Ата-ана бар екен, перзентин келешекте жақсы инсан болып улғайыўын қәлейди. Перзентлерге балалықтан адамгершилик туйғыларын сиңдирип барыў түрли иллетлердиң алдын алады.
Гарвард университетиниң бир топар алымлары балаларды ашық кеўилли, ғамхор етип тәрбиялаўға көмек беретуғын әҳмийетли 6 бағдарды анықлады. Мәрҳамат олар менен танысың.
Көп ўақтыңызды перзентиңиз бенен биргеликте өткериң
Балаңыз бенен болған өз-ара мүнәсибетлер исенимге тийкарлансын. Оның арзыў-қәлеўлерин тек билиўге емес, ал түсиниўге ҳәрекет етиң. Меҳириңизди ўақты-ўақты менен көрсетип турыўды умытпаң. Өйткени, шаңарағында атаанасынан толық меҳир көрген балаларда әтираптағыларға қарата арзымаған нәрсеге ашыўланыў, ғәзеплениў жағдайлары бақланбайды.
Шаңарағында дурыс тәрбияланған, меҳир берип өскен бала әтираптағыларға тек жақсылықты қәлейди.
Миннетдаршылық туйғыларын қәлиплестириң
Көпшилик адамлар жақынлардың барлығы, ғамхорлығы ушын миннетдаршылық билдириўдиң орнына, олардан налыйды. Сиз болса перзентиңизге оған етилген ҳәрқандай үлкенкиши жәрдем ушын миннетдаршылық билдириў кереклигин балалықтан үйретиң! Мәселен, перзентиңиз мазалы тағам ушын сизге, қызықлы сабақ ушын устазына, оның менен ойнағаны ушын әкесине рахмет айтыўды үйренсин.
Изертлеў процесинде алымлар инсанлардың миннетдаршылық билдириўи, олардың бахытлы ҳәм ҳәтте, саламат жасаўына тәсир өткериўин анықлады.
Сезим-туйғыларды қадағалаўды үйретиң
Ашыў, жылаў, қапа болыў – адамды жемиретуғын сезимлер есапланады. Бул жағдай бизге пайда алып келмейди, тек нервлардың кеткени қалады, болғаны. Егер перзентиңиз ашыўға минген болса, оны тынышландырың. Сезимтуйғыларды қадағалаў кереклигин балаларға тән усылда түсиндириң. Бунда оның менен бирге, терең дем алыў ҳәм 10 ға шекем санаў усыныс етиледи. Соннан кейин кишкентайдың неден буншелли наразы болғанының себебин сораң.
Мүтәжлерге көмек бериў ҳәм оларды түсиниў көнликпеси
Балаға әззилерге көмек бериў кереклигин балалықтан үйретип барыў керек. Бунда атаана жеке үлги көрсетиўи жақсы болады. Перзентиңизден жәрдемге мүтәж адамды көргенинде оның орнына өзин қойып көриўин түсиндириў, ғамхорлық сезиминиң артыўына көмек береди. Дүньяда үйсиз-жайсыз, азық-аўқатсыз балалар бар екенлигин, оларға жәрдем бериў ушын көплеген адамлар ҳәрекет етиўин айтып бериң. Социаллық жуўапкершиликти үйретиў ҳәм әззилерге меҳир көрсетиўде өзиңиз оған үлги болың.
Өз ҳәрекетлерине қарата жуўапкерлик сезимин оятың
Балалар ата-анасының ҳәрекетлерин жүдә тез көширип алады ҳәм оларды өзлерине үлги сыпатында қабыл етеди. Балаларға әмел етилиўи керек болған әдеп-икрамлылық нормалары ҳаққында түсиник бериң. Перзентиңизге ол ислеп атырған ҳәрбир ҳәрекет ушын жуўапкерлик сезими бар екенлиги ҳәм ол көплеген адамларға мүмкинлигин айтың.
Әдеп-икрамлылық нормалары
Көпшилик ата-аналар перзентиниң бақшадағы, мектептеги жетискенликлери ушын жүдә көп ойланады да, бирақ олардың әдепикрамлылық тәрбиясына оншелли итибар қаратпайды. Негизинде билимниң басы әдептен басланады. Егер бала әтираптағыларға қарата ҳүрмет пенен мүнәсибетте болса, оған тап сондай тәризде жуўап қайтарады. Ақыллы, әдепли бала нелерге ийе екенлигин оған балалықтан үйретиң. Буларды әтираптағы адамлар, досларынан үйренип алыўын күтпең. Ақыры, тәрбия негизи шаңарақтан басланады ғой.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…