СОРАЎ: – Перзентим 2 жаста. Оның иммунитети төмен болғаны ушын көп аўырады. Иммунитетти көтериў ушын не ислеўим керек?
ЖУЎАП: — Бала иммунитетиниң төменлеўи оның тез-тез аўырыўына себеп болады. Бундай ўақытта жас аналар перзентиниң иммунитетин көтериўге айрықша итибар бериўи тийис. Буның ушын жас аналарға төмендегилер усыныс етиледи:
– Баланың аўқатланыў рационын қайтадан көрип шығыў тийис. Имканы барынша аўқат рационын мийўе-палыз бенен байытыў әҳмийетли. Бундай ўақытта балаға чипслер, газли ишимликлер ҳәм басқа түрдеги зыянлы азық-аўқат өнимлери берилмейди.
– Бала организми ушын суйықлық жүдә әҳмийетли. Денеде суў муғдарының жетерли болмаўы оның қорғаныў системасына зыян жеткереди. Бул болса биринши гезекте баланың тери қабатына тәсир етеди. Суйықлықтың жетерли болмаўы қан қәсийетлерине де өз «өнерин» көрсетеди. Соның ушын балаға мийўе ҳәм палызлардан таярланған тәбийий компотлар ҳәм дәрили шөпли демлемелер берип турыў тийис.
– Витаминлер. Шыпакер қадағалаўында балаға витамин ҳәм минерал, соның менен бирге, иммунитетти көтериўши препаратлар буйырылады. Ҳәм, ең мақулы, тәбийий мийўе ҳәм палызларды жетерли муғдарда берген мақул.
– Уйқы. Баланың толық дем алыўына да итибар бериў керек. Уйқының нормада болмаўы иммунитеттиң төменлеп кетиўине себеп болады.
– Ҳәм ең әҳмийетлиси, перзентлерге тийисли муғдарда меҳир-муҳаббат берилген мақул. Оларды жақсы көриў тийис. Кейинги ўақытлары балларда усылар дефицит болып атырғаны ашынарлы ҳал. Оларға айрықша ўақыт ажыратып, олар менен ойнаў, бағларда, тәбият қушағында сейил етиў, түрли темаларда олар менен әңгимелесип отырыў – олардың иммунитетин әдеўир көтереди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…