КЕСЕК ЖЕЎ КЕСЕЛЛИК ПЕ?

RA-img

  


Сораў: Негедур балам кесек жеп баслады, бул әпиўайы жағдай ма ямаса кеселлик пе, халық медицинасында буған қалай қаралады? Толықлаў жуўап бериўиңизди сорайман.

Нурполат, Шымбай

 

Жуўап: Кесектиң тийкары топырақ есапланады. Уллы алым ҳәм тәўип Абу Али ибн Сино өзиниң «Медицина нызамлары» китабында төмендегише тәрийиплейди: «…топырақ әпиўайы нәрсе болып, оның тәбийий орны ҳәмме нәрселерден пәс баян етилген. Өзиниң тәбияты менен усы орынға сәйкес. Егер өз орнынан айрылса, және усы орынға қарап ҳәрекет етеди. Бул топырақтың улыўма аўырлығынан есапланады. Оның тәбияты суўық ҳәм қурғақдур».

Топырақ тәбияттағы жәми жансыз ҳәм жанлы нәрселердиң форма-сапасын сақлайды. Оларға қарата суўдың зыят ығаллық тәсири ҳәм қуяштың зыят ыссылық тәсирин теңлестирип турады. Пүткил жанзатларға керек болған азықлық дәреклерин өз қурамында жетерли муғдарда сақлайды. Топырақ қурамында кальций, темир, йод, магний, цинк сыяқлы ҳәм басқа химиялық элементлер бар.

«Медицина нызамлары»нда топыраққа қаншелли анық тәрийип берилгенин түсиндириўдиң кереги жоқ. Топырақтың қурғақ-суўық болыўы оның қурамы ҳәм тәбиятта тутқан орнына байланыслы есапланады.

Адам не ушын кесек жеўди қәлейди? Адам қалайынша кесекти жеўи мүмкин? Бул нормал адам аўқаты болмаса да, базыда оған организмниң талабы артады, өйткени, адамда тийкарынан темир дефицити, яғный кемқанлық (анемия), зат алмасыўының бузылыўы, кальций жетиспеўшилиги ҳәм соған уқсас дәм өзгерислери менен өтеди. Яғный, кесек, ҳәк, ун сыяқлы әдетий емес нәрселерди жеў қәлеўи пайда болады. Соның менен бирге, кремний киши элементи жетиспеўшилигинде де кесек жеў қәлеўи пайда болыўы мүмкин.

Кимде кесек жеў қәлеўи пайда болса, қандағы гемоглобин муғдарын тексертиў талап етиледи. Сондай-ақ, тийисли емлеў илажлары көрилип, темир сақлайтуғын дәри факторлары, витаминлер, соның ишинде, қурамында кремний элементин сақлайтуғын витаминлер буйырылады. Буларды қабыл еткеннен кейин, адамда кесек жеў қәлеўи өз-өзинен жоқ болады.

Улыўма алғанда, бундай мәселелерде ҳәр бир адам өз денсаўлығын итибарға алып, қәниге-шыпакер менен ойласқан ҳалда ис тутыўы керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар