Диетолог ыссыдан сақлайтуғын өнимлерди айтып өтти

RA-img

  


Ыссы ҳаўада жеңил сорпалар, палыз өнимлери, цитрус мийўелер ҳәм қышқылтым тағамлар мақул есапланады. Россиялы диетолог Елена Соломатина «Москва 24» телеканалына берген интервьюсинде ыссыдан сақланыўға жәрдем беретуғын өнимлерди санап өтти.

Диетологтың сөзлерине қарағанда, ыссы ҳаўада түслик ўақтын кеширекке созыў усыныс етиледи. Соломатина жеңил өнимлер жеўди ҳәм аз-аздан қабыл етиўди усыныс береди. Қәниге гаспачо, ләблеби ямаса кефирли окрошка сыяқлы жеңил сорпаларды усыныс етеди. Олар ашлық сезимин азайтыўға ҳәм денеде жоғалтылған суйықлық орнын толтырыўға жәрдем береди. Олар қурамындағы палыз өнимлери калий, кальций, магний, сондай-ақ, қуяштың организмге зыянлы тәсиринен қашыў ушын керекли болған антиоксидантларға бай.

Цитрус мийўелер, қыяр, шийе, қулыпнай ҳәм черника денени суўытыўға жәрдем береди екен. Диетолог ыссыда силекей ажыралыўын күшейтетуғын қышқылтым өнимлерди қабыл етиўди мәсләҳәт береди. Бундай азық-аўқат себепли адам оншелли шөллемейди.

Бул өнимлер қурамындағы суў – басқаша суйықлық. Суў дәрҳал клеткаларға сорылмайды. Бул жүз бериўи ушын организмнен турақлы жумыс талап етиледи. Буған да энергия сарыпланады, ыссыда болса буған жол қойыўға болмайды. Тетиклестиретуғын өнимлерде болған сок формасындағы суў денеден бул исти талап етпейди.

Соломатинаның сөзлерине қарағанда, ыссы ҳаўада надурыс аўқатланыў денеден көбирек энергия талап етиўи ҳәм денсаўлықтың жаманласыўына алып келиўи мүмкин. «Бундай ҳаўа райы шараятында организмге аўыр аўқат киргенде, бул ыссыда аўыр физикалық мийнетти орынлаўға уқсайды. Бул жүрек ҳәм басқа органларға жүклеме», – деп түсиндирди диетолог.

«Ыссылықта денедеги қан қалыңласады. Бул күн өтиўине алып келиўи мүмкин. Сонлықтан қанды суйылтатуғын ѳнимлерди қабыллаған мақул».

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар