Адамзат тәбияты қызық. Я суўыққа, я ыссыға шыдамайды. Қыста жазды, жазда болса қысты қәлейди. Негизинде, ҳәр пасылдың өз зийнети бар. Тийкарынан, жаз қуяшының да денсаўлық ушын пайдасы көп.
Биологлар мыс қайнаған ыссыда қуяш нурынан қорғаныў оғада әҳмийетли деп есаплайды. Өйткени, бул ўақытта ультрафиолет нурлар тәсири күшейеди. Соны итибарға алып, күндиз саатларда ашық ҳаўада мәўсимге сәйкес бас кийим кийиў ямаса саябан тутыў керек. Ҳаўа өткеретуғын материалдан таярланған кийим ҳәм қуяш нурын қайтаратуғын көзәйнек те үлкен пайда береди. Қуяш нуры астында ислеў зәрүрлиги туўылғанда денемиздиң суўға болған мүтәжлиги ҳәрқашанғыдан артады. Бул мүтәжликти қандырыў ушын көк шай, соклар ҳәм күнине 2-3 литр суў ишиў мақсетке муўапық. Сондай-ақ, қыяр, помидор, ғарбыз, қаўын, алма, ерик, капуста сыяқлы мийўе-палызларды қабыл етиў арқалы да денемизди суўсызланыўдан сақлаў, витамин, минерал элементлер менен тәмийинлеў мүмкин.
Буннан тысқары, қәнигелер мәўсимде пал, набат, қазы, кофе, алкоголь ишимликлери, майлы, ашшы ҳәм қыйын сиңетуғын аўқатларды имканы барынша аз қабыл етиўди усыныс етеди. Себеби бундай өнимлер жүректи күйдиреди, артықша терлеўге себеп болады. Ақыбетте организмнен пайдалы минерал дузлар шығып кетиўи айырым кеўилсизликлерди келтирип шығарады.
Мыс қайнаған ыссының және бир қолайсызлығы – ләңлик, тез шаршаў, қан-тамырлар, пүткил организм искерлигинде талығыўды келтирип шығарады. Бунда ақшам ўақты шым ямаса шебин таслар үстинде жалаң аяқ жүриў керек. Себеби аяқтың асты ҳәм табанында барлық ишки органлар искерлигине тәсир ететуғын ноқатлар жайласқан. Бул ноқатлар ҳәрекетленсе мий, жүрек, бүйрек, өкпе, асқазан-ишек системасы, баўыр, талақ, өт қалта сыяқлы органлар искерлиги нормалласады.
Сылдырлап ағып атырған дәрья суўы да салқынланыўымызға жәрдем береди. Ыссыдан шаршаған адамның бәри муздай суўда шомылыўға асығады.
Қәнигелер болса ыссы күнде муздай суўға түсиў ақыбетинде қан-тамырлар тартысыўы, нерв-руўхый системада да айырым қолайсызлықлар келип шығыўы ҳаққында ескертеди. Соның ушын шомылыўдан алдын салқын жерде бираз отырып, денени суўытыў керек. Сондай-ақ, бундай ўақытта физикалық шынығыўлар орынлаў қадаған етиледи. Бул ҳәрекетлер жүрек искерлигиниң бузылыўына, күн өтиўине себеп болыўы мүмкин. Егер денеде қызарыў, кеўил айнып, қайтарыў, қалтыраў ямаса ҳуўыштан кетиў бақланса – бул күн өткениниң белгиси. Бундай жағдайда жәбирленген адамды қыстаўлы түрде салқын жерге өткерип, муздай шай ямаса суў ишириў керек. Сүлгини ығаллап етти, тамақ, мойын ҳәм геўде бөлимлерин ысыў лазым.
Қулласы, ҳәр қандай ҳаўа райында да саламат ҳәм хош кеўил болыў өзимизге байланыслы. Жаз мәўсими ыссысында дурыс ҳәрекетленилсе – пайда, керисинше болса – зыян көриўиңиз анық.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…