Даўа мақсетинде ыссы қумнан пайдаланыў — ыссылық пенен даўаланыў усылларынан бири есапланып, медицинада «псаммотерапия» деп аталады. Алымлардың айтыўына қарағанда, қум ыссылықты жақсы жутып, өзинде сақлап турады, нәтийжеде денеден шыққан тер қумға сиңип, адам қызып кетпейди, ҳәттеки ыссылығы 60 градус болған қумда да наўқас өзин жақсы сезеди.
Медицина илиминиң султаны Абу Али ибн Сина «Тиб қонунлары» китабында былай деп жазады: «Егер қумға түсиўден ақылға муўапық пайдаланылса, организмде зат алмасыў жақсыланып, ол адамды күшли ҳәм тәндар етеди, тула-бойдағы артықмаш майлар ерип, пуўланады, созылмалы суўықлық ҳәм бас аўырыўы сапластырылады, мийдиң искерлиги жақсыланады».
Дәртине даўа тапқысы келген адам июнь айынан август айының ахырына шекем қуяш нурының ең максимал ысытқан саатында (14.00 ден 16.00 ге шекем) қумға түсиўи керек.
Ем ушын ыссы қумның үстки жуқа қатламы (0-5 см) қолланылады. Қумға түскен наўқастың қол-аяқлары ҳәм денеси (бас ҳәм жүрек областынан тысқары) 5-12 см қалыңлықтағы, 40-45 градус ыссылықтағы қум қатламы менен көмип қойылады.
Қумға түскенде наўқастың ашық қалған жерлери ақ пенен жабылады. Бас астына арнаўлы көпшик қойылады. Соң зонтик саябан болып, ара-арасында бас суўық суў менен ығаллап турылады. Улыўма алғанда, қумға түсиў үлкенлер ушын — 15-20 минут, ал балалар ушын — 10-15 минут. Егер адам тек қолларын ямаса аяқларын қумға түсиргиси келсе, бул илажға 40-60 минут ўақтын ажыратса болады.
Бундай ем ўақтында наўқастың кейпияты ҳәм аўҳалы медициналық жақтан қадағаланып барылғаны мақул: қан басымы, жүректиң соғыўы (пульс), дене температурасы... Қум «ваннасының» даўамлылығы, қабыл етилиў жийилиги, сыпаты —наўқастың қулқына, патологиялық процесиниң кешиўине, улыўма аўҳалына, тәсиршеңлилигине байланыслы.
Ем тамам болыўы менен наўқас самал урмайтуғын ықтырмаға алып өтиледи. Денеси ҳәм ҳөл тердиң тәсиринде ығалланған қумлардан тазаланады. Оған ыссы суў бериледи. Наўқас ықтырмада терлеў процеси тамамланғанша отырғаннан соң, денесиндеги қумның қалдықлары жыллы суўда жуўып тасланады. Соң бир ярым, еки саат дем алыў усыныс етиледи. Қумға түсип болған адам санаўлы күнлер даўамында жыллы кийинип жүриўи керек.
Қум ваннасы күн-ара өткериледи. Даўалаў курсы 8-10 түсиўден ибарат болғаны мақсетке муўапық.
Қумға түсиўдиң организмге тәсири
- ыссы қум тәсиринде пүткил дене бир тегис қызады; соның есабынан организмде оксидлениў процеси, зат алмасыў күшейеди;
- қан ҳәм лимфа суйықлығының айланыўы жақсыланады;
- сүйек көмигинде қан ислеп шығарыў процеси күшейип, организмниң кеселликлерге қарсы иммунитети активлеседи;
- ыссы қум сүйек көмигин еритеди, нәтийжеде жаңа көмик ислеп шығылыўына шараят жаратылады;
- дене бойлап қан, лимфа айланыўы тезлесип, тула-бедендеги исиклер, артроз, артрит, неврит, радикулит, ревматизм, буўынлардың шамаллаўы, жатыр ҳәм мәйекликлердиң исиниўлери, невральгия қусаған дәртлер қумлық емлеўлер тәсиринде пүткиллей дүзеледи.
- қумның қурамында калий, кальций ҳәм магний карбонатлары бар; соның ушын да, қумға көмилип терлегенде тери жүзесинде карбонат ангидриди қабаты пайда болып, денениң кислород пенен тойыныўын тәмийинлейди.
Төмендеги кеселликлерде қумға түсиўге болады:
— таяныш-ҳәрекет ағзаларының созылмалы кеселликлери (артрит, артроз, омыртқа бағанасының остеохондрозы, булшық ет, шат, сүйек кеселликлери);
— перифериялық нерв системасы кеселликлери (радикулит, неврит, невральгия, полиневрит);
— орайлық нерв системасы кеселликлериниң асқыныўлары (полиомиелит, миелит, омыртқа дискиниң грыжасы операциясынан кейинги жағдай, балалардың церебраль параличи);
— гинекологиялық кеселликлер (ҳаяллардағы жынысый ағзаның исиниўи: созылмалы метроэндометрит, эндометрит, аднексит);
— урологиялық дәртлер (созылмалы простатит, эпидидимит, орхит);
— ас сиңириў ағзаларының кеселликлери (асқазан, он еки бармақ ишек жарасы кеселликлериниң ремиссия дәўири, созылмалы колит, созылмалы гепатит, тассыз холецистит).
Төмендеги кеселликлерде қумға түсиў қадаған етиледи:
— ағзалардың өткир исиниў жағдайы;
— қәўипли өспелер;
— жатыр миомасы;
— қан кеселликлери;
— қан кеткенде;
— туберкулёз;
— гипертониялық кеселликлердиң II ҳәм III басқышлары;
— ҳәмиледарлық дәўир;
— тутқанақ кеселлиги;
— жуқпалы кеселликлер.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…