Мойын остеохондрозы бул — омыртқаның мойын бөлиминдеги омыртқааралық дисктиң зыянланыўы есапланады. Халық арасында болса оны буўынлар арасына дуз жыйналыўы деп атайды.
Келип шығыў себеплери
Узақ даўам ететуғын жумыстан соң омыртқаға үлкен зорығыў түседи. Бул жағдай остеохондроз пайда болыўының тийкарғы себеплеринен болып табылады. Сондай-ақ:
– отырғанда геўдени надурыс тутыў,
– бүкирейип жүриў
– аўыр сумканы бир желкеде көтериў нәтийжесинде де омыртқа аўырыўды сезеди ҳәм бул аўырыў мойынның жоқары бөлимине тарқалады.
Базыда аўырыў қолға (ҳәтте, жүрек тараўына) да өтиўи мүмкин. Бунда көбинесе бармақ ямаса қолдың уйып қалыўы жүзеге келеди. Аўырыў және басты бурғанда, геўдениң ҳалатын өзгерткенде күшейеди.
Соны айрықша айтып өтиў керек, мойын остеохондрозы ығал ҳаўада күшейеди. Бир ўақытта жүз беретуғын белгилери:
– бас териси аўырыўы;
– ҳәрекет муўапықлығының бузылыўы;
– артериал басымның «ойнаўы»;
– бас айланыўы, бас аўырыўы;
– кеўил айныўы, қайтарыў.
Емлеў қалай алып барылады?
Мойын остеохондрозы дәри-дәрмақлар менен емес, ал ҳәр түрли шынығыўлар ҳәм физиотерапия емлеў усыллары арқалы емлениледи.
Умытпаң, дәри-дәрмақлар тек ғана аўырыўларды қалдырыў ушын қолланылады.
Емлеўши гимнастика
Бул ҳәрекетлерди бир тегис, әстен, ҳәр тәрепке қараған ҳалда 5 мәрте орынлаў усыныс етиледи.
1-шынығыў. «Аўа-аўа» шынығыўы
Басыңызды алдынға бираз ийип, 5 минуттан кейин арқаға таслаң (бунда басты ақырына дейин таслаўға болмайды. Тек пәтикке қаралса болғаны).
2-шынығыў. «Яқ-яқ» шынығыўы
Айна алдына турып, көзиңиз алдында жазық (горизонтал) сызық сызың. Көзлерди сызықтан үзбеген ҳалда басты алдын шеп, кейин оң тәрепке қаратып ҳәрекетлендириң. Шынығыўды тап усылай 5 мәрте орынлаң.
3-шынығыў. «Бай-бай» шынығыўы
Басыңызды тап желкеңизге қояжақ болғандай оң желкеге ийилдириң. Кейин болса керисинше шепке. Бул шынығыўды да 5 мәрте орынлаў усыныс етиледи.
4-шынығыў. «Айланба» шынығыўы
Ийекти көкирекке түсирген ҳалда басыңызды саат стрелкасы бойынша алдын оң тәрепке, кейин шеп тәрепке айландырың. Егер басыңыз айланса, шынығыўды сол заматта тоқтатып, дем алың. Кейин және басты айландырыўда даўам етиң.
Умытпаң! Бул шынығыўлардан бирден нәтийже күтип, кейин пайдасы болмады деп қойып кетиўге болмайды. Шынығыўлардың турақлылығы, әлбетте, сиз күткен нәтийжеге алып барады. Сондай-ақ, омыртқаның мойын бөлими ҳәрдайым шынығыўларға мүтәжлик сезеди. Солай екен, шынығыўларды ҳеш болмағанда күнине бир мәҳәл орынлап турыў мақсетке муўапық.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…