ЖҮРЕК НЕНИ ЖАМАН КӨРЕДИ?

RA-img

  


АШЫЎЛАНЫЎ

Барлық машқалаларды жүрекке жақын аласыз, сезимлериңизди басқарыў қыйын ба? Жумыс дегенде дем алыўды умытасыз ба? Әлбетте, кеўилшеклик жақсы пазыйлет. Бирақ, бул пазыйлетиңиз өзиңизге пәнт берип, жүрегиңизди қапа етип қоймасын.

 

СЕМИЗЛИК

Зыят салмақты не қыласыз? Илажы барынша салмағыңызды қадағалаң. Семизлик, зыят салмақтан жүрек азап шегеди. Соның ушын да семиз адамларда инфаркт басқаларға қарағанда 4 есе көбирек ушыраўы бақланған.

 

ТЕМЕКИ ЧЕГИЎ

Сигаретаны нәшелеп тартып атырғанда организмде қәўипли өзгерислер жүз береди: қан тамырларыңыз тарайып, жүрек урыўы 10 есеге дейин тезлеседи, организм керекли С витамининен журдай болады. Нәтийжеде қан тамырлар босасып, жүрек те ўақтынан алдын «қартаяды». Дем алыў жолына түскен никотин денениң кислородқа болған мүтәжлигин және де асырады. Бул болса артерияларда тығын (тромб) пайда болыўына алып келеди.

 

СПИРТЛИ ИШИМЛИКЛЕР

Жүрегиңизди және де қақсатажақ болсаңыз, сигаретаға спиртли ишимликлерди де қосың. Бул жуплық тәсиринде ишки органлар қатты зыянланады. Темеки түтининдеги зәҳәрли элементлер арақ тәсиринде және де күшейип, қанға, ол жерден болса жүрек булшық етине жетип барады. Егер темеки шегиў ҳәм ишиўшиликке берилген болсаңыз, жүректеги өзгерислерди қарсы ала бериң. Жүректиң тезтез урыўы, дем қысыўы, қан басымының көтерилиўи бақланды ма, әлбетте, шыпакерге жолығың. Бул белгилер алкоголлы кардиомиопатия кеселлигинен дәрек бериўи мүмкин.

 

МАЙЛЫ ТАҒАМЛАР

Жүрек майлы, ширели, дузланған, консерваланған гөшли аўқатларды бөккенше жеўиңизден наразы болады. Сондай-ақ, холестеринге бай өнимлерди (мәйек, сыр ҳ.т.б.) нормадан артық жеўиңизге де қарсы. Қант ҳәм дуз жүректиң ата душпанлары есапланады. Оларды кемирек қабыл етсеңиз, жүрегиңиздиң өмири узаяды.

 

АШШЫ КОФЕ

Азанда бир чашка кофе ишиў организмди тетиклестиреди. Бирақ, кофеин қозғатыўшы тәсир көрсетиўи, қан басымы дәрежесин көтериўи, соның менен жүректи зорықтырыўын умытпаң. Бул пикирге барлық шыпакерлер қосылады. Стенокардия, инфаркт миокарды кеселликлери болса ашшы шай ҳәм кофени хош көретуғын адамларда көбирек ушыраўы болса бар ҳақыйқат.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар