыў ушын:
– Ҳәжеттен соң, аўқатланыўдан алдын ҳәм жумыслардан кейин қолларды сабынлап жуўың.
– Мийўе ҳәм палыз өнимлерин жақсылап жуўып жең.
– Тек ғана қайнатылған суўды ишиўге әдетлениң.
– Балаларды бир-бирлериниң ишки кийимлеринен пайдаланбаўына үйретиң. Оларда қолды, ойыншықларын ҳәм басқа предметлерди аўызға салыў, тырнақларын тислеў сыяқлы жаман әдетлерди ислеўине жол қоймаң.
– Тырнақларды ҳәрдайым алып жүриң.
– Балалар түбеги, есик ҳәм қол жуўыў услағышларын ҳәм қоллар менен тез-тез усланатуғын орынларды күнине 5-6 мәртебе жуўып турың.
– Гөш, баўыр ҳәм басқа ишки ағзаларды сатып алып атырғанда олардың сапасына итибар бериң.
– Қам қыйманы (фаршты) ҳәм басқа гөшли өнимлерди қам, писпеген ҳалда татып көрмең.
– Шыбынлардың көбейиўине жол қоймаң.
– Шыбынлардың қоныўының алдын алыў ушын, үстине сийле менен жаўып қойың. Бир дана шыбын денеси ҳәм қанаты мыңлаған қурт ҳәм оның мәйеклери ҳәм басқа кеселлик қозғатыўшы микробларды тасыйды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…