Ҳаялларға тән көп кеселликлер олардағы руўхый бузылыўдан келип шығады. Қандай да бир ўақыядан қатты тәсирленген, кеўлине жақын алған, қапа болған, стресске түскен ҳаял денесине дәртлер жапырылып келеди.
Психосоматика тиккелей усы мәселе – соматикалық кеселликлер ҳәм психологиялық факторлар ортасындағы байланыслылықты үйренеди. Қайсыдур кеселликке шатылған ҳаял оның себеплерин излер екен, тек шыпакерге емес, ал психолог қабыллаўына да барғаны мақул. Ырасында да, неге адам жығылып түсип, жарақат арттырса, мәлҳәм сүртип, үстин байлап қояды да, кеўил жарақатын итибарсыз қалдырады? Неге жылап атырған сана астын жубатпайды.
Мине – барлық кеселликлердиң бас себепшиси. Көплеген кеселликлерди келтирип шығаратуғын фактор сыпатында көрилип атырған – экология, аўқатланыў, инфекция, ҳаўа-райындағы насазлықлар кеселлик ушын сая, болғаны. Негизинде адамның өзи кеселлик шақырады. Ҳешким бийтап болыўды қәлемейди ғой, дерсиз. Бирақ, биз руўхыятымыз, өмир, инсанлар ҳәм өзимизге болған мүнәсибетимиз арқалы түрли кеселликлерге шараят жаратып беремиз.
Ҳәзирги ўақытта ҳаяллар арасында белгили болған кеселликлерге де руўхый кеширмелер себепши болып табылады.
Эрозия – ҳуқықы хорланған ҳаяллар кеселлиги
Бул кеселлик жыл сайын жасармақта. Оған тек ғана ҳаяллар емес, ал жас қызлар да шатылмақта. Себеби сыпатында нәсиллик мейиллик, гигиена қағыйдаларына әмел етпеў, жынысый турмыстың турақлы емеслиги тийкар етип көрсетиледи. Бул пикирге қосыламыз. Бирақ, психосоматика тәрептен алып қарайтуғын болсақ, өзин хорланған, ҳүрметсизликти сезинген, ҳуқықлары аяқасты болып атырғанынан хорланған ҳаяллар эрозия арттырып алады екен.
Наўқас ҳаял гинекологтың емлеў усылларын қабыл етиў менен бирге руўхыяты үстинде де ислеўи тийис. Ең дәслеп, өзиниң ҳаял екенин сезиниўи, әззилигин тән алыўы, күйеўи менен мүнәсибетлерине жылыўлық алып кириўи мақсетке муўапық. Жатыр мойны эрозиясы анықланған ҳаяллар өзин жақсы көрсин, илажы барынша көбирек жақсы көрсин!
Молочница – күйеўин жақсы көрмеўдиң ақыбети
Негизинде бул кеселликти кандида грибогы қозғап, қын микрофлорасы бузылғанын аңлатады. Психология диагнозға қосымша етеди: ҳаял күйеўин сүймей қойды. Ол күйеўине алдынғыдай сүйенбейди, ынтығып күтпейди, бирге өткерген демлеринен рәҳәтленбейди.
Тәўир болыўды қәлесеңиз, өмирлик жолдасыңыздың жақсы тәреплерин излең, әлбетте, табасыз! Оны жаман көриўиңизге мәжбүр еткен ўақыяларды умытың, күйеўиңизди кешириң.
Эндометриоз себеби – шүкирсизлик
Бул жатыр силекей қабатының асқынланыўы болып табылады, әдетте мезгилсиз қан кетиўи менен белги береди. Гинекологияда эндометриоз себепшиси сыпатында ҳаял иммунитетиниң төменлиги, денедеги инфекция ҳәм вируслар, аборт сыяқлы факторлар көриледи. Дурыс, бул кеселликке және күйеўи менен қопал мүнәсибетте болатуғын, оған көп наразылық билдиретуғын, жәнжелге бейим, улыўма алғанда, өмирден налып жасайтуғын ҳаяллар жолығады. Бундай ҳаялларға шағымды шүкир етиўге алмастырыў, күйеўи менен сабырды иске салып жасаў, шаңарақта даўысын көтермеў мәсләҳәт бериледи.
Күшли жыныстан қапа болсаңыз, жатырда миома тамыр шығарады
Жатыр миомасы – қәўипсиз өспе, гормонға қарам кеселлик. Гормонал дисбаланс, эндокрин кеселликлер, жарақатлар миоманы баслап береди. Психосоматикада келтирилиўине қарағанда, миома күшли жыныс ўәкиллеринен қапа болған ҳаялларға жабысады. Бул күйеўи болыўы шәрт емес, ҳаялдың әкеси, ағасы, иниси, қәйинатасы, улы ямаса жумыс орнындағы баслығы, қулласы ер адамлардан ким оны қапа етсе, ҳаял болса түскин жағдайдан шығып кете алмаса, жатырда миома тамыр шығарады. Жүдә қызғаншақ ҳаяллар, күйеўдиң қыянетинен қатты стресске түсип қалғанлар да миома арттырып алады.
Егер ҳаял емленип атырғанда оны қапа еткен ер адамларды кеширсе, ишин кемирип атырған ўақыяларды есинен шығарса, емлеў усыллары жақсы тәсир көрсетеди.
Өзинен кеўли толмаған ҳаялда аналық бези кистасы ушырайды
Медицина көзқарасынан қарағанда, денедеги асқынланыў ҳәм инфекция ошақларының ўақтында сапластырылмаўы аналық безинде киста пайда етеди. Бул пикирдиң дурыслығына гүман жоқ. Бирақ, ҳаялдың өзинен кеўли толмаўы, өз пикирин билдире алмаўы, имканиятын жүзеге шығара алмаўы да аналық бези кистасына себепши екен.
Наўқас ҳаялға өз қабығынан шығыў, сүйикли иси менен шуғылланыўы, жақсы сәўбетлес табыў мәсләҳәт бериледи.
Факт: Қапалық тийкарынан 5 қолайсызлық пенен денеге сиңип кетеди: көкиректе аўырыў, тез шаршаў, уйқының бузылыўы, бас, бел ҳәм қарын аўырыўы. Аўырыў менен қапалықты денеңизге мөрлемең, ал оны шүкирлик етиў, кешириў, өзин жақсы көриў туйғылары жәрдеминде шығарып таслаң.
Ҳаяллық умытылса, етек келиў цикли бузылады
Етек келиў циклиниң бузылыўы – гормонлар тынышсызлығынан дәрек. Бундай машқаласы бар ҳаял-қызлар гинеколог-эндокринолог белгилейтуғын емлеў усылларын алыўы тийис. Психологқа барса да зыян етпейди. Өйткени, ҳаяллық тәбиятынан жырақласқан, еркеклер ўазыйпасын мойнына алған ҳаялларда да усындай қолайсызлық бақланады. Етек ўақтында келмейди, гейде кешигеди, гейде ўақтынан әдеўир илгерилейди, көп қан кетеди, аўырыўлы өтеди.
Шаңарақта да, жәмийетте де еркек ҳәм ҳаялдың өз орны бар. Ең дәслеп, соны анықластырып алың. Ҳаял – нәзик жаратылыс, ол қорғаўға мүтәж. Дурыс, ол күшли, соның менен бирге әззилигинен пайдаланыў ҳуқықына де ийе.
Мойныңызға артықша жуўапкершилик алмаң, ал ҳәр тәреплеме өмирлик жолдасыңызға сүйениң. Өтинишлер күйеўиңизди бездирип қояды, деген қыялға бармаң, керисинше, мүтәжлигиңизди қандырыў ҳәм талапларыңызды орынлаў жубыңызды сизге жақынластырады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…