Бүйреклердиң истен шығыўына себеп болатуғын әдетлер

RA-img

  


Қайта исленген гөш өнимлерин қабыл етиў

Сосиска, колбаса ҳәм усы сыяқлы қайта исленген өнимлер бүйреклер искерлиги ушын жүдә қәўипли саналады. Олардың дузға бай болғанлығы ушын бүйреклер натрийге күши жетиўи ушын зорығып ислеўине, сондай-ақ, көп муғдарда кальций ажыралып шығыўына туўра келеди. Кальций өз гезегинде бүйреклерде тас пайда болыўына себеп болады.

 

Шегиў

2012-жылда өткерилген изертлеўде, 16 жыл ямаса оннан көп ўақыт даўамында сигарета шегиўден ўаз кешиў, бүйрек клеткалары раги қәўипин 40 пайызға кемейтиўи анықланған. Қалаберди, шегиў қан-тамырларды зыянланыўына ҳәм қан басымының көтерилиўине де үлес қосыўы мүмкин.

 

Қан басымын қадағаламаў

Қан басымының жоқарылығы тек бүйреклерде емес, ал организмдеги барлық процесслер ушын да қәўипли есапланады. Гипертония бүйректи қан менен тәмийинлейтуғын қан-тамырларды, сондай-ақ, усы органның өзин де үлкен зыянланыўына себеп болады. Сол себепли де бәрқулла қан басымын қадағалап турыў ҳәм нормадан көтерилетуғын болса, итибарсыз болмастан шыпакерге хабарласыў тийис.

 

Аўырыўды қалдыратуғын дәрилерди нормадан зыят қабыл етиў

Көпшилик асқынланыўға қарсы, әсиресе, қурамында аспирин ҳәм ибупрофен болған дәрилер бүйреклердиң қан менен тәмийинлениўине унамсыз тәсир етеди ҳәм тыртықлар пайда болыўына алып келеди. Сол себепли де бул сыяқлы дәрилерди шыпакердиң көрсетпесине муўапық қабыл етиў, бүйрегинде машқаласы бар адамларға болса пүткиллей ўаз кешиў усыныс етиледи.

 

Аз суў ишиў

Күнине 1 ярым литрден аз суў ишиў саламатлыққа жаман тәсир етеди. Суў ишпеў организмде натрий муғдары қадағаланбаўына ҳәм қан басымының өзгериўине алып келеди. Сол себепли де шөллеўди күтип отырмастан, күнине кеминде 1 литр суў ишиў керек.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар