Автомобиль басқарып баратырған айдаўшының шаршаў ҳәм мызғып алыў қәлеўи, тилекке қарсы, ушырап турады. Әсиресе, бул узақ сапарға атланғанларға тийисли. Тилекке қарсы, айдаўшылардың көпшилиги буған итибар бермейди ҳәм оншелли дурыс қабыл етпейди. Бирақ кейинги пушайман өзиңе душпан: экспертлердиң есап-китапларына қарағанда, ақыры өлим менен жуўмақланған жол транспорт ҳәдийселериниң шама менен 25%и тиккелей рулде қалғып кетиў себепли келип шығады.
Қабақлар аўырласып, алдында баратырған машиналарға дейинги аралық қысқарып баратырғандай сезилсе, илажы барынша тезирек тоқтаў ушын жер таўып, ҳеш болмаса 5-10 минут мызғып алыў тийис. Есикти ашың, орныңыздан турмастан аяқларды жерге қойың ҳәм басты илажы барынша төменге ийиң: мийге қан келип, оны кислородқа тойындырады ҳәм сол тәризде тез де өзиңизге келесиз.
Узақ сапарға атланыўдан алдын жеңил аўқатланың ҳәм жолға шығыўдан кеминде сегиз саат алдын алкоголь қабыл етпең. Машиналар тоқтаў орнында бес минут гимнастика етип, бирнеше мәрте терең дем алың.
Қулақты қыздырып ысқалаң ямаса бетиңизди шаппатлаң. Муздай суўда жуўының. Ҳәр еки саатта мийўе жеп, көбирек таза суў ишиң. Әдетте, көпшилик уйқыны қашырыўда ишетуғын кофе, тилекке қарсы, уйқысыраўға қарсы жәрдем бермейди: кофеин 2 сааттан кейин ғана тәсир көрсетип баслайды.
Қуўат беретуғын, энергетикалық ишимликлерди ишпең: қысқа пурсатлы тетикликтен кейин өзиңизди және де шаршаған сезесиз. Сырттан таза ҳаўаның турақлы кирип турыўын тәмийинлең. Жағдайыңызды тез-тез өзгертип турың.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…