Күлкитерапия

RA-img

  


Имтихан ўақтында профессор студенттен сорады:

– Неге буншелли ойланып қалдың? Мениң сораўларымдан қорқып атырсаң ба?

– Яғаў, мен өзимниң жуўапларымнан қорқып атырман.

*** *** ***

Есик қоңыраўы шыңғырлады. Үй ийеси есикти ашып, бир талай мийманларға көзи түсти.

– Ҳеш болмаса, ескертип қойсаңыз болар еди! – деди үй ийеси ашыўлаңқырап.

– Ескертсек, сени үйиңнен таба алмай қаламыз, деп ойладықта.

*** *** ***

Шотландиялы наўқас шыпакер алдынан шығып баратырып, оған еки жүз мың сум берди. Шыпакер өзин кемситилген есаплап, наўқастан сорады:

– Бул мийирбийкеге ме, маған ба?

– Бөлисип аларсызлар.

*** *** ***

– Ағайинлер, менде еки жаңалық бар: бири жақсы, бири жаман.

– Жақсысынан басла.

– Жаңадан шөлкемлестирилген газетамызға қәўендер табылды.

– Урааа! Енди жаманын айт?

– Ҳәзирше оның пулы жоқ екен.

*** *** ***

Бар-кафениң баслығы танысына деди:

– Қандай жоғалтыў-я?! Кеше турақлы клиентлеримизден бири қайтыс болды. Әжайып адам еди. Ҳәр күни отыз кружка пиво ҳәм еки литр спиртли ишимлик ишер еди.

– Неден қайтыс болыпты?

– Билмедим.

*** *** ***

– Бокс – ең зор спорт түрлеринен бири!

– Өзиңиз боксёрсыз ба дедим?

– Яқ, мен тис докторыман.

*** *** ***

Азиз минимаркетте саўда етип отырса, биреў жуўырып келип:

– Набат бар ма? – деп сорапты.

Азиз:

– Аўа, бар, – десе, жаңағы адам:

– Мазалы ма? – деген екен.

*** *** ***

Бир гөрсаўат бала институтқа оқыўға кирежақ болыпты. Имтихан ўақтында имтихан алыўшы жәрдем бермекши болып:

– Ал, айтың, рус-япон урысы қайсы мәмлекетлер арасында болған?

– Вариантлар бар ма, муғаллим? – деген екен.

*** *** ***

Ярым түнде үш мәс адам темир жолдан кетип баратырған екен. Бириншиси депти:

– Бул текше жүдә бәлент пе, не бәле? Жетпей кеттик-ғо!

– Услап шығыўға тутқышлары да төменде екен, – депти екиншиси.

Үшиншиси жеңил тынып алып:

– Зыяны жоқ, әне лифт киятыр, – деген екен.

*** *** ***

– Жора, ҳаялым менен урысып қалдық.

– Не болыпты? Бизлер де жәнжеллесип турамыз.

– Сизлерде ким биринши болып сөйлейди: ҳаялың ба ямаса сен?

– Әлбетте, ҳаялым.

– Қалайынша?

– Үйдеги вайфайды әстен өширип қояман. Ҳаялым дәрриў «Интернетти оңлап бериң» деп жалынып келеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар