Өзин өзи емлеўдиң халықлық усыллары

RA-img

Адамның бир нәрсеге өзин исендириўи, ықлас етиўи, басқаларға тәсир ете алыўы, гипноз бенен емлеў йогларға буннан бирнеше мың жыл (б.э.ш.) алдын белгили болған. Адам ой-пикирлерин дурыс жолға бағдарлаўы жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Емлениў жағдайы ҳаққында еситиў, пикирлеў, ықлас, жақсылыққа, тәўир болыўға исениў, хошкеўиллилик – денсаўлықтың дәреги есапланады. 


Руўхый босасыў, жаман кейпият, үмитсизлик инсан саламатлығына жаман тәсир етеди. Бундай адамлардың көпшилиги ашыўшақ, жаўыз, дослықты билмейди ҳәм гөзаллықты сүймейди. Адам басқалардан кемшилик ҳәм нуқсан излейди, өзлеринен де кеўли толмайды, бул болса бир қатар нерв кеселликлериниң пайда болыўына тийкарғы себеп болады. Наўқастың, әсиресе, аўыр кеселликтен шыпа табыўы ушын руўхый тетик, тәўир болыўға исеними ҳәм қәлеўи болыўы керек, соның ушын бәрқулла қуўнақ болыўға, хошкеўиллиликке умтылыўы зәрүр, өйткени қуўаныш – бийбаҳа ем.

Азап шегиў (муң), қатты толқынланыў болса көплеген нерв кеселликлерине алып барады.

Исеним – барлық кәраматлар тийкары

Жақсылыққа, ийгиликке, гөзаллыққа исеним адамға күш-қуўат бағышлайды, қоллап-қуўатлайды. Ғаммуңлылық бахытсызлық ҳәм кеселликке алып барады. Инсан өз күшине исениўи шәрт, себеби исенимсиз келешек жаратылмайды.

Тәсир етиў (исендириў)

Тәсир өткериў бул бир адамға басқа бир адам тәрепинен руўхый қураллар – түрли ой-пикир, сезимтуйғы, образлар, физикалық ҳәрекетлер ҳәм вегатив реакциялар пайда етиў жолы менен тәсир етиўи есапланады.

Исендириў тарийхы тап гипноз сыяқлы әййемги мәденияттың дәслепки дәреклерине барып тақалады, алдынлары олар «ғайры-тәбийий жағдайлар», деп түсиндирилген.

Бул ҳаққында әййемги Египет, Ҳиндстан, Қытай, Иран, Греция, Рим ҳәм Орта Азия жазыўларында бир қатар мағлыўматлар қалдырылған. Ҳинд йоглары ишки «мен»ниң ойлаўы менен оның пикирлерин топлаў, дене сезгилеринен аўлақ инсанды көрсетиўши өзин өзи гипноз етиўди сәўлелендиретуғын геўде ҳалаты, дем алыў тәбияты, сезги органлары искерлиги ҳаққында пүтин бир буйрықлар системасын ислеп шыққан.

Йоглардың пикирине қарағанда, бундай жағдайда «сана жоғалады, олар даўысты, дәмди, реңди, физикалық жақынлықты қабыл етпейди; еске алыў ҳәм умытыўдан жырақ болады, өлмейди, бирақ бар емес».

Орта әсирлерде тәсир күши ҳәм гипноз «сырлы, иләҳий» илимлер қатарына киргизилген.

Шыпакердиң барлық емлеў усылларында психотерапевтик тәсир етиў (тәсир өткериў) тийкарғы роль атқарады. Тәсир өткериўдиң тиккелей ҳәм әстеақырынлық түрлери қолланылады.

Тиккелей тәсир өткериўде тәсирдиң нәтийжеси оның өткериў формуласында анық белгилеп берилген («бас аўырыўы өтпекте», «қолыңыз ҳәрекетлениўи мүмкин»).

Әсте-ақырынлық тәсир өткериўде ҳешқандай формула болмайды, тәсир мазмуны ишине «жасырынған» болады, яғный дәриниң дәмине, сөзлерге, шыпакердиң имла-ишараларына, өзине «мәфтун еткен» көп мәрте қайтарылатуғын шынығыўлар сиңдирилген. Басқаша айтқанда, тәсир өткериў тийкарынан, тәсир өткеретуғын түрли нәрселер жәрдеминде әмелге асырылады.

Шыпакердиң қандайдур ҳәрекети менен тәсир етиўи, реал өткериў делинеди. Егер шыпакер сөйлеў тәсиринен пайдаланса, бул сөз ямаса имзасыз тәсир өткериў делинеди. Имзасыз тәсир етиўдиң техникалық жағдайда өткерилетуғын, гипнотик уйқыда өткерилетуғын еки түри бар. Ҳәр еки түр де субгестив психотерапия түсинигин береди.

Тетикликте тәсир өткериўде мий қабығының азмаз тормозланыўы жүз береди. Гипнотикалық уйқыда болса, тәсир қабықтың толық гипнотикалық тормозланыўында әмелге асырылады.

Емлеў әмелиятында бийдарлықта өткерилетуғын тәсир көбирек қолланылады, себеби онда исеним менен тәсир өткериледи. Бул усыл, ең дәслеп, шыпакер сөзиниң екинши сигнал системасына тиккелей тәсири ҳәм көриў, еситиў арқалы, сол ямаса басқа бир белгилер комплексине тәсир өткериўди нәзерде тутады. Психотерапевт наўқас шахсының өзине тән тәсиршеңлигин анықлап, бийдарлықта тәсир өткериўдиң салыстырмалы кеңирек усылларынан пайдаланыўы мүмкин. Психотерапияның бул түри және сонысы менен қолай, айрықша шараят талап етпейди, оны шыпакер ханасында да өткериў мүмкин. Сәўбет даўамында шыпакер наўқасты үйренеди. Басынан кеширгенлерине сын мүнәсибет билдирип, оған кеселлик белгилери ҳаққында түсиник береди. Буны анық ҳәм әпиўайы дәлиллер, әпиўайы сөзлер менен түсиндириў керек, дәбдебелерден, жалған-өтириклер аўлақ болыўы, артықша эмоцияға берилмеўи керек.

Тәсир етиўдиң еки түри бар

1. Таярлықсыз тәсир етиў. Бунда наўқас өз кеселлиги ҳаққында мағлыўматқа ийе болмайды. Тәсир етиўдиң бул усылында шыпакер наўқасқа қәўипли кеселликке шатылған болса да айрықша күтим берилсе, жақсы емленсе белгили ўақыттан кейин саўалып кетиўин айтады. Базыда бул шыпакерди де таң қалдыратуғын нәтийжелер береди. Ҳәм керисинше, шыпакер ямаса наўқас ушын исенимли адам оның денсаўлығы ҳаққында орынсыз, абайсыз сөйлеп қойып, ҳаўлықпаға салыўы, албыратып қойыўы мүмкин, бул болса наўқасқа унамсыз тәсир көрсетип, тәўир болыўына кесент береди. Медицинада бул – янтрогения аты менен белгили.

2. Таярлық көрип тәсир етиў. Бунда наўқас өз кесели ҳаққында мағлыўматқа ийе болады. Тәсир өткериў шама менен усындай өтеди: ана өз перзентине бүгин кешқурын, ол уйқылағанда қасына барыўын, қолларын оның басына қойып сыйпап, бир нәрселер айтыўын, оятып жибермеўге ҳәрекет етиўин, айтылған сөзлер тезирек тәўир болыўына жәрдем бериўин айтады. Бала қатты уйқылап қалғанда әсте-ақырын қолын басына қояды. Егер соған қарамастан бала оянып кетсе, ана дәрҳал оның көзлерин жумып, жағымлы даўыс пенен дейди: «Көзлериңди жум, дем ал, балам, сен уйқылап атырсаң, уйқылап баратырсаң, балажаным». Баланың уйқылағанына исеним кәмил еткеннен кейин ана оған «Мазалым, уйқыға кеттиң, бирақ сени оятажақ емеспен», дейди. Соннан кейин ана өз тәсирин өткереди.

