Ҳәмилели болыўға таярланыў – өмирдеги ең әҳмийетли мәўрит

Саера Ешмуратова, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси, көп тармақлы поликлиникасының акушер-гинекологи
RA-img

  


Ҳәмилели болыўға таярланыў – бул өмирдеги жүдә әҳмийетли, жуўапкершиликли ҳәм де шешиўши мәўритлерден. Ески заманларда адамлар буны жүдә жақсы билген ҳәм түсинген. Олар тосаттан бала болып қалмайтуғынлығын, сол баланың туўылыўының өз нызамы ҳәм себеплери бар екенлигин аңлаған. Сонлықтан олар балалы болыў ушын шынтлап таярланған. Ҳәмилениң қандай ўақытта пайда болғаны келешектеги оның тәғдирине, минез-ҳулқына, қанша өмир сүриўине, жәмийеттеги абырайына тәсир етеди. Яғный адам өмириндеги әҳмийетли нәрселер дәл ҳәмиле пайда болған сәтте-ақ белгиленеди. Ески жазыўларда айтылыўынша, адамның қандай себеплер менен бул дүньяға келиўи оның келешек өмиринидеги ўақыяларды белгилеп береди екен.

Ҳәмилениң туўылыўы жүдә жуўапкершиликли ўақыт болып, оған – адамның тәғдири, ҳәмилениң туўылған ўақты, яғный сол сәттеги аспан денелериниң жайласыўы, ҳәм ата-ананың сол мәўриттеги кеўил-кейпияты, нийети тәсир етеди. Усы үш себепке байланыслы адамның кейинги өмири қәлиплеседи. Солардан екеўи ата-ананың ықтыярында ҳәм бул олардың туўрыдан туўры мәжбүрияты болып есапланады.

Ата-анаға бул билимлерди билиў оғада әҳмийетли, себеби сонда ғана олар бул дүньяға жақсы, әдиўли перзент келтире алады. Ески адамлар ҳәмилели болатуғын күнге жүдә қунт пенен таярланған. Себеби ата-ана ертеден таярлық көрмесе, сол күни зәрүр болған сыпатлардың барлығы оларда бирден пайда болып қалыўы мүмкин емес. Яғный, демек ата-ананың ҳәмилели болатуғын ўақытта денсаўлығы толық жақсы болыўы керек. Айтайық сизиң күн тәртибиңиз бузылған, сизде тийисли аўқатланыў тәртиби болмаса, күнделикли кеўил-кейпиятыңыз жақсы болмаса, ҳәмилениң пайда болыў ўақтында булардың барлығын бирден жөнге түсире алыўыңыз мүмкин емес. Сонлықтан дүньяға перзент шақырыўға қарар еткен ерли-зайыплар сол күнге узақ ўақыт таярланған.

Перзентли болыў ушын таярлықты кеминде ярым жыл алдын баслаў керек. Егерде таярлық 9 ай алдын басланса ҳәмиле жүдә сәтли болады деген билимлер де бар. Бул мәўлет ишинде организмди нәтийжели тазалаўға, таярлаўға болады екен. Ең баслысы бул дүньяға ҳақықый таза руўхты мирәт етиўди нийет қылыў керек. Ҳәмилениң жаралыў ўақты да оның туўылыў ўақтындай үлкен әҳмийетке ийе екенлиги сөзсиз.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар