БҮЙРЕК ТУЎРАЛЫ ҚЫЗЫҚЛЫ ФАКТЛЕР

Күнсулыў Аметова, АИЖС орайының жоқары категориялы врач лаборанты
RA-img

  


1. Бүйрек организмдеги қанды зәҳәрли элементлерден тазалап туратуғын орган есапланады. Қанды зыянлы элементлерден нефронлар тазалайды.

2. Бүйрек тас деп аталған кеселлик ең қәўипли бүйрек кеселлиги есапланады. Ҳиндистанлы доктор Ашиш Равандал-Патил уролог бир бүйректен жәми 172 155 дана тасты алып таслап, Гиннес рекордлар китабынан орын алған.

3. Барлық бүйрек кеселликлери витамин жетиспеўшилиги себепли қыс мәўсиминде қозғалады.

4. Ҳәр күни бүйректе 1500-2000 литр қан фильтрленеди. Бес минутта организмдеги жәми қан бүйрек арқалы өтиўге үлгереди.

5. Қан бүйрекке арнаўлы бүйрек артериялары арқалы өтеди ҳәм зат алмасыўы нәтийжесинде пайда болған зыянлы элементлерден тазаланады. Олар киши дәрет пенен бирге сыртқа шығады. Тазаланған қан болса бүйректен және бөлек тамыр арқалы организмге қайтады.

6. Бүйректеги капиллярлардың узынлығы 25 километрге тең.

7. Бир бүйрек 1 миллиондай фильтрлеў элементлеринен ибарат.

8. Бүйреклер салмағы 120 дан 200 граммға дейин болады. Оң бүйрек шептегисине қарағанда әдеўир үлкен көлемге ийе. Бүйреклер диаметри 4 сантиметрден ибарат.

9. Дәслепки жасалма бүйрек 1944-жылы жаратылған. 2013-жылы америкалы алымлар имплантацияға масластырылған жасалма бүйрек түрин биоинженерлик усылы жәрдеминде ойлап тапты.

10. Есап-китапларға қарағанда, 10 000 бүйрек хирургия әмелиятынан кейин 5 наўқас ғана қайтыс болған. Қалғанлары тәўир болып және өмирге қайтқан.

11. Бир бүйрек баҳасы 1000 нан 30 мың долларға дейин баҳаланады.

12. 2006-жылдан бери Америка ҳәм Европа мәмлекетлеринде март айының екинши пийшембисинде Бүйреклер күни байрамланады.

13. Гипертония ҳәм жүрек кеселликлери процесинде бүйреклер де жәбир шегеди. Бүйрек жетиспеўшилиги инфаркт ҳәм инсульт қәўпин 25 есе асырады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар