ЖЕРДЕ ОТЫРЫП АЎҚАТЛАНЫЎДЫҢ ҚӘСИЙЕТИ НЕДЕ?

RA-img

  


Сораў: – Дастурқан әтирапында отырыўдың қандай абзаллықлары бар? Сол туўралы мағлыўмат берсеңиз.

 

Жуўап: – Шығыс халықлары турмыс тәризинде хантахта ямаса жерге жайылған дастурқан әтирапында отырып аўқатланыў дәстүри әййемнен бар. Заман бағыты менен стол-стулларда отырыў әдет болса да, бәрибир, көпшилик жерде отырыўды мақул көреди. Ҳәтте ең раўажланған мәмлекет Японияда да жерде отырған ҳалатта аўқат желинеди. Буның өзине тән гәшти болыў менен бирге, денсаўлық ушын пайдалы тәреплери де бар.

Ҳәзирде аўқатланыўға туўры келгенде қарын тойдырыў ушын көшеде кишкене асханалар қасында отырған бийик стол алдында тик турып ямаса ярым отырған ҳалда булочка ма, сомса ма жеп аламыз. Бул жерде гәп не жеп атырғанымызда емес, ал оны қандай ҳалатта жеп атырғанымыз туўралы болады.

Итибар берген болсаңыз, турып аўқатланып атырған адам қәддин бираз бүгиўине туўры келеди. Бул болса омыртқа бағанасы ушын зыян.

Бүгинги глобал турмыс ритми дерлик ҳәммени жол-жөнекей «аўқатланатуғын» етип қойды. Буның физикалық ҳәм психологиялық саламатлық ушын қаншелли зыянлы екенин болса аз ойлаймыз. Негизинде, дастурқан әтирапында отырып, аўқатты қәтержам шайнап жутыў керек. Жерде отырып аўқатланыўдың қаншелли пайдалы екенлигин бүгинги күн илимпазлары да тән алады.

Мине буның пайдалары нелерден ибарат:

• Бириншиден, адам жерде малдас қурынып отырғанда, ҳалат өзине тән йога шынығыўының қурамлық бир бөлимин орынлап атырған боласыз. Малдас қурынып отырғанда аяқларды дизеден бүгесиз, аўқатты алыў ушын алдынға созыласыз. Созылыў ҳәрекети қарын пресси булшық етлери ҳәрекетин активлестиреди. Бул болса асқазан ширесиниң ислеп шығарылыўын жеделлестиреди. Өз-өзинен, аўқатты сиңириў процеси де жеңиллеседи.

• Екиншиден, жерде отырғанда денеңиз ийилиўшең болады. Аўқатланып атырған мәҳәлде жамбас ҳәм геўдениң арқа бөлиминиң булшық етлери созылады. Булшық етлер созылғанда болса аўырыўлар азаяды.

Малдас қурып отырғанда дизе, бөксе, желке ҳәм көкирек тараўларының булшық етлери созылады. Пүткил омыртқаның ийилиўшеңлиги артады. Бул көплеген кеселликлердиң алды алынады дегени. Омыртқа күши ҳәм созылыўшаңлығы есабына қәўмет тик усланады, ийилип қалыў сыяқлы жағдай жоғалып барады.

• Үшиншиден, дастурқан әтирапында отырып аўқатланыўдың және бир абзаллығы сонда, ҳалат қан айланысына жақсы жәрдем береди. Денениң басқа бөлимлерине де жетип барады. Қан жетип барды ма, демек, ҳәмме органлардың тоқымаларына зәрүр муғдарда азықлық элементлер барады.

Адам отырғанда денесинде айланып атырған қан бир ритмде болғаны ушын жүрекке түсетуғын басым азаяды. Демек, аўқат сиңип атырғанда, асқазан, ишек, баўыр сыяқлы сиңириў органлары ислеп атырғанда, жүрек бираз тыныш ислеп дем алады.

• Төртиншиден, турып аўқатланғанда адамда көбирек аўқат жеп қойыў итималы үлкен болады, нормадан артығын жейди де. Бул артықша салмақ басыўы ҳәм семириўге алып келеди.

Жерде отырып аўқатланыў ақыл ҳәм денени тынышландырады. Адам дыққаты аўқатқа жәмленеди, саналы тәризде аўқатты шайнап жутады, тойып жемеўге ҳәрекет етеди. Буннан тысқары, отырғанда әстен аўқатланады, сонда мий дене тойғанын «түсинип», болды, жетеди деген сигналды береди.

• Бесиншиден, жүрген ҳалатта аўқатланыў инсанның руўхый жағдайына унамсыз тәсир етеди. Шаңарақ орталығында, дослар, кәсиплеслер менен аўқатланбаў өз-ара мүнәсибет жетиспеўшилигине алып келеди. Бул түскинликке, адамлардан ажыралып қалыўға себеп болады.

Отырғанда арқайынласар екенбиз, күн даўамында жумыста, көшеде алған стресслеримиз тарқалады, аўқатымызды тыныш отырып жеймиз, қәдирданларымыз, жақынларымыз бенен жүзбе-жүз отырып бирбиримиздиң бар болғанымызға шүкирлик келтиремиз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар