Саламатлық сабақлары

Исмаилова Мохинур, Хожели районы СЭТҳЖСБ, санитария врачы
RA-img

  


Ширели газли суўлар ҳаққында

Ширели газли суўлар қурамы: жасалма бояўлар, ароматик эссенциялар, консервантлар, кислоталар, карбонат ангидрид ҳәс суўдан ибарат.

Бир тәрептен бул суйықлық, ўақытша шөллеўди қандырып ғана қалмай, ал өз қурамындағы химиялық бирикпелерди зыянсызландырыў ушын және таза суўды талап етеди. Бул жағдай силекей қабатта газ көбиклери тәсиринде күшейеди, бул болса жаңа шөллеўди келтирип шығарады. Бул жағдай тәкирарлана береди ҳәм сизиң шөлиңиз басылмайды, оны қайта-қайта қәлей бересиз, басқа сөз бенен сиз организмди алдай бересиз.

Газленген ишимликлер қурамындағы кислота, көбинесе алма, лимон ҳәм ортофосфор кислотасы болып, бул элементлер кальцийди сүйек тоқымасынан жуўады. Углерод диоксиди (СО2) асқазан ширесиниң кислоталылығын асырады ҳәм метеоризмди күшейтеди.

Бир стакан газленген ишимликте орташа төрт ас қасық шекер бар.

Ширели газли суўларды көп ишиў төмендеги:

— Қантлы диабет — Гипертония — Атеросклероз

— Бас мий атрофиясы ҳәм басқа кеселликлерге себеп болады.

 

Организмниң суўсызланыўы не себептен келип шығады?

Суўсызланыў – бул организмдеги суў муғдарының нормадан азайыўы нәтийжесинде жүзеге келетуғын, зат алмасыўының бузылыўы менен бирге өтетуғын кеселлик жағдайы.

Қандай себеплерге қарап суўсызланыў келип шығады?

– Күшли аўқаттан зәҳәрлениў.

– Жоқары температура ҳәм қурғақ микроклимат. – Ҳәмиледарлық ҳәм емизиў дәўири. – Ашлық ҳәм надурыс аўқатланыў. – Ыссы урыўы. – Асқазан-ишек ҳәм бүйрек кеселликлери. Емлеўде қыстаўлы түрде суў балансын тиклеў керек. Терапевт ҳәм гастроэнтеролог шыпакерге көриниў тийис.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар