Балаларымызға жазыўды үйретемиз

RA-img

  


Ҳәр бир ата-ана перзентиниң шырайлы, қәтелерсиз жазыўын қәлейди. Және көпшилик ата-аналар «Балам мектепке барыўдан шырайлы жазыўлары менен бәршени лал қалдырса…» деп қыяллайды. Ал, бул ҳаққында қәнигелер қандай пикирде?

 

Жазыўды неше жастан баслаймыз?

Бала еле мектеп жасына жетпеген болса, оған шырайлы, курсив пенен жазыўды үйретиў шәрт емес. Жазыўды үйрениў – ҳәр тәреплеме әҳмийет бериўди талап ететуғын қурамалы процесс. Мысал ушын, балаға дурыс отырыў, үйретилетуғын ҳәриплердиң избе-излиги, қолды дурыс услаў, сондай-ақ, оннан талап етилип атырған нәрсени түсиндире алыў да бул процессте үлкен роль ойнайды.

5,5 – 6,5 жаслы балаға дәрҳал ҳәриплерди жазба көринисинде жазыўға үйретиў надурыс болады. Үйретиў шынығыўларын баспа ҳәриплерден баслаған мақул. Балаға үйретиўде оның моторикасы раўажланғанлығына, дыққатын бир жерге жәмлей алыўына, көрген нәрсесин ядлап қала алыў қәсийети ҳәм басқа да тәреплерине итибар бериў керек.

Гейпара балаларда бундай қәсийетлер 4,5 жасынан-ақ қәлиплесип үлгереди. әдетте, 5-6 жаслы балалар баспа ҳәриплерди аңсат үйрене алады. Соның ушын, бул жаста оларға ҳәриплер қалай жазылыўы керек екенлигин көрсетиў ҳәм түсиндириўге болады.

 

Шынығыўлар қалай өткериледи?

Балалар ҳәрбир нәрсени, ҳәтте билимин де ойынлар арқалы жақсырақ қабыллай алады. Бирақ, мектепке таярлық – бул ойын емес, оған саналы түрде жантасыў керек. әдетте бир жерде отырыўға әдетленбеген балалар ушын жазыўды үйрениў бираз қыйынырақ кешеди. Сол себепли, жазыў ушын ажыратылған ўақыт көп болмағаны мақул. Бала менен ҳәр күни 10-15 минут шуғылланыўдың өзи жеткиликли.

 

Қәтеге жол қоймаң!

Көпшилик ата-аналардың тийкарғы қәтеси – жазыўға таярлаўдың орнына бирден жазыўға үйретиўге кирисип кетеди. әзиз ата-аналар, жазыўды үйрениў – бул қурамалы басқыш. 2-3 жыл даўамында әстеақырын, басқышпа-басқыш өтиў мақсетке муўапық.

 

Неге ҳәр түрли?

Ҳәркимниң жазыўы ҳәр түрли болады. Гейде ата-аналар бир класста, бир муғаллимнен жазыўды үйренген балалардың жазыўы бир-биринен пүткиллей парықланатуғынлығын байқайды. Балаларда жазыўдың ҳәр түрли болыўының еки себеби бар:

бириншиден, ҳәр бир баланың физиологиялық раўажланыўы,

екиншиден, жазыўды үйрениўи ҳәр түрли болады. Муғаллим бирқыйлы түсиндирсе де, балалар түрлише қабыл етеди. Бунда бала руўхыятының, нерв системасының өзине тәнлиги, оның қәбилети, денсаўлығы да әҳмийетли роль ойнайды.

 

Ата-аналарға мәсләҳәтлер

Балаға қәлем яки ручканы қалай услаў керек екенлигин көрсетиң. Бас ҳәм суқ бармақ пенен усланған ручка ортан бармаққа сүйенген болыўы керек. Бунда бас бармақ суқ бармақтан жоқарырақта турады. Ручканың артқы ушы ийинге қаратылған болыўы лазым.

Дәслеп бала менен бирге өзиңиз де әпиўайы сызықларды, мәселен, вертикал, ақыры яки басы қайырылған сызықлар, шеңбер ҳәм т.б. формаларды сызың.

Ҳәр бир сести айтып, оның таңбасын өзиңиз сызып көрсетиң. Ҳәрипти балаға көрсеткен жағдайда әсте сызып түсиндириң. «Төменге сызық, кейин жоқарыға», «Бул жерин қайырамыз, бул жерин түсиремиз» ҳәм .т.б.

Исенимимиз кәмил, перзентиңиз жазыўды тез де үйренип, еркин орынлай алатуғын болады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар