Еле есимде, жаслық шағымызда үлкенлер бизге: «Адам бәрқулла шийрин сөзли болыўы ҳәм сәлемин ҳешкимнен аямаўы керек» деп нәсият етер еди. Сол себепли ме, жасы үлкен бе ямаса киши сәлемимди аямайман. Бирақ тилекке қарсы, бүгинги күнде сәлем бериў мына жақта турсын, ҳәтте жақынлары менен де сөгинип сөйлесетуғынлардың артып баратырғаны ашынарлы. Ең жаманы, бул жағдай, әсиресе, оқыўшылар, жас балалар арасында көп бақланбақта.
Жақында қызымның мектебине бардым ҳәм ол жердеги бир жағдайды көрип ҳайран қалдым. Тәнепис ўақтында коридорда ана жақтан мына жаққа жуўырып жүрген балалар бир-бирине сөгинип сөйлер еди.
Бир ўақытлар бизлер де мектепте оқығанбыз. Сонда да айырым оқыўшылардың сөгинип сөйлегенин еситип қалар едик. Сонда оқыўшылардан бири оған: «Сени муғаллимге, ата-анаңа, әжаға-әжапаңа айтып беремен» деп дәкки беретуғын еди. Нәтийжеде бол бала уялғанынан ямаса қорыққанынан басқа бундай етпеўге ҳәрекет етер еди. Ҳәзир не? «Сораў»ға жараса «жуўап» болып атыр. Оның үстине оған кимдур дәкки бермесе…
Бул жағдайдың гүўасы болғаннан кейин ойланып қалдым: не ушын бүгинги күнде сөгинип сөйлеў әпиўайы жағдайға айланып бармақта. Негизинде, сөгиниў кеселлик пе ямаса унамсыз әдет?
Сөгиниў – бул ишки психологиялық қарама-қарсылықтың саўатсыз шешими. Адам неге сөгинеди? Себеби ол көз алдында пайда болған машқалаға анық бир шешим таба алмайды. Бундай адамлар ҳәрқандай машқаланың шешимин бир нәрсе, яғный сөгиниў менен жаўып қоя қояды. Сөгиниў – мәдениятсыз адамға рәҳәтлениў сезимин беретуғын унамсыз бир жағдай.
Сөгиниў негизинде нәсилден-нәсилге өтетуғын әдет есапланады. Өйткени, сөгинип сөйлейтуғын адамның ата-анасы, ата-әжеси де шаңарақта сөгинип сөйлеген болады.
Сондай-ақ, cөгиниўге еликлеў сыпатында да қараў мүмкин. Себеби жумыста басшы сөгинип сөйлесе, оның қол астындағылар да тап сондай жол тутыўына «жасыл шырақ» жанады. Тилекке қарсы, сөгинип сөйлеўди емлеп болмайды. Бирақ буған қол қаўыстырып, тым-тырыс қарап отырыў да надурыс. Инсан характерин емлеп болмағанындай, сөгинип сөйлейтуғынларды да пүткиллей емлеўдиң илажы жоқ. Дурыс, психологқа усы мақсетте мүрәжат етилсе, жағдайды бираз жумсартыў жолларын тапса болар, бирақ жуўмақ сол адамның өзинде қалады.
Жоқарыда айтылғандай, сөгиниў кеселлик емес, ал унамсыз әдетлердиң бири есапланады. Зор қәниге бола тура сөгип сөйлейтуғын әдетиңиз болса, әтираптағылардың итибарынан шетте қала баслаўыңыз мүмкин. Себеби қатнасықта сөйлеў мәденияты айрықша орын ийелейди.
Сөгис еситип, кейпияты көтерилетуғын адам болмаса керек. Керисинше, бундай ўақытта адамның нервлери тартылады ҳәм онда белгили бир өзгерислер пайда болады. Бул болса өз гезегинде, саламатлыққа үлкен зыян жеткерип баслайды. Енди бир ойлап көриң: сиз өзиңиз ушын доссыз ба ямаса душпан?
Итибар берип қарасаңыз, сөгинип сөйлейтуғын адам көбинесе түскин кейпиятта жүреди, жумыслары жүриспейди, жүзинен нур кетеди… Сондай екен, жуўмақ өзиңизден.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…