Терапевттиң есигиндеги жазыў:
30-декабрьден 2-январьға шекем қабыллаў болмайды! Барлық кеселликлердиң белгилери ҳәм оларды емлеў усыллары интернетте бар.
* * *
– Мениң кеселиме дәри табылмаса керек, – деп налынды наўқас.
– Қорықпаң, дәрилеримиз сол дәрежеде көп, олардың базыларына еле кеселлик табылмай атыр, – деп жуўап берди шыпакер.
* * *
– Доктор, тәўир болып кетиўиме үмит бар ма?
– Үмит? Бар… Имкан жоқ.
* * *
Баласы анасынан сорап атыр:
– Апа, склероз қандай кеселлик?
– Нени сорадың?
– Қашан?
* * *
– Доктор, енди маған не болады? Операция, Ампутация?
– Ҳәзир бәрин айтсам, кейин сизге қызығы қалмайды.
* * *
Шыпакер наўқасқа:
– Сизге диагноз қойыўға қыйналып атырман. Бул арақтың ақыбети болса керек.
– Яқшы. Онда пьяншылығыңыз тарқағанда келермен.
* * *
– Тәғдирден қашып қутыла алмайсаң. Қудай берди, Қудай алды…
– Кеширерсиз аға, сиз анық реаниматологсыз ба?
* * *
«Егер алақаныңыз ямаса бармақларыңыз қышыса, бул – пул келетуғынлығын емес, ал грибоктың келип болғанын билдиреди.
* * *
Қыз бенен жигиттиң сәўбетинен:
– Сен қай жерге тапсырдың?
– Медициналық институтқа.
– Жүда жақсы! Ал мен ветеринарлыққа! Оқып болып, бир-биримизди емлеймиз.
* * *
– Доктор, мен ҳеш адамлар менен ашылысып сөйлесе алмайман.
– Толығырақ етип айтып бериң.
– Яқ.
* * *
Наўқасты көзден кеширип, шыпакер оның ҳаялына айтыпты:
– Есте тутың, сизиң күйеўиңизге дәрилерден басқа және улыўма тынышлық керек.
– Мен соны оған күни-түни қақсап айтып атырман ғой.
* * *
Стоматолог: – Абат, қорықпа. Барлық нәрсениң биринши мәртеси болады! Наўқас:
– Ҳаў, мен Абат емеспен ғой!
– Билемен. Абат – бул мен...
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…