Асығып аўқатланыўға ерип келетуғын кеселликлер

RA-img

  


Түслик ўақты. Сонда сиз асығып, кеминде қолыңызда телефон менен аўқатланып атырсыз ба? Бираз тоқтап, бир сораўымызға жуўап берсеңиз. Аўқатты толық шайнап жутып атырсыз ба? Егер жуўабыңыз яқ болса, төмендеги кеселликлер сиз тәрепке жолға шыққан ҳәм тез арада есигиңизди қағыўына таяр турың.

 

Асқазан бузылыўы

Асқазан бузылыўы – асығып аўқатланыўдың кепилленген ақыбети. Сиз тарелкаңызды көз ашып жумғанға дейин босатыўыңыз бенен асқазанда спазм ҳәм тартысыў сезими пайда болады. Бул болса өт қалта асқынланыўы ямаса асқазан жарасы раўажланыўына себеп болыўы тәбийий.

 

Семирип кетиў

Көплеген илимий изертлеўлер соны тастыйықлайды, асқазан мийге тойғанлығы ҳаққында импульс жибериўи ушын шама менен 20 минут ўақыт кетеди. Асығып аўқатланып атырғанда болса асқазан буған үлгермейди ҳәм сиз жүдә көп аўқат қабыл етесиз. Нәтийжеде салмағыңыз сезилерли дәрежеде артады.

 

Жүдә қәўипли машқалалар

Асығып аўқатланыў жүрек-қан тамыр кеселлиги ҳәм қантлы диабет қәўпин асырады. Алымлардың пикирине қарағанда, асығыслық пенен аўқатланыў қан басымы көтерилиўине, қарында май топланыўына, холестерин ҳәм қанда қант муғдары артыўына алып келеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар