Өзи отырған терек шақасын пышқылап атырған адам сүўретин көпшилик көрген. Бундай адамлар жәмийетте бәрқулла қараланады, мысқыллы түрде күлкиге алынады. Бирақ, зыянлы әдетлерге берилип, өз өмирине балта урып атырған жаслардың бундай адамлардан қандай парқы бар?!
Түнги кафелер, ресторан ҳәм барлардағы жасларға арнайы жасатылған столлар үстине нәзер таслаң: арақ ҳәм вино, коньяк ҳәм пиво шийшелери қатарынан бүгин энергетик ишимликлер де орын алмақта. Темеки түтинин пысқытып, кемине «қуўатбағыш» ишимликлерди симирип атырған аға-инилеримиздиң саламатлығы болса ҳәммемизди тәшўишке салыўы керек.
АҚШлы изертлеўшилер энергетик ишимликлер жүректеги QT интервалын (жүректиң электрик систоласы) орташа 2 саатта 10 миллисекундқа асырады, деген жуўмаққа келди.
«Егер миллисекундларда өлшенетуғын бул ўақыт аралығы ҳәдден тыс узын ямаса келте болса, жүрек урыўында үлкен өзгерислер жүз береди. Бул болса өмир ушын қәўипли болған аритмияға алып келиўи мүмкин», деп айтып өтти алымлар.
Энергетик ишимликлер нормадан зыят қабыл етилгенинде қанда глюкоза муғдары көбейип кетеди. Қанттың артықша бөлими майға айланады ҳәм инсулин организмде көбейип, қантлы диабетке алып келеди. Ең жаманы, адам бул ишимликке ықтыярсыз байланып қалады.
Шыпакерлердиң ескертиўине қарағанда, қуўатбағыш ишимликлер қысқа мүддетте организмге зыянлы тәсир көрсетип баслайды. Бирақ, қурамында ортофосфат кислотасы барлығы ушын буны сезбейсиз. Мәселен, 45 минуттан кейин дофамин ислеп шығарылыўы артып, бас мийде рәҳәтлениў, қанаатланыў орайын қозғатады. 70-80 минуттан кейин кери тәсир етиў ўақты басланып, организмде ҳәлсизлик жағдайлары бақланады. Қалаберди, энергетик ишимликлер нерв системасын истен шығарады. Руўхый кеселликлерге шатылыў қәўпи артады, адамларда топылыўшылық күшейеди. Балалардың зейини төменлеп, сабақларды өзлестириўи төменлеп кетиўи, майып, ақылы зайыл перзентлер туўылыўы тап усы иллетлердиң де асқыныўы, десек қәтелеспеймиз.
Солай екен, зыянлы әдетлерден өз ўақтында ўаз кешиў зәрүр! Бул негизимиз де, нәсилимиз де бузылмаўы ушын әҳмийетли шара есапланады!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…