Кемпир апаларымыз келинлерине «Көзиңизди сегиз етиң. Жумыс ислеп атырғаныңызда бала жарақат арттырмасын. Бала күйсе, ананың ондағы ҳаққы да күйип кетеди» - дейтуғын еди. Қызық, неге бала кесел болса яки жығылса емес, ал күйсе ананың ҳақы жоғалар екен? Себеби күйген бала басқа аўырыўлардан көре көбирек азап шегеди. Үлкенлерди де тәшўишке салыўшы бул ҳәдийсе кишкене бала ушын және де қорқынышлы.
Бала барып турған шох ҳәм абайсызлығы себеп базыда жанып турған от, техника қураллары, қайнаған суў ямаса пуўдан күйип қалады. Күйиў - көп ушырайтуғын жарақат. Күйген наўқаслардың ярымын жас балалар қураўы тосыннан емес. Олардың көбиси ыссы шай ямаса аўқатты төгип жиберип, сол жағдайға түседи. Шәйнектен шай қуйыўға талпыныў да көплеген баланы зыянлап қояды.
БИРИНШИ ЖӘРДЕМ – ЯРЫМ ДАЎА
Күйгенде биринши жәрдем шешиўши әҳмийетке ийе. Биринши ҳәм екинши дәрежели күйиўлерде, дәслеп, қайнаған суўдан ығал болған кийимди шешип таслаў керек. Бунда тезлик пенен бирге абайлаў да керек. Өйткени, териниң күймеген бөлегин де зыянлап қойыўы ҳеш гәп емес. Егер кийим тар болса, қайшыда кесип таслаған мақул. Егер де кийимниң бир бөлеги териге жапысып қалған болса, алыўға ҳәрекет етпей, шыпакерге көрсетиң. Күйген жерде қандай да бир тағыншақ, мәселен, қолда жүзик болса, дәрҳал шешиў керек. Болмаса, териниң зыянланыўы күшейеди.
Ендиги шара – тери температурасын жөнлеп алыў. Буның ушын күйген жерди дәрҳал музлатыў керек. Қанша тез әмелге асырылса, сонша жақсы. Жарақат үстинен муздай суў қуйың. Муз басыў усыныс етилмейди. Муздай суў пүркеўде душтан пайдаланса да болады, тек суў басымы пәслетилиўи шәрт. Суўлы емлеў усылы 20 минут даўам еттирилсе, мақсетке муўапық. Муздай суўға батырылған сийле байлап қойыў да жақсы пайда береди. Бунда териниң ишки тоқымаларына суўықлық жетип барып, температура тиклениўи ҳәм жара тез питиўи нәзерде тутылады. Сондай-ақ, жарақат орнын асқыныўлар менен исиўден сақлайды, тыртық болып қалмайды.
АПАТТЫҢ ТӨРТ ПӘНЖЕСИ
Күйиўде тийкарынан тери, айырым жағдайларда тоқыма, булшық ети, сүйеклер зыян көреди. Күйиўдиң 4 дәрежеси бар:
Биринши дәреже – тери қызарады.
Екинши дәреже – күйген орында торсық пайда болады.
Үшинши дәреже – тери ҳәм тоқымалардың терең зыянланыўы бақланып, қызғыш-көгис түстеги үлкен жара пайда болады.
Төртинши дәреже – тери ҳәм жарақат орынларындағы нерв тоқымалары толық зыянланады, күшли аўырыў ҳәм баланың аўҳалы жүдә жаманласады.
ПРОФИЛАКТИКА
Жоқарыда атап өткенимиздей, күйиў – жүдә аўыр мүсийбет. Әсиресе, кишкене бала ушын. Және де көбирек қайғы баласының қыйналып атырғанлығын көрген анаға түседи. Сонлай екен, үлкенлер жүдә сергек болыўы, балаларды тилсиз жаўдан сақлаў иләжларын көриўи керек:
· Коммунал техника қуралларын балалардың қолы жетпейтуғын жерге қойың.
· Химиялық қурамға ийе нәрселерди жабық жерде сақлаң.
· Газ, ысытқыш, утюг сыяқлыларды жанған ҳалда таслап кетпең.
· Балалар ҳәрдайым бақлаў астында болсын, үйде жалғыз қалмасын.
· Ыссы шай демлеп, бөлмеден шығып кетпең, баланың алдында шайды суўытпаң.
· Балаға шәйнек, газ, печка сыяқлыларға жақынламаўды ескертиң.
Қәўипсизлик мәденияты бала үлкен болғанында емес, жасына толмастан, еңбеклеп баслағаннан-ақ қәлиплестириледи.
Перзентлеримиз түрли апатлардан ҳәрдайым жырақ болсын!
ЖАРАҚАТ ТЕЗ ПИТИЎИ УШЫН…
Қол яки аяқ күйген болса, бала жатқанында жарақатланған қол ямаса аяқты жоқарыға көтерип қойыў пайдалы. Бул исиўди қайтарады ҳәм жара питиўин жеделлестиреди.
Бел, қарын, көкирек, мойын яки бас күйгенинде биринши жәрдем сыпатында суўық суў қойып турылмайды, ал жарақат орнына суўық суўға ығалланған сийле қойылады. Денениң қалған бөлеги жыллы тутылады, мәселен, бала жатқызылып, үстине қалын көрпе төселеди.
Егер баланың жүзи, көкиреги, жынысый ағзалары күйген болса (дәрежесине қарамай) шыпакер қабыллаўы зәрүр болады. Егер күйген жерде қабарық исик пайда болса, бул жарақатқа инфекция түскенинен дерек береди.
Балаға шыпакер усынысы менен антибактериал ҳәм инфекцияға қарсы дәрилер берилиўи мүмкин.
ШЫПАКЕР ҚАБЫЛЛАЎЫН КЕШИКТИРМЕҢ!
Көпшилик күйген балаға дәслепки жәрдем көрсетип атырғанда май, спирт, йод яки кремлер жағып қәтеге жол қояды. Умытпаң, бул жағдайды буннан да бетер шийеленистиреди. Ең жақсысы, ҳеш нәрсе жақпастан, тек ғана бинт пенен байлап қойың.
Үшинши, төртинши дәрежедеги күйиўлер жүдә аўыр. Ата-аналар өзбасымшалық пенен жәрдем көрсетпей, дәрҳал «Тез жәрдем» шақырыўы зәрүр. Себеби бала шок ҳалатында болады. Шыпакер келгенге дейин жарақат орнына суўық суўға ығалланған таза гезлеме басып турың.
Күйген жер питип, тери тикленип атырған ўақыт сүртпе жағыў мүмкин. Буннан мақсет питиў процесин тезлестириў ҳәм инфекция түсиўи, зыянлы бактериялар көбейиўинен қорғаў болып есапланады. Дәслеп, сүртпе жуқа етип жағылады ҳәм байлап қойылады. Кейинги күнлер мазь жағып болынғаннан кейин, питип атырған жарақат ашық қалдырылады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…