3. Бир мысал келтиремиз: бала түнде сийип қойыўдан қыйналады. Бала таярланғаннан кейин, ана оның қасына отырып, қолын басына қойған ҳалда шама менен усындай дейди: «Кишкентайым, ҳәр түнде сийип қоясаң, себеби сен жүдә қатты уйқыдасаң ҳәм сийиў ўақты келгенлигин сезбей қаласаң. Бүгиннен баслап сениң уйқың ондай дәрежеде қатты емес, қашан сийгиң келсе, дәрҳал орныңнан турып, сийип, және уйқылайбер. Сен сиймеўге ҳәрекет етесең. Бүгиннен баслап сийгиң келген заматы орныңнан турасаң…»

Еки-үш ҳәпте даўамында ҳәр күни түнде усылай тәсир өткериледи. Қашан бала сийип қоймайтуғын боламан дегенше. Ата-анасына тәшўиш келтирип атырған балаларға да тап усындай тәсир өткериледи. Оларға умтылыўшаңлық, бойсыныўшылық, ҳадаллық ҳәм басқалар ҳаққында айтылады. Әлбетте, тек түнде емес, ал күндизлери де тәсир етип турыў керек. Буның менен баланы исендириў, оны если, умтылыўшаң, расгөйлиги ҳәм ата-анасына қуўаныш келтирип атырғанын айтыў мақсетке муўапық.

Бул усыл нервлик тутқанаққа уқсас түрли неврозлар, невростения, психостения, түрли фобилар (кардиофобия, канцерофобия ҳәм т.б.), түнги сидик тута алмаў, тутлығып сөйлеўге тәсир етиледи.

Инсульт ямаса миокард инфарктин басынан өткерген наўқасларға тәсир етиў усыныс етилмейди, себеби наўқаслықта тәсир өткерилип атырған ўақытта, тәсир өткериўши ҳәркимниң буйрық тоны наўқастың эмоциялық реакцияларын асырып жибериўи мүмкин.

Өз-өзине тәсир етиў

Өз-өзине тәсир етиў емлеўдиң басқа қуралларына қосымша болып, үлкен күшке ийе екенлиги менен ажыралып турады, ол ямаса бул шараятқа қарап, тәсир етиўдиң бул усылы тәшўишли жуўмақ жасаўы ямаса керисинше, руўхый турақлылықты тиклеўи, саўалыў процесин тезлестириўи мүмкин. Өз-өзине тәсир етиўди бийдарлық ҳалатында, жақсысы уйқыдан алдынғы ҳәм оянғаннан кейинги дәўирлерде әмелге асырыў усыныс етиледи. «Ҳәрбир айрықша жағдай ушын өз-өзине тәсир етиў формуласы ислеп шығылыўы керек ҳәм бул формула ҳәзирги заманда тастыйғын тапқан жағдайда айтылыўы тийис».

Өз-өзине тәсир етиў формуласы кеселликтиң аўыржеңиллигине, наўқастың ақылый раўажланыўына, мағлыўматы ҳәм кәсибине байланыслы. Формуланы әсте-ақырын, анық түсиндириў керек, өз-өзине тәсир етиў жолы менен адам өзинде терлемеден кейин пайда болған астенияны ҳәм невралгияны емлеў мүмкин. Бунда шаршаў ҳәм аўырыўдан қутылыў қәлеўине бар дыққат-итибарды қаратыў тийис.

ХХ әсир басларында саналы тәризде өз-өзин исендириў усылының түрин француз фармацевти Эмиль Куе (1857) ислеп шықты. Ол өзиниң наўқасларын өзөзин исендириў усылынан саналы тәризде пайдаланыўға үйретти. Куе, ең дәслеп, наўқасты өз-өзин исендириў усылы пайдалы екенлигине исендирди. Кейин наўқасқа көзди жумыўды буйырды ҳәм дыққат пенен төмендеги сөзлерди тәкирарлаў кереклигин түсиндирди: «Қарын аўырыўы өтип кетеди, иштей жақсыланады, түнде тыныш уйқылайман».

Буннан тысқары, ҳәрқандай кеселликте Куе өзине исениўди усыныс етти: «Күннен күнге саўалып атырман». Исендириўди бақырмай, эмоцияға берилмей, әсте-ақырынлық пенен тәкирарлаў кереклигин наўқасларға түсиндирди.

Биз усыныс етип атырған ең мақул формула төмендегише: «Ҳәр күни аўҳалым, жағдайым жақсыланып бармақта, тек жақсыланып бармақта». Әлбетте, шараятқа қарап бул формулаға анықлық киргизиледи. Инсан бул сөзлерди айтып атырғанда өзине жақсы болып атырғанын сезиўи шәрт. Өз-өзине тәсир етиўдиң тийкарғы нийетин умытпаў керек, «жетискенликлерге турақлы ҳәм күни-түни толық исениў тийис. Үмит емес, толық исеним керек».

