ҚУЛАҚ ҲАҚҚЫНДА ҚЫЗЫҚЛЫ МАҒЛЫЎМАТЛАР

Сапура Бабажанова, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиника ЛОР шыпакери
RA-img

  


1. Қулағымыз тап мурнымыз сыяқлы пүткил өмиримиз даўамында өседи. Ҳәрбир адамның қулағы сыртынан да, ишинен де ҳәрқыйлы болады, бир-бирине уқсамайды.

2. Теңиз суў өгизин қулағымызға қойғанда келетуғын теңиздиң даўысы негизи вена тамырларында айланып атырған қанның даўысы.

3. Шаўқым адам иммунитетин төменлетеди. Алымлар 65 дб.ден жоқары даўыста пульс сезилерли дәрежеде жаманласыўы, 90 дб.ден жоқарыда болса тахикардияға алып келиўин дәлиллеген. Ҳәр бир үшинши адамда түнги клублар ҳәўескериниң ҳәм бәлент даўыста музыка тыңлайтуғынлардың 4-5 жылдан кейин сезилерли дәрежеде еситиўи төменлейди.

4. Туўма гереңлик диагнозы ата-анасының қулағында ҳешқашан қандай да бир машқала болмаған балаларда да ушырайды.

5. Қызамық, тепки, менингит ҳәм басқа инфекцияларға қарсы емлеў балалардың еситиў системасы искерлигиниң бузылыўының алдын алыўда унамлы нәтийже береди.

6. Еситиў аппаратлары еситиўинде машқаласы болған 90 пайыз адамларға нәтийжели жәрдем береди.

7. Планетамыздағы ҳәр оныншы адамның еситиўинде машқаласы бар, сол себепли оларға еситиў аппараты усыныс етиледи. Бирақ еситиў аппаратына мүтәжлиги бар ҳәр 5 адамнан 4 и еситиў аппаратынан пайдаланбайды.

8. Адам өз даўысын ҳаўа призмасы ҳәм денедеги суйықлық арқалы еситеди. Әтирапындағы адамлар даўысымызды басқашалаў, яғный «таза» еситеди. Әсиресе, аудио жазыўда өзиниң даўысын еситкен адам ҳайран болады, өйткени өзиниң даўысын танымайды.

9. Шегиртке алдынғы аяқлары жәрдеминде еситеди. Аяқлары шаўқым ҳәм даўысларға сезгир түклер менен қапланған.

10. Шала ямаса пүткиллей еситиў қәбилетин ҳәрқандай жаста жоғалтыў мүмкин. Төмендегилер тийкарғы себеп болыўы мүмкин: узақ ўақыт шаўқымлы орталықта болыў, антибиотиклер, нәсиллик кеселликлер, отит, инфекциялық ҳәм вируслы кеселликлер, жүклиликти аўыр өткериў ҳәм т.б.

11. Ҳаяллар ер адамларға қарағанда жақсы еситеди, әсиресе, жоқары тонда сөйлескенде. Бирақ ер адамлар даўыс келип атырған аралықты ҳәм оның жөнелисин жақсы анықлайды.

12. Еситиў менен болатуғын машқалалардың тийкарғы себепшиси шаўқымлар есапланады.

13. Адам бир нәрсе еситиўди қәлесе, тек оң қулақ даўыс дәрегине қарап ҳәрекет етеди.

14. Наушниклерден көп пайдаланыў ақыбетинде еситиў органларына зыян жетиўи мүмкин. Қулақ тесиклери алтынкүкирт ислеп шығарады, қулақ ишиндеги майда түклер болса оларды сыртқа ийтерип шығарады.

15. Мектеп оқыўшыларының үштен бириниң жаман өзлестириўине себеп, еситиўиндеги машқала есапланады.

16. 60 жастан үлкен болған дүнья халқының ярымынан көбинде еситиў менен байланыслы машқалалар пайда бола баслайды, солардан 40 пайызында еситиў үскенелерине мүтәжлиги бар.

17. 140 дб.ден жоқары болған даўыс ҳәп заматта еситиў қәбилетине зыян жеткереди. Адам ушын 90 дб.диң өзи-ақ қәўипли есапланады. Адам еситетуғын ең киши даўыс 0 дб.ге тең.

18. Пиллер тек қулақтан емес, ал тумсығы ҳәм аяқлары менен де еситеди.

19. Адамлар даўысларды еситиў мүмкин болған частоталар аралығына даўыс ямаса еситиў диапазоны делинеди. Бул диапазоннан жоқары даўыслар, әдетте, ультрадаўыс деп аталады. Оннан төмендегилери болса инфрадаўыс деп аталады. Пиллер ҳәм китлер көбинесе өз қанласлары менен байланыс етиў ушын инфрадаўыстан, ийтлер ультрадаўыстан, жарғанатлар болса сонар сыпатында бәлент даўыслардан пайдаланады.

20. Ҳәрқандай адам, ҳәтте еситиў менен байланыслы машқалалары болса да бирнеше даўысларды ажырата алады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар