Базыда өмириңиздеги қурамалы жағдайларды өз бетинше шеше алмайсыз. Руўхый машқалалар раўажланыўға жол бермейди, өз үстиңизде ислеўге болған қәлеў жоғалады. Мине усындай ўақытларда машқаланы психолог жәрдеминде сапластырыў мүмкин. Қандай жағдайларда психологқа мүрәжат етиў усыныс етиледи?
1. Өтмишке байланып қалғансыз
Сиз бүгинги күн менен емес, ал өтмиштеги ўақыялар тәсири астында өмир кеширесиз. Болып өткен ислер ушын өзиңизди тынымсыз айыплайсыз, қәтелериңизди умыта алмайсыз. Сизди бирнеше жыл алдын қапа еткен адамның қылмысларын елеге шекем кешире алмағансыз.
Соны умытпаў керек, өтмиш пенен жасаў келешекке болған үмитти сөндиреди. Сана асты унамсыз пикирлер менен бәнт болып, жаңа ҳәм жақсы өзгерислерди тән алмайды.
2. Қыйыншылықлардан көп налыйсыз
Машқалаларыңызды өз бетинше шешиўге қыйналасыз. Сол себепли өмирден жүдә көп налыйсыз, буның артынан финанслық машқалалар да келип шығады. Негизинде болса машқала сыртта емес, ал сизиң өзиңизде.
3. Қорқыўларыңыз тыныш жасаўға имкан бермейди
Тыныш жасаўыңызға кесент беретуғын қорқыўларыңыз жүдә көп. «Мен ҳеш нәрседен қорықпайман», дейсиз бе? Буғын исенимиңиз кәмил ме?
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, адамлардың 85%и турақлы қорқыў менен турмыс кеширеди. Олар жақынларын тосаттан жойтып қойыўдан, аўыр кесел болып қалыўдан, пулсыз қалып кетиўден қатты қорқады. Психологлар болса әне усы қорқыўлардан қутылып, толық тәризли турмыс кешириўди үйрениўиңизге жәрдем береди.
4. Түскинликке жүдә тез түсесиз
Инсан не ушын түскинликке түседи, билесиз бе? Буның үш тийкарғы себеби бар: әтираптағы адамлардың тәсири, жүзеге келген жағдай ямаса өз қыяллары себепли. Бул сыяқлы жағдайларда сизге жақынларыңыз да көмек бериўи мүмкин. Бирақ, түскинлик жағдайы жүдә узақ даўам ететуғын болса, психологқа мүрәжат етиў усыныс етиледи.
5. Наўқассыз, дәрилер тәсир етпей атыр, шыпакерлер сизге жәрдем бере алмай атыр
Наўқас екенлигиңиз ушын тынбай шыпакерге қатнайсыз, ҳәр түрли дәрилерди ишип көресиз. Сонда да жеңилликти сезе алмайсыз, сезсеңиз де тез арада барлығы алдынғы жағдайға қайтады. Мине усындай жағдайда машқаланы өзиңизден излеп көриўге ҳәрекет етиң. Бул жағдайда сизге шыпакер емес, ал маман психолог жәрдем бериўи мүмкин.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…