Apple компаниясының бас директоры Тим Кук ҳәм инвестор Kevin O’leary сыяқлы басшылар таң атыўы менен-ақ (оннан алдын) оянады. Соның ушын олар басқалар оянаман дегенше көп жумысларды орынлаўға үлгереди. Бул белгили адамлар ҳеш нәрсеге шалғымастан таңды ерте қарсы күтип алады. Олар дөретиўшилик, тәлим ҳәм шаңарағы ушын айрықша ўақыт бөледи. Ерте турыўға әдетленген ҳәм кешқурынға шекем жатақханада жатыўды қәлемеген бул табыслы адамларға итибар қаратың.
Аpple компаниясының бас директоры Тим Кук
Тime газетасының мағлыўматына қарағанда, исбилермен Тим Кук ҳәр күни 3:45 те оянады. Алдын спорт залына барып, шынығыўларды орынлап болғаннан кейин, жеңил ғана шайҳалқас ислегеннен кейин, электрон почтасын тексерип, соң жумысқа барады. Гүўасы болғанымыздай ол ҳәр иске үлгереди.
Инвестор Kevin O’leary
«Пүткил дүнья менен ислейтуғын инвесторлар Америка төсегинде уйқыламайды. Себеби уйқылап атырған ўақытларында, Лондон ямаса Токиода ҳәмме нәрсе өзгериўи мүмкин», деп жазады инвестор «Bussines Insider»ге берген мақаласында. O’leary саат 5:45 те оянып барлық облигация базарларын тексереди, кейин спорт пенен шуғылланады. Шайҳалқас (завтрак)тан кейин 45 минут бизнес туўралы бағдарламаларды бақлап барады. Соң ол жумысларды үйрениў ушын 1 саат ўақыт бөледи. Барлық жумысларды саат 9:30 ға шекем орынлап болады.
Дисней компаниясының бас директоры Боб Айгер
Айгер ҳәр күни 4:30 да оянады. «Ҳәзирги ўақытта мен жүдә көп ҳәрекетлениўим керек. Ерте таңнан велосипед айдайман. Ҳәптеде еки мәрте аеробика менен шуғылланып, ҳәўлиде физикалық ҳәрекетлер менен бәнт боламан. Себеби бул пикирлеў ушын жақсы процесс саналады. Мен шынығыўлар стресс (руўхый зорығыў)ти азайтады ҳәм шыдамлылықты асырады, деп ойлайман. Сондай-ақ, бул мениң жумысым ушын жүдә әҳмийетли».
Ҳақыйқатында да, бундай шынығыўлар басшылардың дөретиўшилик потенциалын раўажландырады ҳәм жаңа идеялар туўылыўына жәрдем береди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…