1. Тәкирарлаў арқалы көп нәрсени үйренсе болады. Үйдеги буйым, көшедеги ҳәдийселер, орынлап атырған жумысларыңыздың атын айтың, ҳәзир әке, апа ямаса қонақлар келиўи ҳаққында ескертиң. Исениң, нәтийже тез де көрине баслайды.
2. Баланың атын тәкирарлаў. Шексиз рәўиште «ду-ду-ду-ду» деп айтыў зеригерли болып сезилип атыр ма? Биргеликте айтып көриң. Жаңа «до-до-до» қосығын айтыўға ҳәрекет етип көриң. Тәкирарлап атыр ма? Усы тәризде даўам еттириң. Бул тек сөйлеў аппараты ушын шынығыў ғана емес, ал раўажландырыўшы ойын да.
3. Сөйлеўдиң раўажланыўы майда моторика менен үзликсиз байланыслы. Бармақ ушы ҳәм өз ҳәрекетлерин басқарыў көнликпеси мийдиң сөйлеў ушын жуўап беретуғын бөлимлери менен тиккелей байланыслы. Әлбетте, аяқ кийим баўын байлаўға еле ерте. Ойын ушын түрли – домалақ, қабырғалы, жумсақ, жабысқақ ҳәм басқа буйымларды бериң. Қаншелли ҳәрқыйлы болса, сонша жақсы.
Ҳешкимге сыр емес, көпшилик балалар қымбат баҳалы раўажландырыўшы ойыншықларды емес, ал қақпақлы, қасықлы әпиўайы банкаларды ойнаўды унатады. Жипге өткерилген түрли реңдеги түймелер бар. Таңлаў ҳуқықын баланың өзине бериң.
4. Бир жылдан кейин имлә-ишаралардан ўаз кешиўге ҳәрекет етиң. Өзиңизди созылған қол, бармақты сезбей атырғандай тутың, балаға бир нәрсени бере турып «бер» деп айтың. Вариантты барған сайын қурамаластырың – «Мама, алма бер деп айт».
5. Ҳайўанлардың даўыслары ҳәм оларға «муму», «ўәў-ўәў», «вақ-вақ» ҳәм т.б. тәриздеги уқсатыў актив қызығыўшылық оятады.
6. «Тилге кирген» ямаса жасы үлкенлеў балалар менен сөйлестириң.
7. Қосықлар айтың! Ҳәтте еситиў қәбилети ҳәм даўысыңыз болмаса да. Ҳайяр усылды қоллаң – күтилмегенде айырым сөзлерди «адастырып» айтың ҳәм бираз тәнепистен кейин баланың өзи сизди дурыслайды.
8. Аңсат ядта қалатуғын тақмақлар кеўилашар шынығыў болып қалмай, ал тәлим алыўды да өз ишине қамтыйды. Тақмақты 10 мәртелеп айтыў мүмкин ҳәм бала ҳәр сапары оны биринши мәрте еситип атырғандай тыңлайды. Ең қызық жеринде өзиңизди айырым сөзлерди умытып қойғандай тутың. Даўамын ямаса тамамланыўын баладан еситиўге ерисесиз.
9. Баланың сизге бир нәрсени айтып бериў қәлеўине бийпарық болмаң. Көзине бағып, дыққат пенен тыңлаўға ҳәрекет етиң. Ҳайран қалыў, қайта сораў, «Қалайынша?» тәризинде лал болыў мүмкин. Жүдә қызығыўшаң көринисти көрсетиң. Әне сонда баланың өзи көрген ҳәм еситкен ҳәмме нәрсени сизге айтыў қәлеўине гүўа боласыз, сезесиз.
Сейилден кейин болған ўақыяларды шаңарақ ағзаларына айтып бериў әсиресе пайдалы. Мәселен, әкесине. Қар жаўғаны, суўық, аппақ екени, қолға услаў мүмкинлиги, Азиз оны услап көргени ҳәм т.б. Әкеси түсиндим деген мәниде басын қыймылдатып турыўы керек.
10. Бир жаслы баланың ойын орталығын электрон ойыншықлар менен қоршап алмаўға ҳәрекет етиң. Себеби бала белсенди қатнасыўшы емес, ал пассив бақлаўшыға айланып қалады. Қыялы ислемейди, барлық ҳәрекетлер шекленеди (түймени басыўдан тысқары) ҳәм бала ойын процеси де, нәтийже де оған байланыслы емес екенине көнлигеди. Топ, машина, кублар, пирамидалар, матрёшкалар ойнаң, жылтырақ ашылыўларды болса кейинге қалдырың.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…