Егер наўқас күни-түни аўырыў тынышсызлығын сезсе, ол өз-өзине исеним менен «мен олардан қутылмақшыман», деп тәсир етиўи шәрт. Соннан кейин егер наўқас тынышсызланса, ямаса аўырып атырған жерин шептен оңға айланба ҳәрекетлер менен уўқалап, бәлент даўыста ямаса сыбырлап, тез: «аўырыў өтип кетпекте, аўырыў өтип кетпекте, аўырыў өтип кетпекте», деп тәкирарлап турыўы керек. Аўырған жерин басыламан дегенше уўқалаў керек, сонда наўқастың руўхы түсиўиниң алды алынады. Егер де аўырыў және қайталанса, және тәкирарланады.

Өз-өзине тәсир етиўде дәслепки әўметсизликлер адамды қорқытпаўы керек, бирнеше мәртелик тәжирийбелерден кейин адам өз-өзин басқарыў күшине ийе болып қалады.

Өз-өзине тәсир етиўге күндизи зәрүрлик болмаса, наўқас тыныш жайға кирип, өзин бос қойып пикирлерин жәмлеўи ҳәм кеселлигинде нелерге ерисиўи мүмкинлиги ҳаққында ойлаўы (қыял сүриўи) керек. «Бул қорқыў, бул ҳаўлықпа, жаман пикирлер өтип кетпекте…» деген сөзлерди өзин жақсы сеземен дегенше тез-тез ҳәм көп мәрте, мәселен 20-30 мәрте тәкирарлаўы зәрүр.

Адам жаман ойлар қоршаўында қалса, ашыўланса, жәнжеллесиўге, өш алыўға умтылса, терең-терең дем алыўы ҳәм төмендеги пикирлерди қыялынан өткериўи керек. «Мен қәтержамман, мен өзиме өзим уқсайман» ҳәм тағы басқалар. Әдетте, бундай жағдайларда усылай дейди, «пальтодағы сәдеплериңизди төменнен жоқарыға, жоқарыдан төменге санаң, кейин жуўап қайтарың», «Ўақыт – төреши», деп бийкарға айтпайды. Белгили бир ўақыт өткеннен кейин, ғәзеп әззилейди ҳәм адам тынышланады.

Өз-өзине тәсир етиў усыллары

Өз-өзине тәсир етиўдиң нәтийжеси дәрриў билинбейди, буның ушын мақсетке бағдарланған шынығыўлар өткерип турыў тийис. Мәселен, дыққатты топлаў, беккемлеў ямаса тезлик пенен күшти қайта тиклеўди үйрениў, жақсы уйқылаў, шегиўди таслаў, өзинде алкоголизмге қарата ғәзеп оятыў ҳәм т.б.

Унамлы нәтийжеге ерисиў ушын адам өзиндеги күшли толқынланыўды баса алыўы ҳәм өзин өзи тынышландыра алыўы шәрт. Күшли толқынланыўды (ҳаяжон) басыў ушын күнделикли турмыстағы қалғыў деп аталған жағдайға өз-өзин келтириў, өз-өзине тәсир өткериў жолы менен әмелге асырыў мүмкин болады.

Арнаўлы изертлеўлер соны көрсетеди, ең информатив импульслар жүзден баратуғын импульслар болып табылады. Биз нерв системамызды изге салажақ екенбиз, биринши гезекте жүз булшық етлеримизди босастырыўдан баслаўымыз тийис.

Өз-өзине тәсир етиў, тийкарынан, үш ҳалатта алып барылады.

Бириншиси, ең қолай ҳалатта арқаға жатылады, қоллар шығанақтан сәл бүгиледи, алақанлар төменге қаратылады, аяқлар желке кеңлигинде қойылады.

Екиншиси, жумсақ креслода басты ҳәм шығанақты сүйеген ҳалда отырыў.

Үшиншиси, әпиўайы стулда отырыў. Аяқлар табанға дейин жерге қойылады, стулди алдыға жылжытыў кереклиги, балтыр булшық етлери ҳәм санның арқа жоқары бөлими менен 120-140º мүйеш пайда етсин. Қоллар асылып турмаўы ушын санға қойылады, бас арқаға сәл ийиледи. Ең әҳмийетлиси – желкениң қатаң вертикал ҳалатта төс сүйегин сан сүйегине байланыстыратуғын буўыны үстинде болыўы ушын арқаға жеңил ийилиўи лазым. Буған қарама-қарсы тәризде қалғыў дәўиринде дене әсте-ақырын алдынға ямаса арқаға ийиле береди.

Көзлер жумылады. Қол, аяқ, дене, бет булшық етлери босастырылады. Терең дем алып, әстен, узақ дем шығарылады. Бул ҳалат асықпастан бирнеше мәрте тәкирарланады. Орташа терең дем алынып атырғанда пикирден «мен» сөзи әстен, дем шығарыўда болса «босасып атырман» сөзи айтылады. Босасыў «мен» сөзин қыялый айтылған ўақытта, яғный дем жутып атырғаныңызда айтылады, бул ўақытта булшық етлер тартылыўы тийис. Дем шығарып атырғанда «босасып атырман» сөзи менен биргеликте бул сезим анық сезиледи. Буннан алдын, кейин қысқа жеңил дем алынады ҳәм «Мен» сөзи сызық, дем шығарғанда «тынышланаман» сөзи айтылады.

Дыққатты қандай да бир нәрсеге бағдарласақ, ол активлеседи ямаса керисинше, ўақыя-ҳәдийселерге ықтыярсыз тартылса пассив ҳалатта болады.

Өз-өзине тәсир етиў бул адам организмине тиккелей бир ўақытта сөз, дыққат ҳәм көз алдына келтириўлерди қоллаў арқалы тәсир етиў есапланады. Дыққатты қуяш сәўлеси (жақты дағ) тәризинде көз алдыға келтириў мүмкин, бундай сәўле жақтылаў, ямаса мөлдир емес тәризде ол ямаса бул нәрсеге түсиўи мүмкин. Демек, дыққатымыз да қыялый денемиздиң қайсыдур жерине көшиўи мүмкин. Мәселен, қыялый «мен» сөзи айтылып атырғанда, дыққат шеңбери жүзде сақланыўы, «босасып атырман» сөзи айтылып атырғанда болса бул «жақты дағ» (дыққат) қыялда жоқарыдан төменге мойын, қол, дене ҳәм аяқларға көширилиўи тийис. «Ҳәм» сөзинде дыққат және жүзге көшириледи, «тынышланып атырман» сөзинде болса организмди стресс ҳалатқа тез тәсир көрсетиўши бөлиминде (бас, жүрек, асқазан ҳәм т.б.) тоқталыўы лазым. Дыққатты топлағанға емес, ҳәтте қыялый «босасып атырман» сөзи сәўлеленген «жақты дағ» (дыққат) өткен булшық етлер оғада босасып, жумсақ болып қалыўын қыялға келтириў керек. «Тынышланып атырман» сөзинде болса көз алдыға келтириўлер тынышланыў сезимин оята алыўы тийис.

Өз-өзине тәсир етиўде дем алыў жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Ол тийкарынан, өз-өзин тынышландырыўға алып келетуғын әстелестирилген, созылыңқы дем шығарыў арқалы басқарылады. Шынығыўларда бул ҳалат шынығыў басында қолланылады: «мен» – жеңил дем алыў, «босасып атырман» – созылыңқы дем шығарыў «ҳәм» – жеңил дем алыў, «тынышланып атырман» – және де әстен дем шығарыў (1-формула). Кейин өз-өзинен тыныш, жеңил болып бара береди.

Жүз (бет) формулалары 2-формула – «мениң дыққатым жүзимде». Буның ушын дәслеп айнаға қарап алынады, соң көзлерди жумып, жүзди қыялда көз алдыға келтириледи.

3-формула – «мениң жүзим тыныш». Бул ўақытта жүзге қаратыў талап етиледи. Бул үшинши формуланың ҳәрбири 2 мәртеден, күн даўамында 6-10 мәрте қатар 3 күн әстен тәкирарланады. Бунда нерв системасы зорығыўдан аўлақ болады, дем алады, ләззетлениў сезими пайда болады.

4-формулада – «еринлер ҳәм тислер ашылды».  Аўыз жеңил ғана ашылыўы тийис.

5-формула – «маңлай, көз, шеке булшық етлери босасып атыр». Дыққат маңлайдан көз, кейин шеке тараўларына өтиледи. Көз алдыға келтириўлер: маңлай, маңлайдағы әжимлер, жыйрық тегисленбекте, маңлай әжимлерден жазылмақта, көз әтирапындағы булшық етлер босасып атыр. 2-3 мәрте тәкирарланады.

6-формула – «еңсе, мойын булшық етлери босасып атыр». «Еңсе булшық етлери босаспақта» сөзлерин айтып дыққат мойын арқа жоқары бөлиминен жаўырынның жоқары шегарасына болған исмге қаратылады «ҳәм мойын» сөзлеринде болса дыққат алдынғы тараўға – ийектен омыраў сүйегине дейин толық босасыўын көз алдымызға келтиремиз.

6-формуланы орынлаў ҳәм пикирлеў ушын 2-3 минут ўақыт кетеди. 3-4 мәрте шуғылланыў тийис.

7-формула – «жүзим жылый баслады». Дыққат жүз қызыўы сәўлелениўине қаратылады. 6-8 мәрте тәкирарланады.

8-формула – «еңсем ҳәм мойным жылый баслады». Мойында жүнли жаға бар екени, ол жердеги булшық еттиң және де босасып атырғаны көз алдыға келтириледи.

9-формулада – «мениң жүзим пүткиллей босасқан, жыллы, тыныш, ҳәрекетсиз». Ҳәрекетсиз делингенде, жүз булшық етлериниң қатып қалыўы түсиниледи; бунда жыллы, жағымлы жүз нықабы сезими пайда болады ҳәм ақыбетте барлық булшық етлер босасады. 3 ҳәпте даўамында ҳәр күни 2 мәртеден тәкирарланады.

10-формулада – «мениң дыққатым қолларыма өтти». Қыялда бир ўақыттың өзинде ҳәр еки қолға желкеден баслап қол ушына нәзер тасланады. Бир мәрте айтылады.

11-формула – «мениң қолларым босаспақта, жылымақта». «Босаспақта» сөзинде дыққат әсте-ақырын қол бармақларынан желкеге көтериледи. «Жылымақта» сөзинде болса сол тәризде қайтадан қол бармақларына түседи.

12-формула – «мениң алақан-бармақларым босаспақта ҳәм жылымақта». Қоллары жыллы суўда жылый баслайды.

13-формула – «мениң билегим (алақаннан шығанақ буўынына дейин) ҳәм шығанақларым босаспақта ҳәм жылымақта». Дыққат билек ҳәм шығанақ буўынларына қаратылады.

14-формула – «мениң желкем ҳәм жаўырыным босаспақта ҳәм жылымақта».

15-формула – «ҳәр еки қолым пүткиллей босаспақта… жыллы… ҳәрекетсиз. Ҳәр үш сөз де қыялда айтылып, дыққат қолдан көшириледи. Соң «толық

босаспақта» сөзлеринде дыққат желкеге ҳәм жаўырынға бағдарланады, «жыллы» сөзинде болса төменге түсириледи, «ҳәрекетсиз» сөзинде билек ҳәм шығанақта тоқтатылады.

16-формула – «мениң дыққатым жыллы қолларымда» үш мәрте тәкирарланады.

17-формула – «дыққатым бетиме көшпекте» бир мәрте айтылады.

18-формула – «мениң бетим толық босасқан… жыллы… тыныш, ҳәрекетсиз» 9-формула сыяқлы орынланады.

Соның менен қолларды шынығыў қылдырыў жуўмақланады. Шынығыўдан кейин бир минут тынышлық сақланады. Кейин терең дем алынады ҳәм дем шығарылып атырғанда көзлер ашылады. Босасыў сезимин жоқ етиў ушын жеңил дене тәрбия исленеди. Дем алған алақан-бармақлар муш етип түйиледи ҳәм қолды шығанақ буўынынан бүгиледи, дем шығарғанда болса босастырылады.

Аяқ формулалары

Егер қол шынығыўлары нәтийжели өткерилсе, 12, 13, 14-формулаларды бийкар етиў мүмкин. Соннан кейин аяқ формулалары менен ислеўге өтиў мүмкин.

19-формула – «мениң дыққатым жүзимде топланған, әсте-ақырын аяқларыма өтпекте». Дыққат жүзден әсте-ақырын «сыпырылып» шанақлар сүйеги ҳәм оннан төменги тараўлар – тобық ҳәм аяқ бармақларына өтеди.

20-формула – «аяқларым босаспақта ҳәм жылымақта».

21-формула – «аяқ астым ҳәм тобығым босаспақта ҳәм жылымақта». Табанлардың жыллы суўда турғанын көз алдыға келтириў жетерли.

22-формула – «мениң балтырым, дизелерим босаспақта ҳәм жылымақта». 13-формула сыяқлы көз алдымызға келтиремиз.

23-формула – «мениң саным ҳәм сан сүйегим босаспақта ҳәм жылымақта». Сан ҳәм шанаққа қан қуйылыўы күшеймеўи ушын ҳаялларға етек келиў дәўиринде аяқ формулаларын қоллаў усыныс етилмейди.

24-формула – «ҳәр еки аяқ толық босасқан, жыллы, ҳәрекетсиз». 15-формула бойынша әмелге асырылады.

25-формула – «дыққатым балтырым ҳәм табанымда», «дыққатым жыллы табанларымда». Соның менен аяқларды босастырыў ақырына жетеди ҳәм дыққат және жүзге көшириледи.

26-формула – «мениң жүзим толық босасқан… жыллы… тыныш…» соннан кейин «мен дем алып атырман», «мен дем алып, рәҳәтлендим», «мен дем алып, күш топладым, кейпиятым жақсы» сөзлери айтылады.

27-формула. Кейин терең дем алынып, дем шығарғанда көзлер ашылады ҳәм қол-аяқлар менен белсенди ҳәрекетлер етип, әмелге асырылады: дем алыўда қол шығанағынан, аяқ дизесинен бүгиледи, дем шығарғанда босастырылады.

Аяқ шынығыўларын пуқта ийелеў ушын 1-2 ҳәпте жетеди. Шынығыўлар босасыў, жыллылық, тынышлық сезимин оятыўы тийис.

Өз-өзине тәсир етиўдиң тийкарғы шәртлеринен бири бас мийдиң тетиклик дәрежесин төменлетиў. Базыда шынығыў ўақтында уйқылап қалыў мүмкин. Бул қәўипли емес, адам өзин тетик (уйқы тартпастан) услап тура билиўи ушын да шынығыў ислеў лазым.

Дене формулалары

Булшық етлер ҳәрекетиниң тоқтаўы ҳәм вегетатив нерв системасы тәсири формуласын өзлестириўге өтемиз.

28-формула – «дыққатым денеме көшпекте», бул сөз 1 мәрте айтылады. Соң қыялда «мениң дыққатым жүзимнен мойным ҳәм геўдеме өтпекте», «денемде жыллы температураны сезип атырман» сөзлери айтылады.

29-формула – «мениң геўдем толық босасқан ҳәм жыллы», бунда «ҳәрекетсиз» сөзи айтылмайды, себеби тыныш ҳалатта да көкирек қәпеси дем алыў ҳәрекетинде қатнаса береди. Соң қыялда геўде бойынша ҳәрекет етип, «мениң қарным толық босасқан ҳәм жыллы», «мениң белим толық босасқан ҳәм жыллы сөзлери айтылады. 2 мәрте тәкирарланады.

30-формулада – «мениң бар дыққатым көкирегимде». Ер адамлар дыққатын қыялда көкирек қәпесиниң қарын ушынан төменги жамбас бөлимлерине

(ер адамларда дем алыўдың қарын типи қәлиплескен),

ҳаяллар болса көкиректиң алды жоқары бөлимлерине (дем алыўдың көкирек типи) қаратыўы керек.

31-формула – «мениң дем алыўым жеңил… тыныш… еркин». Егер дем алыўды тынышландырыўға зәрүрлик болса, бул формула жеңил дем алып, 6 мәрте тәкирарланады. Әстен тыныш дем шығарыўда 1 минут демди услап турыў да пайда береди.

32-формула – «мениң бар дыққатым жүрегимде».

33-формула – «жүрегим тыныш… бир тегис… жақсы урмақта», «дем алмақта». 6 мәрте тәкирарланады. Асқыныўлар болмаўы ушын жүрек формуласын өзгертиў усыныс етилмейди.

34-формула – «мениң пүткил денем дем алмақта». Дыққат дәслеп дене бойлап жүректен төменге

тәкирар ҳалатта аяқ ушынан жүзге бағдарланады.

35-формула – «жүзим толық босасқан… жыллы… тыныш… ҳәрекетсиз».

37-формула – «мен дем алып атырман».

38-формула – «кейпиятым жақсы».

Соннан кейин ҳәрдайымгидей терең дем алынады ҳәм дем шығарыўда көзлерди ашады, асықпастан әпиўайыдан қурамалыға қарап бирнеше мәрте қолаяқларды ҳәрекетлендиреди, бунда дем алғанда қолаяқ бүгиледи, дем шығарғанда жазылады.

Бул руўхты басқарыў шынығыўлары күнинен 15- 30 минут уйқылап турылғанда талығыўды жоқ етеди, организм дем алады ҳәм күш топлайды. Уйқысызлық, артериал қан басымның ажыралыўы, бас аўырыўы ҳәм басқа функционал өзгерислер ҳәм айырым кеселликлерде пайдалы. Адам толқынланғанда (мысалы, имтихан тапсырыўдан алдын) төмендегише формуланы өзлестириў пайдалы болады: «пүткил денемниң қустай жеңиллигин сезим атырман… ақылым тынық… мен толық тынышпан ҳәм таярман… Асықпастан, анық, дурыс пикир жүргиземен… өзиме исенемен… материалды жақсы өзлестиргенмен… мен тынышпан… имтиханды, әлбетте, жақсы тапсыраман».

Руўхый шынығыўларда анық формулаларды қоллаў үлкен әҳмийетке ийе «ма» болымсыз формасы дерлик қолланылмайды. Мысалы, шегиў әдетин таслаў ушын пассив форма – «мен шегиўди қәлемеймен» емес, ал актив форма – «шегиў мен ушын зыянлы… қолланса түтин ийиси… жеркенемен… аўзымнан ашшы дәм…» сыяқлы формуланы таңлаў мақсетке муўапық.

Егер руўхый шынығыўлардан кейин дәрҳал жумысқа кирисип кетиў зәрүрлиги болса, «мениң пүткил организмим дем алмақта», дегеннен кейин активлестириўши формула – «пүткил денем рәҳәтленбекте ҳәм күш топламақта» деў керек. 5-6 мәрте тәкирарланады.

Кейин төмендеги формулалар айтылады: организмим жақсы дем алды… қол-аяқларым, денем босасты, аўырлық сезими тәрк етпекте, «барлық булшық етлерим тынышлықта күшке толған», «булшық етлер жеңил ҳәм күшли болып қалды», «уйқысызлық кетип атыр», «терең-терең дем алып атырман», «басым жеңил, ақылым терең», «кейпиятым жақсы, тетик», «қуўатым бар», «жумысқа таярман», «турың».

«Турың» дегенде буйрықтан кейин дәрҳал турыў ҳәм 2-3 минут қоллар ҳәм пүткил денени ҳәрекетлендиретуғын жеңил шынығыўлар орынлаў усыныс етиледи. Соннан кейин жумысқа кирисиў мүмкин болады.

Өз-өзине тәсир етиўдиң нәтийжели болыўы ушын анық мақсет ҳәм турақлы шынығыўлар ислеў шәрт.

Тосқынлық ҳәм асқыныўлар

Өзин өзи емлеў шынығыўларында асқыныўлар бақланбайды, бирақ оннан ақылға муўапық пайдаланыў керек, себеби наўқас аутоген шынығыўлар нәтийжесинде аўырыўды сезбей қалыўы, буның ақыбетинде өз денсаўлығын баҳалай алмай қалыўы мүмкин. Бул гәп әсиресе, аўыр жүрек-қан тамыр кеселликлерине шатылған наўқасларға тән.

Жүрек искерлигин жүдә пәсеңлетиў мақсетинде өзине тәсир етиў қатаң қадаған етиледи, себеби бул жүрек ритминиң бузылыўына ҳәм жүрек қысыў қәўпине алып келиўи мүмкин.

Қарынның үстиңги тараўы жыллылық сезимин

пайда етиўге қаратылған шынығыўлар асқазан дийўалларында қан айланысын күшейтеди, сондай-ақ, асқазан ширесин кислоталы дәрежесин асырады, соның ушын аутоген шынығыўлар гиперецид гастритте асқазан жарасы ҳәм карциномасында, портал гипертензия кеселликлеринде қолланылмағаны мақул.

Ҳәмиледарлықта өз-өзине тәсир етиў қатаң қадаған етиледи.  

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар