ПАЙДАЛЫ МӘСЛӘҲӘТЛЕР

RA-img

ПАЙДАЛЫ МӘСЛӘҲӘТЛЕР

 

  1. Уялы телефонды шеп қулағыңа тут.
  2. Кофени суткасына 1 реттен артық ишпе.
  3. Дәрини суўық суў менен қабыллама.
  4. Аўыр аўқатларды кешки саат беслерден кейин жеўши болма.
  5. Илажы барынша майлы аўқатларды аз тутын.
  6. Суўды азанда — көбирек, ал кеште азырақ иш.
  7. «Сотка зарядочниги»ниң қасында турма.
  8. Ең жақсы уйықлаў — түнги саат 10-нан азанғы саат 6-ға шекем.
  9. Зарядкасы 1 таяқшаны көрсетип турған болса, уялы телефоныңды пайдаланба. Бундай жағдайда телефонның радиациялық дәрежеси 1000 еседен де жоқары болады.

СУЎ ИШИЎ: ҚАНША ҲӘМ ҚАШАН?

 

Суў ишетуғын ўақытты ҳәм муғдарды дурыс таңлаўың керек — өйткени, бул жүдә әҳмийетли болып, организмниң мүмкиншиликлерин активлестиреди.

Ояна сала ишилген 2 стакан суў — ишки органларды активлестиреди.

Аўқатланыўдан 30 минут алдын ишилген 1 стакан суў — ас сиңириўге жәрдемлеседи.

Ванна қабыллаўдан, шомылыўдан алдын ишилген 1 стакан суў — артериаллық басымды төмен түсириўге жәрдемлеседи.

Уйықлардан алдын ишилген 1 стакан суў — инсульт ҳәм жүрек приступынан асырайды.

Күн даўамында чай, сорпа, газленген ҳәм т.б. ишимликлерден тысқары адам 2-3 л жыллы суў ишиўи керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар