Балалардан үйрениўимиз керек болған әдетлер

RA-img

  


Сондай нәрселер де бар, ата-аналар оларды балалардан үйренсе, пайдасын көреди.

 

Балалар бәрқулла ҳәрекетте.

Кишкенелер сөзлигинде «шаршадым» деген сөз жоқ. Олар ушын өмир заўықлы, өйткени кеўиллери гирбиңсиз. Олар сыяқлы тез ҳәрекетшең, белсенди болыўға умтылың.

Қарны тойғаннан кейин, аўқаттан бас тартады. Кишкене аўқатын шала жеп, орнынан турып кетсе, оны кейимең. Бундай ўақытта арқасынан тарелканы көтерип, мәжбүрлеп жедириў де пайда бермейди. Қәўетерленбең, баланың қарны аш болса, өзи сизден аўқат сорайды. Керисинше, үлкенлерде бул жағдай кемнен-кем бақланады. Аўқатланыў ўақты телевизорға шалғып, нормадан көп аўқат жеймиз. Ямаса қарнымыз тойса да көзимиз тоймайды. Бул бойынша перзентиңиз сизге үлги болса, қандай жақсы: бир айға қалмай зыят салмақтан қутылағоясыз.

Олар өзлеринен ҳәрдайым кеўли толады. Жумысларыңыз жүриспеген ўақытта ҳә дегеннен өзиңизди кейимең. Әттең менен өкиниўден не пайда? Бәрибир ўақытты артқа қайтарып болмайды. Ҳәрқандай жағдайда да өзиңиз ҳақ екениңизди ойлаң. Бәлким сонда кейпиятыңыз көтерилер?

Олардың денеси жүдә ийилиўшең. Балалар тынымсыз ҳәрекетте болғаны ушын денеси оларға аңсатлық пенен бойсынады. Соның ушын спорттың базы түрлерине киши жастағы балаларды таңлайды. Үлкейгеннен кейин, белсендилик орнын басықлық ийелейди. Нәтийжеде мойын, омыртқа тараўындағы аўырыўлар, созылмалы кеселликлер пайда болады. Олардың алдын алыў ушын ҳәр күни турникте тартыныў, қарын ушын пресс ҳәм арқанда секириў шынығыўын орынласаңыз жетерли.

Шынығыўлар себепли денедеги қан айланыўы тезлесип, ишки органларға кислород тезирек жетип барады. Нәтийжеде адам жасарып, кеселликлерден қутылады.

Балалар ерте уйқылайды. Азанда болса қуўнақ ҳәм тетик болып оянады. Еҳ, қәне биз үлкенлер де азанда қуўнақ кейпиятта орнымыздан турсақ… Ерте турыў әдетин тезирек «өзлестирсеңиз», денеңиз сизден миннетдар болады.

Тез умытады. Жумыстан шаршап келдиңиз. Келе сала кешки аўқат писире кеттиңиз. Қыялыңызға кирлерди жуўыў, балаларға аўқатын жедирип, жуўындырыў, уйқылатыў сыяқлы жумысларды орынлаў келип атыр. Сумкаңызда болса жумыста тамамлап үлгермеген қағазларыңыз күтип атыр. Сол ўақытта олар ойынға қызығып, сиз унататуғын вазаны сындырып қойды. Ашыўыңыз келип, оларды урысып бересиз. Арқасына да урып та қоясыз. Нәтийжеде олар сизден өкпелеп, жылап та алады. Бирақ бираз ўақыт өткеннен кейин олар бул ўақыяны умытады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар