СПОРТ ПЕНЕН ШУҒЫЛЛАНЫЎҒА 10 СЕБЕП

Примбетова Салтанат Жалғасбаевна, 1-санлы Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы Жәмийетлик Саламатлық техникумының жоқары категориялы тери ҳәм венерик кеселликлери пәни оқытыўшысы
RA-img

  


Спорт пенен шуғылланыў – беккем денсаўлық, шырайлы қәўмет ҳәм жақсы кейпият гиреўи. Бирақ күнделик жумысларды деп физикалық шынығыўларға ўақыт та, күш те қалмады деген гәп қулағымызға көп еситиледи. Негизи спорт бирнеше саат даўам ететуғын шынығыўды аңлатпайды. Ҳәтте күнине 10 минутлық физикалық шынығыў да қуўат ҳәм жақсы кейпият бағышлайды. Адамды спорт пенен шуғылланыўға анық бир себеплер мәжбүр етиўи мүмкин. Сол себепли оған кирисиўден алдын жақсылап ойлап көриң. Ал, адам өзин спорт пенен шуғылланыўға қандай мәжбүрлеўи мүмкин? Бул бойынша сизге төмендеги мағлыўматлар жәрдем береди деген үмиттемиз.

 

Тәбият пенен уйғынлықты сезинип…

Йога – руўхый қәтержамлыққа ерисиў гиреўи. Жазда таза ҳаўада, тәбият қушағында шуғылланыўға не жетсин?!

Тынығып уйқылаў

Жақсы физикалық жүклемеден кейин түнде уйқылап қалыў ҳәм азанда ояныў аңсат болады.

Иммунитет беккемленеди

Таза ҳаўада спорт пенен турақлы шуғылланыў ҳәм шынығыў иммунитетти беккемлейди.

Организмди тазалаймыз

Физикалық жүклемелер туўры диета менен бирге организмди керексиз нәрселерден тазалаўға көмеклеседи.

Жаңа таныслар

Бассейн ямаса фитнес орайларына жазылыў жаңа таныслар арттырыўға түртки болады.

Жүрек кеселликлери қәўпи кемейеди

Велоспорт ҳәм кардио-жүклемелер жүректи беккемлеўге жәрдем береди.

Күш-қуўатқа толамыз

Жуўырыў ҳәм басқа физикалық жүклемелер адамға қуўат береди.

Зыят салмақтан қутыламыз

Күнине 20 минут жедел шуғылланыў ҳәм дурыс аўқатланыў 30 күннен кейин өзин жақсы сезиў ҳәм зыят салмақтан қутылыў имканын береди.

Стрестен қутыламыз

Спорт пенен шуғылланыў машқалаларды умытыў ҳәм зорығыўларды кемейтиўге түртки болады.

Геўдемизди туўрылаймыз

Саламат омыртқа ҳәм шырайлы қәўмет ушын жүзиў, йога, гимнастика ҳәм бел булшық етлерин шуғылландырыў керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар