Дүнья халқы қабыл етип атырған суў «таза» ма?

Отебаев Атабек, Хожели районы СЭТҳЖСБ, эпидемиолог врач
RA-img

  


• Дүнья көлеминде кеминде 2 миллиард адам патасланған ишимлик суўы дәрегинен пайдаланады.

• Патасланған суў арқалы диарея, оба, дизентерия, тиф ҳәм полиомиелит сыяқлы кеселликлерди жуқтырыў мүмкин. Есап-китапларға қарағанда, патасланған ишимлик суўын қабыллаў нәтийжесинде ҳәр жылы диарея менен байланыслы 485 000 нан артық өлим жағдайлары жүзеге келеди.

• 785 миллион адам ҳәтте әпиўайы ишимлик суўы хызметлери менен де тәмийинленбеген. Булардан 144 миллион адам жер үсти суў дәреклерине ийе емес.

• Дүнья халқының 90 пайызы кеминде тийкарғы хызметлерден пайдаланған. Тийкарғы хызмет дегенде жақсыланбаған ишимлик суўы дәрегиниң бар екенлиги түсиниледи, оннан суў алыў ушын 30 минуттан көплеў ўақыт кетеди.

• Раўажланыўы төмен мәмлекетлерде медицина мәкемелериниң 22 пайызында суў тәмийнаты, 21 пайызында санитария ҳәм 22 пайызында шығындыларды қайта ислеў хызметлери жоқ.

Ишимлик, коммунал пайдаланыў, аспазлық ямаса дем алыў ушын ислетилетуғын қәўипсиз ҳәм пайдаланыў мүмкин болған суў инсан саламатлығының әҳмийетли факторы болып табылады. Суў тәмийнаты ҳәм канализацияны жақсылаў ҳәм суўдан және де нәтийжели пайдаланыў кеселлениўшиликтиң алдын алады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар