Күнлерден бир күни ҳәким жолда кетип баратыр екен, көшеде ешегин жетеклеп баратырған Әпендини көрип, айдаўшысына:
— Әпендиниң қасында тоқтат, бир баплайын, – депти.
Ҳәким Әпендиге қарап:
— Ҳә, Әпенди, ешегиңди оқыўға алып баратырсаң ба? – деп айдаўшысы менен ишек-силеси қатып күлисипти.
Гәпке жуўап ретинде Әпенди:
— Аўа, оқыўға алып баратырман. Оқыса, ҳәким болады, оқымаса айдаўшы! – деген екен.
*** *** ***
Қалалы жигит пенен аўылдан келген қыз аўқатланып отырған екен, жигит официантқа:
— Бизге салфетка менен зубачистка бериң, – десе, қыз:
— Яқ болды, мен тойдым, – деген екен.
*** *** ***
— Жолдас милиционер, күйеўимди усы бүгин-ақ таўып бериң. Мен күйеўимди жақсы көремен, күйеўимсиз дүнья көзиме қараңғы. Табыңлар, излеңлер күйеўимди!
— Апа, сәл өзиңизди басып алың. Бир басынан айтың, күйеўиңиз қашан жойтылды?
— Бир ҳәптедей болды жойтылғанына, усы бүгин табасызлар ма?
— Неге енди тап бүгин табыўымыз керек?
— Бүгин күйеўимниң айлық алатуғын күни-дә!
*** *** ***
— Папа, «мужик» не дегени?
— «Мужик» дегени – өзи ислеп, пул таўып, шаңарағын бағатуғын адам!
— Папа, онда мен де үлкейсем мамаға уқсап «мужик» боламан!
*** *** ***
Тойдан кейин 2 ҳәпте жасаған ерли-зайып ажырасажақ болыпты.
– Не себептен ажырасажақсызлар? – сорапты судья.
– Себеби әпиўайы. Келин турмысқа таяр емес екен, – депти күйеў.
– Қалайынша таяр емес екен? – сорапты судья.
Күйеў болса депти:
– Азанда жуўыныў ушын моншаға кирсем, ол изимнен кирип жәнжел қылады да, суўдағы ҳәмме кемелеримди шөктирип жибереди.
*** *** ***
Еки дос қыз китаплар ҳаққында сәўбетлесип отыр:
– Сен қандай темадағы китапларды оқыўды жақсы көресең?
– Ҳәрқыйлы темадағы. Бирақ, қаҳарманлары көп болған китапларды оқыўды унатпайман!
– Неге?
– Қаҳарманлар көп болса, шалғып кетемен.
– Ондай болса достым, сен тек «Робинзон Крузо»ны оқыўың керек екен!
*** *** ***
Бай менен жарлы сәўбетлесип атыр.
Бай адам:
– Мениң 14 машинам, 3 автобусым, 2 кафем бар. Сенде не? – депти жарлыға.
Жарлы адам:
– Мениң улым бар, улымда болса қызың бар!
*** *** ***
Жатақханада бир студент шеригиниң үстинен күлмекши болып, стулди краска етип қойыпты. Шериги есиктен кире сала бирден сөйлейжақ болса, оған:
– Алдын стулға отырып ал. Мине енди айта берсең болады, – депти.
Кейин шериги:
– Жора, сеннен сорамай жаңа жинси шалбарыңды кийип турған едим, соны айтажақ едим, – деген екен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…