Бир адам көшеде кетип баратырса бир тиленши келип пул сорапты.
– Пулым жоқ еди, - десе, жаңағы тиленши:
– Жумыс ислеў керек-тә, иним, – деген екен.
* * *
Қарақалпақ тилине орыс тилин араластырып сөйлейтуғынларды вообще унатпайман. Короче, қарақалпақ тилинде чистый сөйлеўимиз керек.
* * *
Аўыр наўқас:
– Доктор, және қанша жасайман? – деп сорапты.
Доктор:
– Қәўетерленбең. Еле узақ жыллар жасайсыз жақынларыңыздың ядында…
* * *
Ер адамның пулы асып-тасып кетпеўи ушын да бир ҳаял бәрқулла оның қасында болыўы керек.
* * *
– Қоңсы, балаңыздың тәрбиясы менен жақсылап шуғыллансаңыз болмай ма? Биймәҳәлде түнги барларда, кафелерде қаңғырып жүреди екен?!
– Оны сизге ким айтты?
– Әне, қызым айтты, ҳәр күни сол жерлерде көрер екен!
* * *
Наўқас жатқан палатаға кирген врач, оған қарап:
– Сиз өлим төсегинде жатырсыз, – десе, наўқас орнынан секирип турып:
– Онда дәрриў төсегимди алмастырыңлар, – деген екен.
* * *
Екинши класс оқыўшысы достына:
– Усы муғаллимге исенгим келмейди-дә. Кеше 5+5=10 деп атырған еди, бүгин болса 7+3=10 деп атыр…
* * *
Милицияға бир ер адам қоңыраў етип атыр:
– Алло, милиция, ҳаялым жойтылып қалды!
– Тынышланың, қай жерге кеткен еди ҳаялыңыз?
– Дүканға шығып кеткен еди…
– Ҳаялыңыздың белгилери: Бойы? Шаш реңи?
– Билмеймен, бойын өлшеп көрмеген едим. Шашының реңин ҳәр ҳәпте алмастырып турады. Ақырғысы ядымда жоқ!
– Көзиниң реңи не?
– Ҳеш итибар бермегенмен.
– Қандай кийимде еди?
– Билмеймен…
– Машинада кетиппеди?
– Аўа, аўа. Машинада!!! Жентра. Реңи ақ, 2021-жыл, автомат коробка, орынлықлар кожадан, галоген шырақлы, қысқы шиналар орнатылған, салонға монитор да орнатып қойған едим, – деп жылап жиберипти.
– Яқшы, қәўетерленбең, таўып беремиз машинаңызды…
* * *
Болажақ ҳаялы менен ушырасыўға шыққан жигитке әжапасы ақыл үйретип атыр:
– Сен қызға әлбетте 3 сораў бериўиң керек. Биринши сораў асханаға байланыслы болыўы шәрт. Екиншиси шаңарақ, үшиншиси болса философиялық болсын, түсиндиң бе, иним, бос келме!
Күйеў ушырасыўға барғанында әжапасының айтқанларына әмел етип сорады:
– Кеширесиз, сиз макаронды жақсы көресиз бе?
– Яқ.
– Иниңиз-ше, ол макаронды жақсы көре ме?
– Мениң иним жоқ.
– Не деп ойлайсыз, егер де иниңиз болғанда макаронды жақсы көрген болармеди?! – деген екен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…