Бәрше жуқпалы кеселликлер арасында өткир ишек кеселликлери көбирек ушырайды. Ишек инфекциялары тийкарынан үш жол менен тарқалады: суў, азық-аўқат өнимлери, патас қол ҳәм үй буйымлары. Бундан тысқары, жаз ҳәм гуз айларына ишек инфекцияларының тарқалыўында шыбын-ширкейлердиң роли үлкен.
Инфекция қозғатыўшылар саў адам организмина тусип, асқазан-ишек жолының турли бөлимлеринде қолай шараят табады. Сол себеп ишек кеселликлеринде ас сиңириў система искерлиги бузылады ҳәм усы кеселликтиң тийкарғы белгилери есапланады.
Кеселликтиң дәслепки белгилери қозғатыўшы жуққаннан соң көп ўақыт өтпестен пайда болады. Кеселликтиң инкубацион дәўири бир неше сааттан бир неше кунге шекем даўам етеди. Кеселлик күшейиўи басланғанда, дене температурасы 38 градус дәрежеге ямаса оннан да жоқары көтериледи, ҳәлсизлик бақланады, бул ҳалда наўқастың жағдайы жаманласады.
Кеселликти ерте диагностика қылыў, наўқасларды емлеўханаға жатқарыў, оларды диспансер бақлаўға алыў улкен әҳмийетке ийе. Наўқас емлеўханаға жатқарылғанда, наўқас пенен үйде яки жумыс орнында қатнаста болған адамлар арасында кеселлик жуғыўының алды алынады.
Айырым наўқаслар шыпакер кеңесисиз үй шараятында емленип аўыр ақыбетлерге алып келеди. Соның ушын ишек искерлиги бузылған ямаса кеселликтиң дәслепки белгилери жүзеги келиўи менен аймақлық поликлиникаға мурәжаат қылыўы керек.
Өткир шек кеселлигиниң алдын алыўда төмендегилерге итибар бериң:
1. Аўқат жеўден алдын қолды (сабынлап) жуўыў керек.
2. Мийўелерди қабыллаўдан алдын водопровод суўында жуўыў.
3. Шыбын, нангөреклерди жоқ қылыў.
4. Бәрқулла таза суўдан пайдаланыў.
5. Шығындыларды бәрқулла өз ўактында алып кетиў.
6. Ҳәр 2-3 күнде шығынды ураларын, ҳәжетханаларды ҳәм басқа жерлерди дезинфекциялаўшы препаратлар менен зәрерсизлендириў.
7. Турақлы түрде санитария-гигиена қағыйдаларына қатаң әмел етиў.
Жоқарыда көрсетип өтилген мәслаҳатлерге толық әмел қылсаңыз, жуқпалы кеселликлерге шалынбайсыз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…