АЛҒЫСНАМА

Мақсет ЖАҚСЫМУРАТОВ, Рая АЛИМБЕТОВА, Мойнақлы пенсионерлер.
RA-img

  


Биз, жасы үлкенлердиң, жыллар даўамында мийнет етип енди ғаррылық гәштин сүрейин дегенде бир қатар кеселликлер де бизлерге жолдас бола қалатуғыны да ҳақыйқат. Мине усындайда тез-тезден аймағымыздағы ақ халат ийелеринен жәрдем сорап емленемиз. Денсаўлық сақшылары деп те бийкарға айтылмаса керек. Өйткени, көпшилигимизде созылмалы кеселликлеримиз бар, қантлы диабет, жүрек-қан тамыр кеселликлери де мудамы шыпакер қадағалаўын талап етип турады. Сонлықтан, медицина хызметкерлериниң саламатлығымызды қорғаўдағы хызмети үлкен. Бизиң елимизде болса пидайы шыпакерлер биз кекселерди мудамы ҳүрмет ҳәм итибарында сақлап келеди, кеселликлеримизди емлеп барады. Соларға өз пәтиямызды ҳәм алғысымызды берип барыў биз жасы үлкенлер ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз саналса керек. Бир жағынан бул адамгершиликтиң, шүкиршиликтиң ҳәм медицинамызға деген рахметимиз де.

Созылмалы кеселлигимиз болған 2-тип қантлы диабет (диабетлик полинефропатия) себепли елимиздиң белгили емлеў орынларынан бири болған Академик Турақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы филиалына Мойнақ районынан келип емлендик. Әлбетте, ҳәрқандай наўқас киси ең дәслеп өзине деген итибарди күтеди. Бизлер усы емлеў орнының 1-терапия Диабетлик нефропатия бөлимине барған ўақтымызда-ақ, бөлим меңгериўшиси Бекполат Пирниязовтан усы нәрсени таптық. Ол киси биз кекселер менен жоқары шыпакерлик мәденият пенен сөйлести ҳәм өз бөлимине жайластырды. Кейин ала бөлимде маман шыпакер сыпатында танылған Лола Романова бизлерге емлеўши шыпакер сыпатында бекитилди. Бөлим меңгериўшиси Б.Пирниязов ҳәм шыпакер Л.Романовалар бизлерди дәслеп терең көриктен өткерди ҳәм тийисли емлеў усылларын белгилеп берди. Кеселлигимиз туўралы ҳәм оны қалай жеңип өтиўимиз бойынша түсиниклер берди. Ең баслысы, өмирге деген қуштарлық ҳәм позитив көзқарас екенлигин уқтырды. Ҳақыйқатында да, биз кексе жастағы кисилер ушын бул жас қәнигелердиң берген тәселлелери саўалыўымызға деген дәслепки унамлы тәсирин тийгизди.

Ҳәзир, Қудайға шүкир, денсаўлығымыз әдеўир жақсы. Бөлимде тамырға тез ҳәм анық түсетуғын шебер мийирбийкелер Лиза Бердибаева, Есбергенова Сапаргүл, Қурбаниязова Индиралар бас мийирбийке Айсулыў Айтуўғанова басшылығында шыпакерлердиң буйырған дәрилерин өз ўақтында салды. Ҳәр процедура ўақтында өзлериниң ҳәр түрли ҳәзил-дәлкеклери, қызықлы сәўбетлери менен қабарған кеўлимизди көклерге көтерди. Бул, әлбетте, жоқары медициналық билим менен қатар наўқаслар менен мүнәсибет орнатыўдың басқалар үлги аларлық тәрепи еди.

Ал, хожалық мийирбийкеси Инжигүл Әбдижамилова болса таза матрас ҳәм простынялар менен тәмийинлеп, тап өз үйимизде жатқандағыдай атмосфераны тәмийинлеп берди. Санитарка Бахытгүл Досназарова болса емлениў ўақтымызда жатқан палатамызды өз ўақтында тазалығын тәмийинлеп берди. Керек болса, шай-аўқат ишкен ыдысларымызды да пидайылық пенен жуўып, тап-туйнақтай етип қойды.

Бизлер емлениў барысында бир нәрсеге исеним кәмил еттик, бул бөлимде, улыўма алғанда усы Академик Турақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы филиалында ҳәр бир медицина хызметкери (мейли шыпакер, мейли мийирбийке, мейли санитарка ҳ.т.б.)ниң системалы ҳәм тәртип пенен ҳәрекет етиўи, бизиңше, бул орынға шыпа излеп келген ҳәрқандай наўқастың тезирек саўалыўына себепши болыўы сөзсиз.

Сөзимиздиң жуўмағында, жоқарыда аты аталған медицина хызметкерлериниң жумысларында бәрқулла табыслар болсын, денсаўлықлары мықлы болып, халық хызметинде шаршамағай. Мәмлекетимиздиң жоқары атақ ҳәм сыйлықларына ерисиўине тилеклеспиз!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар