Иммунитеттиң ҳәлсиз ямаса күшли екенлигин қалай тексериўге болады? (Тест)

RA-img

  


Өзиңиздиң иммунитетиңиздиң қандай дәрежеде екенин билиў ушын сизге иммунолог қәнигениң көмегине жүгиниў керек пе? Усыны билиў ушын сизлерге иммунитетти тексеретуғын тест усынамыз. Барлық сораўларға «аўа» ямаса «яқ» деп жуўап берип, соңында қанша балл жыйнағаныңызды санаў керек.

 

1. Турақлы спорт пенен шуғылланасыз ба?

2. Суўық гезде тез тоңып, аяқ-қолыңыз удайы салқын болып жүре ме?

3. Стресс пенен гүресип, гез келген нәрсеге ренжий бересиз бе?

4. Жылына 4 рет аязлап аўырасыз ба?

5. Гез келген аўырыўда дәри-дәрмақ пайдаланасыз ба?

6. Күнделикли рационыңызға мийўе ҳәм овощ кире ме? Ал бәҳәрде ҳәм қыста витаминлер қабыллайсыз ба?

7. Сизиң досларыңыз көп ҳәм адамлар менен жақсы араласасыз ба?

8. Сиз шаңарағыңыздың өмирине қанаатланасыз ба?

9. Таза ҳаўада турақлы түрде сейил етесиз бе?

10. Сиз темеки шегесиз бе?

11. Гейде кейпиятқа қарап жақсы шарап ишесиз бе?

12. Сиз қалада жасайсыз ба?

13. Дене көринисиңизди қадағалайсыз ба?

14. Жәмийетлик транспорттан тез-тез пайдаланасыз ба?

15. Жумыс ислейтуғын коллективиңиз үлкен бе?

16. Бир күнде 1,5 литр суў ишесиз бе?

17. Ыссыханада көп ўақыт тура аласыз ба?

18. Аўыр ҳәм нервке салмақ түсиретуғын жумыс ислейсиз бе? Үй жумыслары сизиң мойныңызда ма?

19. Монша менен саунаға тез-тез барып турасыз ба?

 

1, 3, 6, 7, 8, 9, 11, 13, 16-сораўларға «аўа» деп жуўап берсеңиз, ҳәр бирин 1 баллдан есаплаң.

2, 4, 5, 10, 12, 14, 15, 17, 18, 19-сораўларға «яқ» деп жуўап берген болсаңыз, ҳәр бирин 1 баллдан есаплаң.

 

Жыйналған балл саны

1-6. Сизиң иммунитетиңиз жүдә ҳәлсиз. Жийи шаршаў ҳәм бийпарықлық сезиледи. Организмиңиздиң қорғаныўын қәлпине келтириў ушын сизге иммунолог-шыпакердиң кеңеси керек.

7-12. Сизиң иммун системаңызда кемшиликлер бар. Сизге турмыс тәризиңиз бенен диетаңызды өзгертиў лазым. Таза ҳаўада көбирек сейил етип, витаминлерге бай тағамларды жеп, таңда душ қабыллаў тийис. Бул дүзетиўлер иммун системаңызды күшейтеди.

13-18. Сизиң иммунитетиңиз жүдә жақсы. Сиз сийрек аўырасыз, аўырып қалсаңыз да, асқыныўларсыз жеңил өтип кетеди. Сизиң күшиңиз көп ҳәм энергияға байсыз. Сиз өз денсаўлығыңызға жақсы итибар қаратасыз. Усылай жалғастыра бериң.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар