Ең дәслеп организмди жат нәрселер – зәҳәрлениў, шлаклар, қандағы тығынлар (тромб), паразитлерден тазалаң;
– Денсаўлығыңыз көтергенше мийнет етиўиңиз мүмкин, тек ашыўланыў ҳәм физикалық зорығыў усыныс етилмейди;
– 10 кг нан артық жүк көтериў усыныс етилмейди;
– Ислеп атырғанда ямаса оқып атырғанда жақтылық шеп тәрептен түсиўи лазым ҳәм жетерли жақтылық болыўы тийис. Ҳәр 15 минутта тәнепис етиң;
– Ийилип ислеў усыныс етилмейди.
– Көз ушын шынығыўлар ислеп турыў пайдалы;
– Жүрек-қан тамыр системасы, өкпе кеселликлери, қантлы диабет, бөтеке ҳәм баўыр кеселликлери көзиңиздиң жағдайына унамсыз тәсир етеди;
– Телевизор көриў қадаған етилмейди, тек басыңызды дурыс тутып, жақсы жақтысы бар бөлмеде көриң. Шырақты өширип, узақ ўақыт телевизор көриў усыныс етилмейди;
– Мойынды қысып туратуғын, тар желкели свитерлер, кийимлер ҳәм галстуклер тақпаң;
– Шегиў улыўма мүмкин емес!
Алкоголь қабыл етиў қан-тамыр системасына ҳәм көзге де унамсыз тәсир көрсетеди;
– Ыссы монша усыныс етилмейди;
– Түнги уйқы ҳәм кешки сейиллер пайдалы. Уйқысызлық унамсыз тәсир етеди. Жатыўдан алдын аяғыңызға ыссы ванна қабыл етиў, бир ас қасық пал жеп жүриў пайдалы;
– Арнаўлы диета талап етилмейди. Витаминлерге бай азықлықларды (палызлар, мийўелер) көбирек қабыл етиң;
– Салмағыңызға қарап суў нормаңызды ишиң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…