ЖАҚСЫ ƏДЕТЛЕР ӨМИРДИ УЗАЙТТЫРАДЫ…

Алламбергенова Айнура Жеткерген қызы, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бакалавр бөлими дене мәденияты факультети 2-курс студенти
RA-img

Күнделикли турмысымызда жүдә әпиўайы, бирақ денсаўлыққа пайдалы әдетлер көп болып, оларға турақлы түрде әмел етилгенде өмирди узайттыратуғынлыгы дәлилленген. Сиз де бул ҳаққындағы дүнья алымларының анықлаған мағлыўматлары менен танысың ҳәм усынысларды әмелде сынап көриң!


Айтылған ўақыттан кешикпеў

Перзентиңизди мектепке алып барыўыңыз керек, бирақ жолдағы машиналардың тығылыспасы себепли кешигип атырсыз. Ямаса азанда уйқылап қалып, «баслығымнан дәкки еситпейин» деп көшеге асығып шықтыңыз. Белгиленген жумыс ўақтынан ярым саат кеш барасыз. Бундай жағдайларда өзиңизди қалай тутасыз? әлбетте, ашыўланыў, қәўетер, қорқыныш пайда болады. Соң булар кейпиятыңызға тәсир етип, түскинлик, мийнет өнимдарлығының пәсейиўин ҳәм шыртылдақлықты келтирип шығарады. Сондай-ақ, сиздеги өзгерислер әтирапыңыздағыларға да кери тәсирин тийгизбей қалмайды.

Инглис алымлары бундай жағдайлардың тез-тез тәкирарланыўы инсан өмирин 3 жылға қысқартады, деген жуўмаққа келди. Хош, кешигип жүрмеў ушын не қылыў керек? Дәслеп, күн тәртибин дурыс шөлкемлестириў, ҳәр күнги жумысларды жоба тийкарында алып барыў лазым. Соның менен бирге, өзиңизде жуўапкершилик сезимин де қайта тәрбияласаңыз мақсетке муўапық болады.

 

Спорт пенен досласыў

Денсаўлық ушын пайдалы әдетлерди баслаўға ҳешқашан кеш болмайды. Ҳәтте жасыңыз 40-50 де болса да, турмыс тәризиңизге қандай да бир жаңалық киргизиўиңизге болады. Алымлардың изертлеўлерине қарағанда, ҳәр күни 25 минут пияда жүриў, суўда жүзиў яки велосипед айдаў сыяқлы физикалық ҳәрекетлерди орынлаған адамлар басқаларға қарағанда шыпакерлерге кемирек мүрәжат етеди. Физикалық жақтан шыныққан организмде қан айланысы жақсы болып, булшық етлер ҳәм буўынлар менен байланыслы машқалалар болмайды.

 

Денеңиз ләззет алсын

Қыялыңызды түрли ой-пикирлерден азат қылып, ҳәр күни 25 минут даўамында медитация менен шуғылланың. Бул усылды алға сүрип атырған Карнеги-Меллон (АҚШ, Пенсильвания) университети қәнигелери әйне руўхый азықлық өмирди 2-3 жылға узайттырыўы мүмкин екенлигин айтпақта. Медитация ушын арнаўлы таярлық ямаса оқыў қолланбалары шәрт емес. Үйде бир өзиңиз жалғыз болғаныңызда ямаса жумыслардан артып, қолайлы ўақыт табылғанында көзлериңизди жумың да, дененизди босастырың. Ҳеш нәрсени ойламаң. Тек ғана дем алың, дыққатыңызды тек дем алыў ҳәм шығарыўға қаратың. Ойыңызда 100 ден 0 ге санасаңыз болады. Медитация процессинде тынышлық бермей атырған машқалаларды умытасыз, ақылый активлигиңиз артады, гормональ жағдай жақсыланады, әҳмийетлиси – нервиңиз тынышланады.

 

Таза ҳаўа – тәнге даўа!

Итибар берген болсаңыз, ата-апаларымыз ерте сәҳәрде көшеде яки ҳәўлиде сейил етиўди унатады. Бул әдет организм ушын пайдалы екенлигин билгениңизде еди, сиз де олардың қатарына қосылған болар едиңиз. Таңғы ҳәм кешки аўқаттан кейин сейил етиў ас сиңирилиўине унамлы тәсир етип, қан басымын жақсылайды.

Қубла Калифорния университети алымларының өткерген изертлеўлери әйне усы темаға қаратылған болып, 55 жастан асқан адамлардың яд имканиятлары үйренилди. Анықланыўынша, ҳәр күни ашық ҳаўада сейил етиўге әдетленгенлердиң ақыл хызмети жасқа байланыслы өзгерислерге қыйыншылықларсыз төтепки бере алады. Сейил етпейтуғын, кем ҳәрекетлилер болса жасларына қарағанда ертерек қартайыўы мүмкин. «Сейил ушын тек ғана дем алыс күнлери ўақыт таба аламан» дейтуғынларға шыпакерлер азанғы дене тәрбиясы шынығыўларын усыныс етеди. Егер шынығыўларды ҳәўли ямаса бағда орынласаңыз, пайдасы және де артады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар