Пайдалы сораў-жуўаплар

Айнура Жийемуратова, Арал бойы медицина ҳәм транспорт техникумы, медицина пәнлери кафедрасы оқытыўшысы
RA-img

  


«ЖАТЫР ИШИ СПИРАЛЫН» АЛЫП ТАСЛАЎ ШӘРТ ПЕ?

– Елиў жасымда «ай көриўден» биротала қалдым. Өткен әсирдиң тоқсаныншы жыллары ҳәмиледарлықтан сақланыў ушын жатыр иши спиралын қойдырған едим. Жақында оны алдыртып таслаў ушын шыпакерге барып жолықтым. Шыпакер «Спираль сизиң денеңизге сондай дәрежеде енисип кеткен, оны алып таслаў ушын киши хирургиялық операция ислениўи тийис» демекте. Усы дегеним, жатыр иши спиралын алып таслаў шәрт пе сирә?

Бийбиқатша Асанова

— Бундай машқала көплеген ҳаяллардың басында бар екенлигине исенимим кәмил. Бунда ең әҳмийетлиси, егер жатыр иши спиралының қойылыўы нәтийжесинде түрли ажыралмалар, суйықлықлардың келиўи, сондай-ақ белиңдеги ҳәм қуўықтағы аўырыўлар тынышыңызды алмай атырған болса, спиральды алдыртыўыңыз шәрт емес. Бундай жат элемент қанша узақта турған сайын организмниң оны өз қурам бөлегиндей қабыл етиўи де бар. Спиральдың денеңизде бар екенлигин умытың.

Егер бундай машқала бойынша тәшўишленип жүрген ҳаяллар бар болса, оларға бир мәрте УЗИ-ден өтиўи мәсләҳәт етиледи. Ондағы тексериў арқалы жатыр иши спиралының қалай жайласқаны ҳәм оның өзгерген жағдайы анықланады. Егер жатыр мойыны ашық болса, оны әсте ғана илмек жәрдеминде ҳешқандай машқаласыз алып таслаўға болады.

 

ЖАТЫРДЫ АЛДЫРАЙЫН БА?

– Жақында керекли тексериўлерден өтип атырғанымда, шыпакер маған жатырымның улғайғанын ҳәм оны алып таслаў кереклигин айтты. Мен оның сөзлерине қатты ҳайран қалдым. Неге жатыр улғайыўы мүмкин? Оны алып таслаў соншелли шәрт пе?

Улбосын ОМАРОВА

— Жатырдың улғайыў себеплери ҳәр қыйлы. Айтайық, ҳаялдың артықмаш салмақлы (семиз), көп перзентли болыўы, тәкирарый аборт ислетиў, исиниў процесслери кешип атырғанда жатырына ҳәмиледарлықтан сақланыў ушын спираль орнатыўлар усындай нәтийжени бериўи мүмкин. Бундай жағдайларды бастан өткерген ҳаялларға жатыр денеси ҳәм түйинсымақ (узловой) миома өзлеринен хабар бериўи мүмкин. Пайда болған миоманың есабынан жатырдың улғайыўы байқалады. Сол себепли, сиз жатырдың не ушын улғайып кеткенлигине анықлық киргизип алыўыңыз керек.

Перзент көрген ҳаяллар жатырды алдыртып таслаў арқалы бундай миомадан қутылғанды мақул көреди. Неге десеңиз, перзентлери бар, демек жатыр өз ўазыйпасын өтеди, деп есаплай берсе де болады. Лекин, бул жатыр бизге аналық бахтын саўға етиўден тысқары, организмниң бирқанша гормонлар менен бирге ислесиўин де тәмийинлеп турады. Соның менен бирге, мәйекликлердиң өз ислерин нәўбетпе-нәўбет атқарыўын да басқарады. Түйинли миома өзиниң наўқасын ҳешқандай белги бермей бойсындыра баслайды. Тек жасырын миоманың сырын менструация дәўири паш етип таслайды. Өйткени, етек келгенде наўқастан көп қан кете баслайды. Бундай аўҳалдың анемияға қарай жетеклеўи турған гәп. Сол себепли, тезлик пенен миоманың түрин анықлап, илажы барынша оны тезирек даўалаўға асығың. Жатырдың саўсаламат ис жүритиўи ҳаял ушын ҳәрқандай жаста да әҳмийетли.

ЯДТА ТУТың: Үлкенлиги 12 ҳәпте әтирапында болған миомалар операциясыз жол менен даўаланады. Сондай-ақ, картошка, асқабақ ҳәм ҳәрқыйлы палыз шербетлериниң аш қарынға ишилиўи де миоманың сорылып кетиўине жәрдем береди.

 

АЛДЫН ЭРОЗИЯ, КЕЙИН ПОЛИП…

– Жасым 28 де. Бир перзентим бар. Сол баламды туўғанымнан соң мени түрли гинекологиялық кеселликлер тынышсызландыра баслады. Гинекологқа ушырассам, жатырымның мойнында эрозия бар екенлигин айтты. Емлендим. Арадан 7 ай өтип, және тынышсызлықлар қайталанды ҳәм мен және гинекологқа ушырастым. Ол эрозия орнында жатыр мойны полипи пайда болғанын айтты. Айтыңшы, полип не себептен пайда болған? Ол қәўипли ме? Қалай емлениўди мәсләҳәт бересиз?

Гүлайым Қайпанова

— Полип — өспелердиң қәўипсиз түри есапланады. Бирақ, ўақтында емленбесе, үлкейип, жайылып, тарқалып, ракке айланыўы мүмкин. Тийкарында, полиптиң пайда болыўына ҳәр түрли факторлар себепши. Сизде, ақырына жеткизилмеген даўа нәтийжесинде жара (яғный, эрозия) полипке айланған.

Онкогинекологқа көриниң ҳәм буйырылған анализлерди тапсырың. Егер полиптиң көлеми киши болса, оны дәри-дәрмақ пенен емлеў мүмкин. Егер де ол үлкейген болса, хирургиялық жол арқалы алып таслаўға туўры келеди.

Полипти операция жолы менен алдыртыў қорқынышлы ҳәм қәўипли емес. Буннан қәўетерленбесеңиз де болады. Бирақ, егер және перзент көриў нийетиңиз болса, кейинги баланы кесар кесиў жолы менен дүньяға келтириўге туўры келеди. Неге десеңиз, полип алынған орында тыртық пайда болады. Бул тыртық тәбийий туўыў ўақтында жатыр мойнының ашылмаўына себепши болыўы мүмкин. Сонлықтан, кесар кесиў әмелияты өткизиледи.

Егер кейинги баланы жақын арада туўыў нийетиңиз болмаса, онда күтилген ўақытқа шекем тыртық пүткиллей питип кетиўи ҳәм сиз тәбийий жол менен туўыўыңыз мүмкин.

Улыўма айтқанда, ҳәзирги аўҳалыңызда полиптың көлемин билиў жүдә әҳмийетли. Соған қарап даўа емлери қолланылады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар