Бүгин сиз бенен капсулалар туўралы сөйлесемиз.
Капсулалар – қатты ямаса жумсақ желатина қабықларына бир ямаса бирнеше биологиялық актив элементлер ямаса жәрдемши элементлер менен пайда етилген араласпасы жайласқан, дозаланған, қатты дәри түри есапланады. Жергиликли фармацевтикалық кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын таяр дәри қураллары арасында капсуланың тутқан орны 4% ти қурайды.
Қандай абзаллықлары бар?
• Асқазан-ишек трактинде аңсат ериўи ҳәм сорылыўы;
• Жоқары бионәтийжелиликке ийе екенлиги;
• Сулыў, эстетикалық сыртқы көриниске ийе екенлиги;
• Дәриниң жағымсыз ийиси ҳәм дәми қабықтан сезилмеўи.
Қандай кемшиликлери бар?
• Ишиў ушын арналған капсулалар наўқастың жасы ҳәм жағдайына қарап шегараланғаны;
• Қабық қурамындағы желатин элементи суў тартыў қәсийетине ийе болғаны ушын сақлаў процесинде қоршаған орталықтағы ығаллықты өзине жутады. Бунда дәриниң сапасына зыян жетеди.
Капсула қабықлары туўралы нелерди билесиз?
Капсулалар ҳәрқыйлы форма ҳәм өлшемлерде болыўы мүмкин. Капсулалардың жоқары қабатындағы қабық организмде дәриниң тиккелей қайсы жеринде ериўине қарап таңланады. Мысалы, дәри элементлери асқазанда, ишек трактинде ериўи мүмкин, қабықлар да соған қарап таңланады. Капсула қабықлары тийкарынан желатин, крахмал сыяқлы организмге кери тәсир көрсетпейтуғын басқа элементлерден таярланады. Капсулалардың қабықлары қатты ямаса жумсақ болып, ҳәрқыйлы реңлерде болады.
Микрокапсулалар – капсулалардың айрықша топары болып, полимер ямаса басқа материаллардан таярланған жуқа қабықтан ибарат өлшеми 1 мкм нен 500 мкм ге дейин болған фармацевтикалық тәсир ететуғын қатты, суйық ямаса газ тәризли элементлердиң жәрдемши элементлер менен ямаса жәрдемши элементлерсиз сақлайтуғын капсулалар есапланады. Микрокапсулалар асқазан-ишек трактинде аңсат ерийди ҳәм жақсы сорылады.
Капсулаларды ишиў қағыйдалары:
• Капсулалардың көпшилиги қабығы менен қабыл етиледи;
• Оларды қайнатылған суў менен ишиў мақсетке муўапық болады.
Ҳәрқандай дәри түрин қабыл етиўден алдын, әлбетте, шыпакер менен ойласың ҳәм дәриниң қолланбасы менен танысып шығың.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…