Ҳәммемизге белгили, қан денемиздиң тийкарғы суйықлығы есапланады. Ол тамырларда тоқтамастан ҳәрекетленетуғын суйық тоқыма; клетка ҳәм тоқымаларға жетип барып, олардың өмир искерлигин ҳәм физиологиялық жумыс процесслериниң орынланыўын тәмийинлейди. Оның нормал ҳалаты бизиң сезим-туйғыларымызға байланыслы. Кеселликлер, мысалы, инсульт, инфаркт, варикоз, тромбофлебит (вена дийўалы асқынланып, онда тығын пайда болыўы), бабасыр (геморрой) ҳәм көплеген басқа кеселликлер тиккелей қанның ҳалатына, соның ишинде, оның қойыўлығына байланыслы.
Егер де қан қойыўласып кетсе, жоқарыда атап өтилген кеселликлер қәўпи де көбейеди. Бунда сораў пайда болыўы мүмкин: ал, қан қойыўласса, қалай оны суйылтыў мүмкин? Халық медицинасында қанды суйылтыў ушын бир қатар мәлҳәмлер бар. Ең дәслеп, оларды атап өтиўден алдын қан не себептен қойыўласыўы бойынша қысқаша тоқтап өтемиз.
Қан не себептен қойыўласады?
Буның себеби баршылық. Тийкарғылары төмендегилер болыўы мүмкин:
• Асқазан асты бези кеселлиги.
• Қан тамырлар жарақаты, ондағы жаман холестерин.
• Тийкарғы кеселликлер – депрессия, невроз, созылмалы шаршаў.
• Организмде шлаклардың көбейиўи.
• Надурыс аўқатланыў, қанды
қойыўлататуғын азықлық элементлердиң көп қабыл етилиўи.
• Баўыр кеселлиги ҳәм оның искерлиги бузылыўы.
• Денениң суўсызланыўы ҳәм т.б.
Қойыў қанды суйылтыў, қойыўласыў себебин билиў ушын анықлық киргизиў керек. Буны шыпакер белгилейди. Бирақ биринши гезекте адам аўқатланыў тәртибин өзгертиўи тийис.
Ең әпиўайы жәрдем қанды суйылтыў ушын керекли муғдарда қайнатылмаған таза суў ишиў болып табылады. Ең жақсы суў – музлатып еритилген суў есапланады. Бунда адам 1 кг аўырлық салмағына 30 мл.ден ишиўи керек.
Шай, кофе, ширелер, суйық аўқатлар есапқа кирмейди, булар организм ушын азық есапланады. Сол себепли, тек суўдың өзин ишиў талап етиледи. Қанды суйылтыратуғын азықлық өнимлер қатарына сүт-қатық өнимлерин киргизиў жүдә пайдалы. Бул қан қойыўласыўын нормаға келтиреди. Қойыў қанды суйылтыўда лимон ямаса салицил кислоталары жәрдем бере алады.
Бул кислоталар лимон ҳәм малина мийўелеринде, жүзимде, апельсин, шийе ҳәм басқа мийўелердиң қурамынан орын алған. Егер де күнине 1-2 дана лимонды қант ямаса пал менен қабыл етилсе, қойыў қан нормаға келеди. Егер асқазан кеселликлерине шатылмаған болсаңыз, сарымсақты көп жеў – бул да қойыўласыўға қарсы жақсы фактор есапланады.
Қандай азықлық элементлер қанды қойыўластырады?
Қанның қойыўлығын гречиха, банан, манго, колбаса, ақ нан, чечевича сыяқлылар асырады. Сондай-ақ, базы дәрилик өсимликлер усыныс етилмейди: шиповник, крапива, валериана тамыры ҳәм пақалы.
Спиртли ишимликлер ишиў, шегиў, дузды зыят қабыл етиў, айырым дәрилер (буған шыпакер анықлық киргизеди) қадаған етиледи.
Халық медицинасы жәрдеминде емлениў
Халық медицинасы усыллары менен де қойыў қанды суйылтыў мүмкин. Соның ишинде:
• Қан қойыўлығын төменлетиўде ҳәм қан тамырларда ағыўын жақсылаўда ишимлик содасы (натрий бикорбонат, ас содасы) керекли пайда береди. Ишимлик содасын абайлап, қарсы көрсетпе болмағанында қабыл етиў усыныс етиледи. Буның ушын бары-жоғы 0,25 шай қасық муғдарындағы ишимлик содасы 200 мл. қайнаған суўда еритилип, аш қарынға ерте азанда ҳәм кешки ўақыт ишиледи.
• Қанды ҳәдден тыс суйылтып жибериўге ҳәрекет етпеў керек, өйткени қан кетиў қәўпи жүзеге келиўи мүмкин.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…