Жылдан жылға жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери жасарып бармақта. Шыпакерлер ер адамларда инфаркт белгилерин ҳаяллардикине қарағанда жақсырақ биледи. Ҳаялларда жүрек машқалаларының пайда болыўы сезилерли дәрежеде парықланады.
Исик
Егер аяқларда, ҳәм әсиресе, тобықларда исик пайда болғанын сезсеңиз, илажы барынша тезирек шыпакерге хабарласың: бул жүрек клапанының надурыс ислеўинен дәрек болыўы мүмкин. Суйықлық топланып қалыўы, жүрек қанды айдай алмаўы жүрек жетиспеўшилигине алып келеди.
Бас аўырыўы
Бас аўырыўы, әсиресе, бас айланыўы менен биргеликте жүрек машқалаларын көрсетиўи мүмкин. Егер бас аўырыўы әззилик пенен өтетуғын болса, мысалы, тез-тез аязлаў менен бақланса, қыстаўлы тәризде кардиологқа хабарласыў лазым: бул жүрекке бир нәрсе болғанлығын, қанның керекли дәрежеде кислород пенен тойынбағанлығын билдиреди.
Асқазан аўырыўы
Ҳаялларда инфарктты кеш диагнозлаўдың ең кең тарқалған себеплеринен бири аўырыў тиккелей жүректе емес, оның әтирапында жүзеге келгенине исениў есапланады. Гастритке уқсаған асқазан аўырыўы да жүрек кеселликлериниң ең кең тарқалған белгилеринен бири. Егер тез-тез жүректиң күйиўи ямаса қарын аўырыўы бақланса, жүрегиңизди тексертиң.
Ҳуўыштан кетиў
Ҳуўыштан кетиў қан басымының төменлеўи, жүрек машқалаларының белгиси де болыўы мүмкин. Егер ҳуўыштан кетиў ара-арасында бақланып атырса, қәўетерлениўдиң кереги жоқ. Бирақ турақлы ҳуўышты жойтыў жағдайларында, әлбетте, шыпакерге хабарласың.
Бас айланыўы
Егер турақлы тәризде бас айланатуғын болып қалса, бул артерияға қан тығылып қалыўы ямаса жүрек клапанлары ислемей қалыўы менен байланыслы.
Қысылыў сезими
Инфаркттың көриниўи жүрек тараўында болмайтуғын және бир жағдай: инфарктты басынан өткерген көплеген наўқаслар буннан алдын белдиң жоқары бөлиминде басым сезгенлигин айтады. Есте сақлаң: егер денеңиздиң жоқары бөлегинде қандай да бир нәрсе қысылып атырғанын сезсеңиз, әлбетте, шыпакерге хабарласың.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…