Дәрилердиң организм бойлап “саяхаты”

Сапура Бабажанова, Нѳкис қалалық медициналық бирлеспеси кѳп тармақлы орайласқан поликлиникасының ЛОР шыпакери
RA-img

  


Әдетте, дәрини бизлер қабыллаймыз-аў, бирақ оның организмимиздеги буннан кейинги «тәғдири» қалай кешип атыр – бул жақларына дым қызықпаймыз. Өйткени, бизге, бәринен де бетер, нәтийже керек: аўырыўды тоқтатты ма, кеселликти шегиндирди ме, асқыныўларды сапластырды ма – тамам-ўәссалам, басқасының қызығы жоқ. Оның бизге жеңиллик бағышлағанша, организмимиздиң керекли жерине, зәрүр ўақытта жетип барыўы ушын, гәптиң шын мәнисиндеги «саяхатты» бастан кеширетуғынлығы ҳаққында ойлап көргенбисиз?

 

«Кишкене» тәўип

Дәриниң организм бойлап саяхаты узын ямаса қысқа болыўы мүмкин. Бирақ, бул – ҳәрдайым қурамалы ҳәм қарама-қарсылықларға толып жатырған жол. Ҳәр қәдемде «кишкене» тәўипти жолына қурылған дузақлар, атлап өтилиўи керек тосқынлықлар күтеди, аяқтан шалғысы келетуғын биохимиялық өзгерислер аңлып турады. Келиңлер, батыр, кишкене «саяхатшының» ҳәрбир қәдемин бирме-бир көрип шығайық.

Дәри ҳәм тири организмлердиң өзара байланысын үйренетуғын пән бар. Бул – фармакология. «Фармакология» сөзи грекше pharmakon – дәри, logos – илим сөзлеринен келип шыққан. Яғный – дәрилер ҳаққындағы илим.

Дәри – бул, емлеўши, жеңиллестириўши ямаса шыпа табыўға көмеклесиўши. Демек, жақсы сәўбет те, ағайин-туўғанлардың итибары да дәри болады екен. Лекин, фармакология тири организмге түсип, биологиялық өзгерислерди келтирип шығарыўшы нәрсени ғана дәри деп тән алады.

 

Тосқынлықлары көпдур бул жолдың

Дәри тәсир етиўи ушын қанға түсиўи керек. Бир қатар ишки тосқынлықларды жеңгеннен кейин ғана ол мақсет-муратына – дийдилеген клеткасына жетип барады. Ағзалар ҳәм системалар искерлигинде өзгерислер келтирип шығарғаннан кейин ғана ол организмди тәрк етеди.

«Дәри қандай жоллар арқалы қанға келип түседи?» деген саўалдың туўылыўы тәбийий. Тийкарынан алғанда буның еки жолы бар: бири – асқазан-ишек тракты (энтераль), екиншиси – асқазан-ишек тракты болмаған жол (парентераль).

Энтераль жолға дәри мыналар арқалы түседи: аўыз (перораль), тил асты (сублингвал) ҳәм туўры ишек (ректаль).

Парентераль жоллар: тери ҳәм силекей қабатлар, инъекция, ингаляция.

 

Аўыз арқалы

Наўқас ушын ең қолайлысы ҳәм тәбийийи – аўыз арқалы. Бирақ, бул – дәри ушын қыйын ҳәм қурамалы жол. Өйткени, бул жолдан жүрген дәри ишки ең актив тосқынлықлар – ишек ҳәм баўырға дус келеди. Нәтийжеде қурамындағы көп нәрселер өзгерислерге ушырайды. Мәнзилге жетип бараман дегенше, нәрселериниң бир бөлеги сол тосқынлықларда қалып кетеди.

 

Ийне менен

Ийне менен түскен дәри (инъекция вена ишине, булшық етлерге ҳәм тери астына жибериледи) тез жетип барады. Нәтийжеси де көп күттирип қоймайды. Бирақ, бул – көбирек мийнетти, стериль жағдайды, медицина хызметкериниң қатнасыўын талап етиўши усыл. Буның үстине, укол бираз аўыртады.

 

Ректаль

Бул жолдан, әдетте, асқазанишек тракты кеселликлеринде, педиатрия әмелиятында ямаса наўқас ақыл-ҳуўшын жойытқанда пайдаланылады. Бул усылдың абзаллығы сонда, дәриниң үштен бир бөлеги улыўма қан ағыў системасына түседи. Баўырды да басып өтпейди. Тезирек сиңеди.

 

Ингаляция

Ингаляция усылынан бронхларға тиккелей тәсир етиў ушын яки тез ҳәм күшли нәтийжеге ерисиў мақсетинде қолланылады. Өйткени, дәри өкпе арқалы тез сорылады.

 

Тамшы ҳәм басқалар

Көбинесе жергиликли тәсирге ерисиў мақсетинде дәри мурынға, көз ҳәм қулаққа тамшы, мазь, сүртпе тәризинде жибериледи.

Көрип турғаныңдай, дәрилердиң организмге түсиў жоллары түрлише екен. Бир дәрилер бар, олар түрли жоллар арқалы жибериўге мақсетленип шығарылған болады. Шыпакер наўқасқа қайсы жолы нәтийжели, тийимли екенлигине қарап, жумыс алып барады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар