Қызғаныштан қутылыў жоллары

RA-img

  


Дүньяның материаллық байлығына қызығып, унамсыз қәсийетлерди бойына сиңдирмеўи ушын, адам баласы руўхый байыўды мақсет тутыўы керек. Адам болыў жүдә қыйын, надан болыў – ҳәп заматта. Адамның унамсыз қәсийетлери – минез-қулықтың бир сыпаты.

«Ақ» қызғаныш, «қара» қызғаныш деп айтысады, бирақ тереңине үңилсек, бул екеўинде де бир қызғаныш. Қызғанышы менен иши тарлығы бойларын кернеген адамлар тек ғана аяныш сезимлерди пайда етеди. Өйткени, ондай адамлар – жүдә ҳәлсиз, ерк-жигери төмен, сәтсизликти көтере алмайтуғын аянышлы адамлар. Тула бойын қызғаныш пенен көре алмаўшылық жаўлаған адам баласы өзи жақсы өмир сүре алмайды ҳәм басқаға да өмир сүриўге кесент етеди.

Қызғаныш пенен көре алмаўшылық деген қәсийетлер денени жаўлап алатуғын қуртлар, надан ҳәм жаўыз адамлардың жүреклерине уя салады.

Қызғаныш – бул аўырыў. Медицинада айтылғанындай, қызғаныш отына өртенгенлердиң ишки секрециясы қәлипсизленип, жүрек-қан тамыр системасы бузылып, нерв системасы зақымланады.

Қызғаншақлық – сыртқа шықпай қоймайтуғын ишки нәрсе. Қызғаншақлық пенен иши тарлықтың үш белгиси бар:

• Ҳәзир қасында емес адам туўралы ызалы сөзлер айтып, жағымсыз ойларын билдиреди;

• Ол сол адамды көргенде жағымпазланып, еки жүзлиленип, жөгисирейди;

• Ол адамның бахытсызлығына қуўанады.

Бундай қәсийетлер – сайыз ақылдың белгилери. Өзин ҳәрқашан басқа менен салыстыра беретуғын, басқа биреўдиң жетискенлигин өзиниң қулаўы деп есаплайтуғын адам – унамсыз қәсийет ийеси. Биреўдиң жетискенликлери менен әўмети оның бойында қорқыныш пайда етеди, адам санасының ең төменги ноқатларына тәсир етип, соған қарай рефлексли қорғаныў күшлери пайда болады, соны жеңиў ушын ҳәр түрли усыллар қолланылады. Басқаларға жоқары талап қойыўдың артында психиологиялық зыян шегиўи, кәсиби ҳәм жеке өзине ҳүрметиниң төменлиги, ишки дүньясының бослығы жатады. Адамның жанын жегидей жеген қызғаныш адамға азап шектиреди, ҳәр түрли аўырыўлардың пайда болыўына шараят жаратады.

«Усы жағымсыз қәсийетлер неден пайда болады?» деген сораў пайда болады. Бул балалық шақтан ата-анасының ямаса басқа ересеклердиң баланы баҳалаўы менен салыстырыўы нәтийжесинде шығады. Мысалы, «Сен Марат, Айгүл, Азаматлар сыяқлы болсаң…», «Әне, көр журттың баласын…», т.б. салыстырыўлар менен сын-ескертиўлерди еситип өскен балада қызғаныш сезими пайда болады, яғный қайсы жерде баҳалаў, салыстырыў, талаплар болса, сол жерде қызғаныш пайда болады.

Қызғаншақ адамлар – жағымсыз энергияның ийелери. Жан-жақларына агрессияның ушқынларын атып, жаманлық ойлап, қызғаныш пайда еткен объектлердиң жағымлы жақларына қарағанда унамсыз жақларын тезирек байқап, оларды «дизе бүктири» мақсетинде ҳәр түрли агрессияның түрлерин қолланады.

Усындай адамның жеке басына, қоршаған орталығына кери тәсирин тийгизетуғын жағымсыз қәсийетлерден қутылыўдың жоллары: сары уўайымға салынбай, өзиңниң сүйикли исиң менен айланысыў (шахмат ойнаў, суўда жүзиў, тәбиятқа шығыў, спорт пенен шуғылланыў ҳ.т.б.); қоршаған орталыққа, тәбиятқа сүйиспеншилик пенен қараў; жан дүньяңды, ойыңды руўхый байытатуғын көркем шығармалар оқыў; адамлардың позитивли жақларын байқаўға ҳәрекет етиў, ҳәрбир күнге шүкиршилик етип, ҳәммесине кеўли толып, алғыс айта билгени жақсы.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар