МИЙДИҢ ҚАРТАЙЫЎЫНА ТОСҚЫНЛЫҚ ЕТИЎ УСЫЛЛАРЫ

RA-img

Қартайыў процеси тек денеде ғана емес, ал сондай-ақ мийде де өзин көрсете баслайды. Бирақ, ҳәмме адамлар да кекселикке жетемен дегенше тынық пикирлеўди ҳәм ойлаў қәбилетин сақлап қалыўды еплей алмайды. Гейде саў-саламат адамларда да бул қәбилеттиң әззилеўи сезилип турады. Нейрофизиологлардың изертлеўлерине қарағанда, адам дурыс аўқатланып жүрсе, саламат турмыс тәризине әмел етсе, мийди беккемлеўши шынығыўларға ўақтын ажыратса, онда кекселик дәўир мийге қәўип сала алмайды екен.


Медитация

Медитация – адамның өз-өзин тынышландырыў усылы болып, стрессти азайтыўға, қан басымын түсириўге, иммунитет ҳәм кейпиятты көтериўге, дыққат-итибарды жәмлеўге жәрдем береди.

 

Атыз жумыслары

Атызда бағманшылық етиў ҳәм палыз егинлерин өсириў менен шуғылланыў мий ушын жүдә пайдалы. Сиз бундай ҳәрекетлер ўақтында стресслерден жырақласасыз, кейпиятыңыз көтериледи, өсирип атырған егин-тигинлериңизди көрип йошланасыз, физикалық мийнет етесиз, ең тийкарғысы – таза ҳаўада жүресиз.

 

Аўқат писириў

Изертлеўлерге қарағанда, аўқатты үйде өзи таярлап жейтуғын адамлар тийкарынан алғанда саламат турмыс тәризине әмел етеди. Соның менен бирге, олар ең таза ҳәм сапалы өнимлерди таңлап жейди, өз қолы менен тағам таярлап жүргенлигин мақтаныш етеди. Булар мийге унамлы тәсир жасайды.

 

Китап оқыў

Китап оқып, сол китаптың үстинде пикир жүритиў барысында адамның ақыл-ойы өткирлеседи, сөз байлығы артады, дүнья танымы кеңейеди. Китап мийди және де белсендилеў ислеўге үндейди. Буннан тысқары, китап оқыў стресске қарсы гүресиўдиң ең тәсирли усылларынан бири есапланады.

 

Музыкалық әсбапты шертиў

Қандай да бир музыкалық әсбапты шертиў менен бәнт болыў адамдағы тыңлаў, дыққатты жәмлеў қәсийетлерин раўажландырады, еслеў қәбилетин беккемлейди. Улыўма алғанда, музыкалық әсбапларды шертиў үлкенлерде де, жасы кишилерде де интеллектуаллық  коэффициентти жоқарылатады.

 

Шахмат ойнаў

Шахмат ойынын бийкарға «ақыл гимнастикасы» деп атамаған. Бул ойын мий ушын ең жақсы шынығыў болып табылады. Өйткени, шахмат ойнағанда мийдиң ҳәр еки ярым шары да раўажланады, еслеў қәбилети ҳәм стратегиялық сана жақсыланады.

 

Аяқ ойын

Аяқ ойын – тек физикалық тәрбия ғана емес, ал стресс гормонларын азайтатуғын илаж да. Соның менен бир ўақытта, танецке түсиў, ондағы комбинация ҳәм элементлерди еслеп қалыў мийдиң усы имканиятларын да раўажландырады.

 

Командалық спорт ойынлары

Командалық спорт түрлери (футбол, волейбол, баскетбол) менен шуғылланыў адамға ҳәрекетшең болыў, дослар арттырыў ҳәм көп адамлар менен сәўбетлес болыў имканиятын береди. Изертлеўлердиң нәтийжесине қарағанда, сөйлесетуғын адамың жоқ, өзиң де үндемей жүре берсең, басқалардың да сениң менен иси болмаса, бундай жағдай мийге унамсыз тәсир етеди екен.

 

Тоқыў

Қәнигелердиң пикиринше, ҳаял адамның бир өзи отырып шулық, свитер, жеңсиз тоқыўы – қәўетерлениў, тынышсызланыў, депрессия ҳәм созылмалы кеселликлерге қаратылған ең жақсы қурал екен. Тоқыған ўақыттағы спицаларды услаған бармақлардың ҳәрекетлерин медитация процеси менен салыстырсақ болады. Тоқыў нерв системасын тынышландырып, ойлаў-пикирлеў имканиятларын тезлестиреди.

 

Күнделик дәптер жазыў

Күнделик дәптер тутыў – ең жақсы әдет. Сен оның бетлерине өз ойларың, идеяларың ҳәм режелериңди жазып барасаң. Бул стресслерден қутылыў, көплеген машқалаларды шешиў ҳәм мақсетиңе қарай адымлаў имканын береди. Буннан тысқары, күнделикке жазып барыў – мағлыўматларды есте сақлаўдың ең нәтийжели усылы есапланады.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар