Адам организминде 25-30 жастан баслап дәслепки қартайыў процесслери басланады. Өзи еле унамсыз өзгерислерди сезбейди. Бирақ, зыянлы әдетлер саламатлықты қәўип астына қояды. Созылмалы кеселликлердиң белгилери, жүрек ҳәм қан патологиялары 40-45 жастан баслап жүзеге келеди. Сол себепли саламатлық ҳәм узақ өмир көриў ҳаққында балалықтан қайғырыў керек.
Көплеген әдетлеримиз ҳәм мейилликлеримиз бар болып, олар нәзеримизде зыянсыздай сезилсе де, негизинде клетка дәрежесинде қартайыў процессин тезлестиреди. Ишки органлар ҳәм системалар искерлигинде өзгерислер пайда етеди. Булар қандай әдетлер болыўы мүмкин?
Кофесиз тура алмаў. Бул хош ийисли ишимлик тетиклестиреди, кейпиятты көтереди, рәҳәт бағышлайды. Айырымлар күн даўамында 3-4 чашка кофе ишеди, бул болса кофеинге үйренип қалыўға алып келип, қан айланысын бузады. Әдет ерте инсульт, артериал гипертензия ҳәм жүрек булшық етлери ишемиясына алып келиўи мүмкин.
Мәсләҳәт: кофени аш қарынға ишпең, бул гастрит ҳәм асқазан жарасы қәўпин күшейтиўи мүмкин. Күн даўамында 1 чашка сүт қосылған кофе менен шекленсе болады.
Қатаң диеталар. Азыў мақсетинде көбинесе ҳаяллар аўқаттан өзин шегаралап, аш қалады. Егер организм жетерли белок, витаминлер, майларға тойынбаса, ол күшке толмайды. Метаболизм изден шығады, турмыслық процесслер бузылады. Углеводлардан ўаз кешкенде де ерте қартайыў итималы 30-32 пайызға, жүрек кеселликлери болса 50 пайызға артады.
Аса тойып аўқатланыў. Артықша калория артықша салмаққа айланады. Калория май формасында жыйналады. Ишки органлар ҳәм жүрек организмге түсип атырған аўқатты сиңириў ҳәм бөлеклеў ушын зорығып ислейди. Қырық жастан кейин семириў миокард инфаркти, коронар тамырлар атеросклерозы, қантлы диабеттиң тийкарғы себеплеринен бири болады.
Жетерли дәрежеде тойып уйқыламаў ҳәм дем алмаў. Жаслықта ҳәмме нәрсеге үлгерип қалыў, ҳәмелге отырыў, үйжай салыўды қәлеймиз. Көбинесе, уйқыдан да ўаз кешип, келешек ушын режелер дүземиз. Ақыбетте, созылмалы уйқыға тоймаў келип шығады. Айырым гормонлар ислеп шығарылыўы төменлейди, зат алмасыўы бузылады, семириў, нервлик шаршаў басланады. Орта жаслыларда уйқыға тоймаў ерте қартайыў, невроз, депрессия, созылмалы шаршаўға алып келеди.
Мәсләҳәт: денсаўлық ҳәммеге керек. Адам тек өзи көтере алатуғын жүкти ғана желкесине арта алады – артықшасы езип қояды. Соның ушын, күши жеткен ўазыйпаларға кирисип, күни менен шаршаған дене ҳәм руўхқа дем бериўди де билиў керек. Буның ушын болса, уйқы ҳәм ояў жүриў саатларын дурыс шөлкемлестириў тийис.
Ойынларга ышқыбазлық. Компьютер ҳәм телефонға ойынларды жүклеп алыў мүмкин. Ҳәдден тыс ойынларға берилип кетиў нерв системасын иштен жемиреди. Бәрқулла зорығатуғын адам спиртли ишимлик ишиўге бериледи, руўхый кеселликлерден қыйналады.
Мәсләҳәт: бәлким бул зор ермек ямаса зеригиўди қандыратуғын ис шығар. Бирақ, әтирапқа қараң, жақынларыңыз, перзентлериңиз бенен кеўилден сәўбетлесиўге ҳеш нәрсе жетпейди. Биргеликте руўхый-ағартыўшылық бағдарламаларды тамаша етиў, оқылған китап, алған билимлерди додалаў қаншелли заўықлы болар еди. Бул да зеригерли ўақытты сөндириўдиң пайдалы усылы.
Аўырыўларға итибарсыз қараў. Жаслар басы аўырғанда, асқазан қысылғанда шыпакерге хабарласпай, өз билгенинше дәри ишип, және жумысын даўам ете береди. Бирақ, жағымсыз жағдайға итибарсызлық етиў жақсы емес, организм жәрдем сорап сигнал берип атырған болады. Жаслықта емленилмеген кеселлик 40-45 жастан кейин созылмалы түрге өтип кетеди.
Мәсләҳәт: көп кеселликлер ерте басқышында аңсат емленеди, қурамалы медициналық усыллар ҳәм хирургиялық араласыўды талап етпейди. Сол себепли шыпакерлер профилактика мақсетинде терапевт қабыллаўында болыў, қанда қант муғдары, холестерин, тийкарғы гормонларды тексертиў ушын анализ тапсырыўды мәсләҳәт береди. Бул көп ўақытты алмайды.
Гиподинамия. Кем ҳәрекет турмыс тәризи қала шараятында жасайтуғын адамлардың ең қәўипли «душпаны» десек дурыс болады. Отырып ислеў, диванда жамбаслап дем алыў, спорттан ўаз кешиў метаболизмди төменлетеди, ишек перисталтикасын пәсейтеди. Тамырлар тонусын жоқ етеди, ақыбетте жүрек кеселликлери, семириў, қантлы диабет, баўыр гепатозы, иш қатыўы пайда болады. Гиподинамияда ерте өлим табыў итималы да бирнеше есеге артады.
Мәсләҳәт: ҳәр күни жеңил дене тәрбия шынығыўларын орынлаў пайдалы. Отырып ислейтуғынлар ўақты-ўақты менен бойын жазатуғын ҳәрекетлерди ислегени мақул. Қалаберди, бир спорт түри менен шуғылланыў да кейпияттың жақсы болыўына жәрдем береди.
Жалғызлық. Узақ ўақыт жалғыз жасағанлар, шаңарақсызлар жетик жаста көбинесе жүрек кеселликлерин арттырып алады. Оларда депрессияға түсиў қәўпи жоқары болып, бул руўхый кеселликлерге шатылыўға алып келеди.
Мәсләҳәт: жүрек пенен байланыслы машқалалардың алдын алыў ушын көбирек теңлеслер менен байланыста болыў, шаңарақсызлар шаңарақ қурыўы усыныс етиледи.
Денсаўлық пенен байланыслы машқалаларды жасырыў. Шаңарақта жақынларды аяў, артықша тәшўиш ҳәм қәўетерге қоймаў ушын айырымлар (усы орында көплер десек те алжаспаймыз) денсаўлығындағы машқалаларды билдирмейди, жасырыўға ҳәрекет етеди. Басқаларды әўере етпей, өзи шешиўге умтылады, ақыбетте аўыр асқыныўлар басланады.
Мәсләҳәт: ўақтыңызды қуры өткермең, жақынларыңыздың көмеги көплеген кеселликлерди аңсат ҳәм жеңил жеңиўиңизге жәрдем береди.
Қапа болып жүриў. Бәрқулла стрессте жүриў стресс гормонларының артып кетиўине алып келеди. Бул гормон жүрек-қан тамыр системасы жумысына жаман тәсир етеди, иммун системасын изден шығарады. Егер организм жаслықта асқыныўлардың пайда болыўын азайтыўға ҳәрекет етсе, 45 жастан кейин адреналин кортизолдың артып кетиўи гипертония, инфаркт, инсульт, депрессияға жол ашады.
Мәсләҳәт: халқымызда ғам-тәшўишти изге тасла, жүк қылып көтерип жүрме делинеди. Қапа болыў, наразылық, ғәзепте жүриў унамсыз қуўат болып, иштен кемиреди, адамды аўырластырады. Аўырлық болмаўы ушын инсан кеширимли болыўы керек.
Тислерди емлетиўден шегиниў. Көпшилик стоматологқа барыўға қорқады ямаса ўақты болмайды. Бирақ, бундай бәнелердиң артында тислерди емлетиўди қәлемеў жасырынған болады. Бирақ, кариес, гингивит, пародонтоз ҳәм басқа кеселликлер организмде асқынланыў ошақларының пайда болыўына алып келеди. Жақлардың жаман ҳалатта болыўы жүрек кеселликлери, атеросклероз, буўынлар ҳәм ишек патологиялары қәўпин көбейтеди.
Мәсләҳәт: қорқыў ҳәрқандай кеселликтиң басланыўы. Тис шыпакерине барыўдан қорқатуғын адамға жақын адамы сүйеў болып қасында барыўы мүмкин. Қалаберди, заманагөй медициналық үскенелер соншелли жетилискен, аўырыўды сездирмей емлеў усылы исленеди.
Дәрилерди тәртипсиз қабыл етиў. Дәрилерди билип-билмей, социаллық тармақлардан оқып, өз билгенинше қабыл етиў жақсылыққа алып келмейди. Адамлар аўырыў, мигрень, аязлаўға қарсы дәрилер, тийкарынан антибиотиклерди қабыл етеди. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми статистикасына қарағанда, Европада 200 000 ға шекем адам дәрилердиң кери тәсиринен набыт болады.
Мәсләҳәт: ҳәрбир адам турақлы медициналық көриктен өтиўи, емлениўден алдын анализлер тапсырыўы, қәниге менен қабыл етилетуғын дәри муғдарын ойласыўы тийис.
Әдетлеримиз бир қарағанда зыянсыздай көринеди. Ҳақыйқатында да, дәри ишиў, аўырыўды жасырыў, жалғыз қалыў әтирапымыздағыларға кесент етпейди, бирақ адамның өзине, оның денсаўлығы, руўхыятына унамсыз тәсир етеди. Жас организм асқыныўларды жеңиўи мүмкин шығар, бирақ асқыныўлар жыйналып-жыйналып, кеселликлер жыллар даўамында созылмалы формаға өтип барады. Соның ушын, бәрқулла денсаўлығыңызға дыққатлы болып жүриң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…