Норвегия Мий институты алымлары мийдиң узақ ўақыт даўамында белсенди ҳәм жас болып қалыўы ушын ҳәр күни еки ас қасық өсимлик майын қабыл етиў керек екенин дәлилледи.
Ҳәмме гәп қан тамырларында (соның ишинде, бас мийди азықландыратуғын майда капиллярларда) холестерин элементиниң көбейиўине қарсы гүресиўде жәрдем беретуғын F витамини ҳәм клетка мембраналары қурылысында қатнасатуғын олеин кислотасында. Ол нерв тоқымаларының зыянланған клеткалары жаңаланыўы ҳәм тиклениўине жәрдем береди, яғный мий нейронларының жасарыўы ушын жуўапкер есапланады. Сондай-ақ, өсимлик майлары А ҳәм Е витаминлерине бай болып, А витамини териниң жумсақлығы, көриў қәбилетиниң жақсыланыўы ҳәм иммунитетти көтериў ушын жүдә зәрүр. Е витамини болса антиоксидант болып, инфекциялардан қорғайды.
Зайтун майы. Бул майдың этикеткада көрсетилетуғын кислоталылық дәрежеси қаншелли төмен болса (0,8%ке дейин), май соншелли жоқары сапалы есапланады. Зайтун майын әййемги Грецияда «суйық алтын» деп атаған. Онда олеин кислотасы жүдә көп муғдарда болып, май қыздырылғанында канцерогенлерди дерлик пайда етпейди.
Айғабағар майы. Лецитин элементиниң ең жақсы дәреги. Бул элемент баланың нерв системасы қәлиплесиўине жәрдем береди, үлкен жаста болса пикирлеў белсендилиги ҳәм тынықлығын сақлайды. Сондайақ, лецитин кемқанлықтың алдын алады, руўхый тынышлықты тәмийинлеўде жәрдем береди.
Мәкке майы. Ол организмдеги холестерин алмасыўын жүдә жақсы тәртипке салады. «Жаман» қатты майлардың бөлеклениўине жәрдем береди. Мәкке майында фосфор туўындылары, яғный фосфатидлер болып, олар мий ушын жүдә пайдалы есапланады. Сондай-ақ, бул май қурамындағы никотин кислотасы (РР витамини) жүрек-қан тамырларының искерлигин жақсылайды.
Хантал майы (Горчичное масло). Өзиниң бактерицид қәсийетлери себепли не затқа қосылған болса, сол өнимниң узақлаў сақланыўына, жаралар ҳәм күйген жерлердиң тезирек питип кетиўине жәрдем береди. Хантал майы ысытыўшы ҳәм жумсартыўшы қәсийетлерге де ийе болып, бронхит ҳәм ангиналар ўақтында оның менен ингаляциялар ислеў пайдалы. Бирақ, бул майды аўқатқа көп ислетип болмайды.
Өзиниң пайдалы қәсийетлерине қарамастан, хантал майы қурамында организмдеги ас сиңириў ферментлери тәрепинен бөлекленбейтуғын кислоталар бар.
Зығыр майы (Льняное масло). Өсимлик майлары арасында ең төмен калориялы болған зығыр майы азыў ушын арналған диеталарда кең қолланылады.
Баўырдағы токсинлерди шығарыўға жәрдем береди. Қурамындағы Омега-3 кислотасының муғдары бойынша балық майын артта қалдырады. Зығыр туқымында нитратларды жоқ ететуғын антиоксидант бар.
Гүнжи майы. Қурамындағы кальций элементи бойынша майлар арасында чемпион есапланады. Оны ҳаяллар майы да дейди. Бул май, әсиресе, жүклилик дәўиринде ҳәм гормонал өзгерислер ўақтында жүдә пайдалы. Қалқан тәризли без ҳәм подагра (буўынлардағы зыянлы дузларды шығарады) кеселликлеринде аўҳалды жақсылаўға жәрдем береди. Бирақ, гүнжи қанның қуйылыў қәсийетин күшейтеди. Сол себепли жүрек кеселликлери ҳәм варикозға шатылған адамлар оны абайлап қабыл етиўи тийис.
Қабақ майы. Цинк элементиниң әжайып дәреги.
Бул элемент болса еркеклерде тестостерон гормонының ислеп шығылыўына жәрдем береди. Қабақ майын зайтун майы менен араластырып, салатларға қосыў мүмкин. Бирақ, бул майда қуўырыў усыныс етилмейди – аўқатыңыз күйип кетиўи ҳәм оннан жағымсыз ийис келип турыўы мүмкин. Буннан тысқары, қабақ майында селен элементи көп. Жылдың суўық дәўиринде ол иммунитетти көтереди.
Соя майы. Оның үстин тәрепи – қурамында лецитин көп болып, ол көз нурын тынықластырады ҳәм орайлық нерв системасы искерлигин жақсылайды.
Соя майы картошка қуўырыў ушын жүдә қолай.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…