Кейинги пайытлары психология ҳәм руўхый билимлерди үйрениў ғалабалық түс алмақта ҳәм бул қуўандырарлы жағдай. Өйткени, турмыстағы көп тәшўишлеримиз билимсизликтен келип шығады. Егерде адам бахытлы болыўды билмесе – оның бахытсызлыққа жолығыўы турған гәп.
Екиншиден, егерде адам өзи үйренбей, билим алмай бахытсыз болып қалса – бул аянышлы, әлбетте. Бирақ муқаддес китапларда жазылыўынша – егерде бир адам жәмийетке надурыс, бахытсызлыққа алып келиўши мағлыўматларды ҳақыйқат деп тарқатса – буның ақыбети надан болып күн кеширгеннен де жаман.
Сиз базардың нәл сататуғын бөлимине алмурттың нәлин алыўға барсаңыз ҳәм сизге солмандағы нәл сатыўшысы «Мынаны алып бағыңа ек, бул – алмурттың нәли. Үш жылдан кейин шийрин мийўе береди, алмуртқа тоясыз, аўысқанын сатып қәрежетли де боласыз» десе – сиз оған исенесиз, солай емес пе? Себеби сиз базарда нәл сататуғын жердесиз. Сиз сол нәлди ектиңиз, үмитлер менен бирнеше жыл әлпешлеп өсирдиңиз… Бирақ ол алмурт болмай шықса – сизиң кеўлиңизде нелер кешкен болар еди? Басқа адамлардың кеўлинде ше? Демек, барлық сатыўшыларға исениўге болмайды екен, исенимли, өзлериниң бағы бар ҳақыйқый дийханларды табыў керек. Базарда нәл сатып турғанлардың барлығы дийхан емес! Олар тек қарыйдардың кеўлине унайтуғын сулыў етип сөйлеўди биледи.
Не ушын буларды жазып атырман? Буннан бирнеше айлар алдын, бир группада мынадай абсурд мағлыўмат тарқатылды:
«Келин ата-ене хызметинде жүриў шәрт пе?
Сиз ата-ене менен бирге жасаўды қәлемесеңиз, бөлек жасаң. Бул арқалы сиз ата-енениң раўажланыўы ушын қайтама жәрдем берген боласыз. Яғный, олар финанслық тәрептен өзлерин өзи тәмийинлеў арқалы раўажланады.
Екинши тәрептен, өмир ушын ҳәрекетте болыўы арқалы физикалық көп ҳәрекетке мәжбүр етеди. Нәтийжеде денсаўлығы жақсыланады.
Баламнан өзиме қайтпай ма? деп қорқыўдың орнына, мен де келешекте балам менен келинимди бөлек жасаўға жиберемен деп ойлаң…»
Шығыстың менталитетине улыўма туўры келмейтуғын батыс психологиясының әпиўайы мағлыўматлары. Усыларды Ташкентте қыз-жигитлерге оқытса, олар өз нәўбетинде журтымызда тарқатса…?!!! Бул мағлыўматлар көпшилик жасларға унайды. Өйткени оның тийкарында хызмет етпеў, өзиңниң қара басыңның ғамын ойлаў, яғный эгоизм жатырыпты. Басқаларға хызмет етиўди үйретиўден хызмет етпеўди үйретиў, оны дәлийллеў («… раўажланады, жақсыланады…») аңсат.
Көзлериңиз бар, оқый аласыз. Қараң, батыста не болып атыр… Ояқта, шаңарақ жоғалып кетти. Илимпазлардың «Жақын 40-50 жылда батыс халықлары жоғалып кетеди» деген болжаўлары да бар. Олардың орынларын араблар, түрклер, африкалылар ийелеп атыр.
Шаңарақта бахытлы болыў қыйын. Буның ушын шаңарақта шараятлар жаратылыўы тийис. Адамның қәлеўлери әҳмийетли емес. «Қәйткенде дурыс болады? Не еткенде бахытлы бола аламыз?» – мине усылар, яғный бахытлы болыўға әкелетуғын билимлер әҳмийетли.
Руўхый психологияда айтады – шаңарақта бахытлы болыў ушын онда үш әўлад бирге жасаўы тийис делинеди. Яғный, ата ҳәм әже, әке ҳәм ана, ҳәм олардың перзентлери. Не ушын? Бир психологлардың айтқаны ушын емес, ал муқаддес дәреклерде усылай айтылған. Логика бойынша да дурыс келеди.
Және шығыс руўхый психологиясында айтады – адам 50 жастан кейин активлиликти азайтыў керек, көбирек ўақытты дин ҳәм руўхыйлықты үйрениўге бағышлаў лазым. Буның ушын перзентлери оларға хызмет етиўи лазым. Логика бойынша булда дурыс. Қандай адам сени туўған, оқытқан, шоқытқан ата-анаңнан бөлек шық, олар өз күнин өзлери көрсин деп айта алады?
Сонлықтан, ҳүрметли дослар, интернет тармақларында, семинарлар, вебинарларда берилип атырылған мағлыўмат ҳәм билимлерге итибарлы, дыққатлы болыўға шақыраман. Арасында бузғыншы мағлыўматлар кетиўи мүмкин ҳәм буның ушын жуўапкершилик ҳәммемиздиң мойнымызда болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…